Кегейлиде байрам қуўанышлары кең түрде белгиленип өтилди
⚡Ғәрезсизлик ата-бабаларымыздың әсирлер даўамында асығып күткен арзыў-үмитлериниң жемиси.
Ғәрезсизлигимиз арқалы беккемленип турған тынышлығымыз болса халқымыздың бийбаҳа байлығы. Тыныш-татыў ғәрезсиз елге болса байрамлар жарасады.
Бүгин Кегейли районында θзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 32 жыллығы мүнәсибети менен "Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын" сүрени астында байрам илажы болып өтти.
Онда район ҳәкими Айбек Камалов районымыздың ғәрезсизлик жылларында ерискен жетискенликлери, қолға киргизген табысларына тоқталып өтти ҳәм гүллан халқымызды байрам менен қутлықлады.
Байрам қуўанышлары көркем-өнер шеберлери тәрепинен таярланған сазлы намалар, йошлы қосықлар менен даўам еттирилип, район халқына өзгеше заўық бағышлады.
Байрам салтанатына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасты.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial