Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.91K subscribers
28.4K photos
2.86K videos
57 files
4.38K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
#Рәсмий_хабар

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНДАҒЫ УЛЫӮМА БИЛИМ БЕРИӮ МЕКТЕПЛЕРИНДЕ 12-ЯНВАРЬ КҮНИНЕН БАСЛАП ДӘСТҮРИЙ ТӘРИЗДЕ ОҚЫӮ БАСЛАНАДЫ

Узгидрометрология орайының хабарына көре, 11-18-январь күнлери республикамызда күндизги ӯақытлары ҳаӯа-райының кескин төменлеп кетпейтуғынлығын есапқа алып, 2023-жылдың 12-январь күнинен баслап Қарақалпақстан Республикасындағы барлық улыӯма орта билим бериӯ мектеплеринде оқыў процеси басланыўы белгиленди.

Усы тийкарда улыӯма орта билим бериӯ мектеплеринде оқыў процеси 2023-жылдың 12-январь күнинен баслап дәстүрий (офлайн) тәризде басланатуғынлығын мәлим етемиз.

Сондай-ақ, 12-18-январь күнлери барлық улыӯма орта билим бериӯ мектеплеринде ҳәр қандай мәжилислер, илажлар, оқыӯшылар ушын қосымша дөгереклер, спорт жарыслары ҳәм де басқа да жыйналыслар өткериӯ қадаған етиледи.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министрлиги Мәлимлеме хызмети