Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.9K subscribers
31K photos
3.19K videos
63 files
4.94K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёевнинг "Марказий Осиё – Хитой" саммитидаги нутқи

Выступление Президента Республики Узбекистан Шавката Мирзиёева на саммите «Центральная Азия – Китай»

Address by the President of the Republic of Uzbekistan Shavkat Mirziyoyev at the Central Asia-China Summit

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Арнаўлы_видеоролик
#Брифинг

#Балалар напақасын тайынлаўда инсан факторы араласпайды!

#Жоқарыдағы видео арқалы балалар напақасын бағдарламаға киргизиўдиң тәртибин билип алсаңыз болады.

#Бул бойынша Пенсия қоры Кегейли районы бөлими баслығының орынбасары Алишер Базарбаев түсиник береди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

kegeyli.uz|Facebook|Instagram|YouTube|
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақстан_телеканалы
#Хабар_бағдарламасы

Кегейлиде ҳүкиметимиздиң 408 ҳәм 500-санлы қарарлары тийкарында ишки көшелерде қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта.

kegeyli.uz|Facebook|Instagram|YouTube|
КЕГЕЙЛИДЕ "ҮШ ӘЎЛАД УШЫРАСЫЎЫ" ӨТКЕРИЛДИ

Кеше, бүгин ҳәм келешек. «Үш әўлад ушырасыўы» деп аталатуғын бул сɵзде үлкен мәни бар. ϴтйкени, жасы үлкенге ҳүрмет, жас кишиге иззет көрсетиў халқымызға тән пазыйлетлерден. Соӊғы жыллары елимизде бул дәстүр аўладтан-әўладқа даўам етип, үш әўладты бирлестирмекте. Бүгин районымыздың пайызлы орынларының биринде “Үш әўлад ушырасыўы” илажы өткерилди. Илажды Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов кирис сɵз бенен ашып, турмысымызда үлкен тәжирийбе мектебин жаратып үлгерген нураныйларымыздың ɵмир жолы менен мол турмыс тәжирийбеси бүгинги әўладқа ɵрнек болатуғынлығын айрықша атап ɵтти. Илаж даўамында бир қатар нураныйларымыз естелик саўғалары тапсырылды ҳәм илаж концерт бағдарламасы менен даўам еттирилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети  
@kegeylirkuzofficial
#Jaslar_isleri_agentligi
#Bes_baslama_olimpiadası
#Kásipler_tańlawı
#Shashtárezshilik

✂️ Búgin Kegeyli rayonı Nurlı bostan MPJ aymaģındaģı shashtárezxanada "Bes baslama olimpiadası" sheńberinde kásipler tańlawınıń shashtárezshilik jónelisi boyınsha 18-30 jas aralıģındaģı jaslar arasında jarıstıń rayonlıq basqıshı bolıp ótti.

⚡️⚡️"Shashtárezshi" tańlawına sektor basqıshında 1-orındı alģan 18-30 jas aralıǵındaģı jaslar qatnastı. 

🏆 Tańlaw juwmaģı boyınsha
🥇- orındı Xıtaybekov Aziz Abat mákán MPJ;
🥈- orındı Baymuratov Miyras Gújim terek MPJ;
🥉- orındı Keńesbaev Nadirbek Abat APJ iyelep Jaslar isleri agentligi Kegeyli rayonlıq bólimi tárepinen diplom hám miynet quralların satıp alıw ushın arnawlı voucherler menen sıylıqlandı.

@kegeylirkuzofficial
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қарар_ҳәм_оның_орынланыўы
#408_санлы_қарар_әмелде

Қуяшлы МПЖ ның "Қуўаныш" көшесине Өзбекстан Республикасы Президентиниң 408-санлы қарары тийкарында 1 км аралықтағы ишки жолға қара асфалть қапламасын төсеў жумыслары әмелге асырылмақта. Көше турғынлары буннан қуўанышлы.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

kegeyli.uz|Facebook|Instagram|YouTube|
Қабыллаў

Пуқаралар район ҳәкимине мүрәжат етти

Белгиленген реже тийкарында ҳәр ҳәптеде өткерилип атырған қабыллаўлар, пуқаралардың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларға унамлы шешим табыўы менен әҳмийетли болмақта. Бүгин Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратовтың райондағы Халық қабыллаўханасы менен биргеликте нәўбеттеги қабыллаўы өткерилди. Қабыллаўда келип түскен мүрәжатлар тийисли тәртипте үйренилип, орынланыўы қадағалаўға алынды. Сондай-ақ, алдынғы өткерилген қабыллаўларда еткен мүрәжатлары унамлы шешилген пуқаралар болса район басшыларына өз миннетдаршылықларын билдирди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

kegeyli.uz|Facebook|Instagram|YouTube|