Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.83K subscribers
30.8K photos
3.17K videos
63 files
4.9K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
Сектор баслығының гезектеги қабыллаўы

Бүгин Кегейли районы прокуроры 2-сектор баслығының «Жылўан жап» МПЖ аймағында пуқаралар ҳәм жаслар менен көшпели қабыллаўы өткерилди. Қабыллаў даўамында тийкарынан ишки жолларды оңлаў, электр тәмийнатын жақсылаў, қыйтақ жерлерин ағын суў менен тәмийинлеў мәселелеринде мүрәжатлар ҳәм пикир усыныслар тыңланып, билдирилген машқалаларды унамлы шешиў мақсетинде тийисли тараў басшыларына көрсетпелер берилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⚡️9 - май "Еслеў ҳәм қәдирлеў күни" мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги хабарлайды

Каналға ағза болыў
Пуқаралардыӊ мүрәжатлары тыӊланды

Бүгин, 2023-жыл 8-май күни Кегейли районы 4-секторға қараслы "Қумшунгул" аұыл пуқаралар жыйының имәратында пуқаралардың мүрәжатларын үйренип шығыў мақсетинде 4-сектор баслығы тәрепинен көшпели қабыллаў өткерилди.

Көшпели қабыллаў даўамында пуқаралардың аймақтағы комуналлық хызмелер сапасын және де жақсылаў, исбилерменлик пенен шуғылланыў ушын кредитлер ажыратыў, напақа пул тайынлаў бойынша жоллаған мүрәжатлар 4-сектор тәрепинен қадағалаўға алынып, мекеме ҳәм шөлкемлерге үйренип шығыў ушын тапсырмалар берилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
#Жаслар_жетискенликлери

Спорт

Усы жыл 4-7 май аралығында Ташкент ўәлаятында спорттың велоспорт (Mauntain bike) бойынша Ѳзбекстан чемпионаты болып ѳтти.

🏆Чемпионатта қатнасқан райондағы 23-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы, Кегейли спорт мектеби тәрбияланыўшысы Ғәнибаева Нургүл командалық эстафета жѳнелисинде 1-орынды ийелеп, Ѳзбекстан чемпионы болды.
Спортшының жетискенлиги менен кутлықлаймыз.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
➡️@kegeylirkuzofficial
Audio
#9_май_Еслеў_ҳәм_қәдирлеў_күни

ҲӘСИРЕТ ҲӘЎИРИ

1941-1945-жылларда екинши жер жүзилик урысқа қатнасқан ҳәм Жеңиске себепши болған журтласларыма бағышлайман.

Халила ДӘЎЛЕТНАЗАРОВ,
Қарақалпақстан халық шайыры

Биринши бөлим

@X_Dauletnazarov
Audio
#9_май_Еслеў_ҳәм_қәдирлеў_күни

ҲӘСИРЕТ ҲӘЎИРИ

1941-1945-жылларда екинши жер жүзилик урысқа қатнасқан ҳәм Жеңиске себепши болған журтласларыма бағышлайман.

Халила ДӘЎЛЕТНАЗАРОВ,
Қарақалпақстан халық шайыры

Екинши бөлим

@X_Dauletnazarov
Ҳүрметли урыс ҳәм мийнет фронты қатнасыўшылары!

Бүгинги даңқлы сәнени шексиз қуўаныш соның менен бирге терең қайғы-ҳәсирет пенен еслеймиз. Ўатан азатлығы ушын, ҳәзирги тыныш ҳәм татыў күнлер ушын саўаш майданларында аманатын тапсырған ата-бабаларымызды, фронт артында пидайы мийнет еткен ўатанласларымыздың муқәддес естелигин яд етип, ҳүрметимизди билдиремиз.

Сиз әзиз ҳәм даңқлы ветеранларымыздың теңсиз қаҳарманлықларыңыз пүткил инсаният тарийхына мәнгилик өшпейтуғын, уллы, өз алдына бир бет сыпатында жазылғанлығын терең миннетдаршылық пенен атап өтемиз.

Теберик жасқа жетип, бүгин арамызда саў-саламат, дуўалы болып жүрген урыс ҳәм мийнет фронтының барлық жаўынгерлерине және бир мәрте жоқары меҳир ҳәм ҳүрметимизди инәм етип, олардың барлығына шын жүректен рахмет айтамыз.

Турмыстың аўыр ҳәм ашшы сынаўларын мәртлерше жеңип өткен Сиз, әзизлердиң елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, жасларды Ўатанға мухаббат ҳәм садықлық руўхында, жетик инсан етип тәрбиялаўға қосып атырған мүнәсип үлесиңизди халқымыз жақсы биледи.

Сизлердиң уллы қаҳарманлықларыңыз ҳәм пидайы хызметлериңиз ушын бәршемиз бас ийип тәжим етемиз.

Гүллән халқымызды бүгинги байрам менен қутлықлап, беккем ден саўлық, шаңарағыңызға аўызбиршилик, ийгиликли ҳәм машақатлы жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз!

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы