Kegeyli.uz/Рәсмий канал
7.12K subscribers
27.8K photos
2.77K videos
57 files
4.3K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Мәртебең_бәлент_болсын_Ана_тилим!

1-декабрь – Қарақалпақ тилине тил бийлиги берилгенине 33 жыл толыўы мүнәсибети менен  Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы тәрепинен «Мәртебең бәлент болсын, Ана тилим сүрени астындағы жәрияланған социаллық видеороликлер таңлаўының жеңимпазлары.

«Қарақалпақ елим!»

«Таңлаў жаңалығы» номинациясының жеңимпазы
Автор: Улығбек Сейтбеков
Сыйлық: 500 000 сўм

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бѳлими.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Мәртебең_бәлент_болсын_Ана_тилим!

1-декабрь – Қарақалпақ тилине тил бийлиги берилгенине 33 жыл толыўы мүнәсибети менен  Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы тәрепинен «Мәртебең бәлент болсын, Ана тилим!» сүрени астындағы жәрияланған социаллық видеороликлер таңлаўының жеңимпазлары.

«Тѳрешилер курамының арнаўлы сыйлығы» номинациясының жеңимпазы
Автор: Жулдызхан Мәмбетниязова
Сыйлық: 500 000 сўм

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бѳлими.
#Әдебий_кеше
#1_декабрь_қарақалпақ_тили_байрамы
#Мәртебең_бәлент_болсын_Ана_тилим

Бүгин райондағы 10-санлы мектепте Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Муратбай Нызанов ҳәм филология илимлери докторы Тамара Машарипова менен «Ақтуба» пуқаралар жыйынындағы улыўма билим бериў мектеплериниң дѳретиўши оқыўшы жасларының әдебий ушырасыўы болып ѳтти.

Әдебий кешеде жазыўшы бул аймақта жасап ѳткен белгили тулғалар, илим, әдебият ҳәм кѳркем-ѳнер тараўында пидайы мийнет ислеген инсанлар ҳаққында оқыўшыларға кең мағлыўматлар берди. Дѳретиўши оқыўшылар жазыўшының дѳретиўшилиги бойынша сораўларын берип, тийисли жуўапларын ҳәм мәсләҳәтлерин алды. Белсенди қатнасқан ҳәм әжайып сораўларын жоллаған оқыўшылар жазыўшының қолтаңбасы түсирилген китаплары менен сыйлықланды.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@kegeylirkuzofficial
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Мәртебең_бәлент_болсын_Ана_тилим!

1-декабрь – Қарақалпақ тилине тил бийлиги берилгенине 33 жыл толыўы мүнәсибети менен Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы тәрепинен «Мәртебең бәлент болсын, Ана тилим сүрени астындағы жәрияланған социаллық видеороликлер таңлаўының жеңимпазлары.

«Ана тилим-қалқаным»
3-орын жеңимпазы
Автор: Наўрызбай Достанов
Сыйлық: 2 000 000 сўм

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бѳлими.
#Еслеў_кеше
#1_декабрь_қарақалпақ_тили_байрамы
#Мәртебең_бәлент_болсын_Ана_тилим

Қарақалпақ халқының мәрт ҳаялы Минайхан Жуманазарованы еслеў кешеси

✏️ Ҳасылдың қыяғы, тулпар туяғы,
Бәриңиз ақыллы, бәриң зыялы,
Әй, әзиз халқымның әзиз уллары,
Қәстерлеп сақлаңлар бир-бириңизди!...

🏢 Бүгин райондағы 3-санлы мектепте халқымыздың сүйикли шайыры, Өзбекстан жазыўшылар аўқамы сыйлығының лауреаты, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери Минайхан Жуманазарованың туўылғанына 65 жыл толыўы мүнәсебети менен "Қәстерлеп сақлаңлар бир-бириңизди" атамасында еслеў кешеси болып өтти.

⚡️ Илаж районлық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бѳлиминиң Қарақалпақ тилине тил бийлиги берилгенине 33 жыллық байрамы мүнәсибети менен районда туўылған белгили тулғалар дѳретиўшилигине бағышланған әдебий кешелер режеси тийкарында «Абат» аўыл пуқаралар аймағындағы 3-15-39- ҳәм 30-санлы мектеплердиң Дөретиўши-мәдений мәселелери бойынша үгит-нәсиятшылары ҳәм дөретиўши оқыўшылары кесиминде шѳлкемлестирилди.

⚡️Еслеў кешесине Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, "Дослық" ордени ийеси, шайыр Гүлистан Дәўлетова, устаз Нураный Шернияз Панаев ҳәм шайырдың жақынлары қатнасты.

⚡️Кешеге келген мийманлар шайырдың өмир жолы, қарақалпақ журналистика тараўына қосқан үлкен үлеси, дөретиўшилиги, инсаныйлық пазыйлетлери, әмелге асырған үлгили ислерин еске алып, шөлкемлестиргенлерге өз миннетдаршылығын билдирип өтти.

Сондай-ақ, аймақтың талантлы окыўшылары тәрепинен шайырдың дѳретиўшилигине тийисли қосық қатарлары көркемлеп, намаға салынып атқарылды, сахналық көринислерде көркем образда орынланды.

✏️ ...Бириңиз гәўҳарсыз, бириңиз дүрсиз,
Дүньяда теңи жоқ, ҳақыйқый ҳүрсиз,
Жасамақ мүшкилдур бириң-бириңсиз,
Қәстерлеп сақлаңлар бир-бириңизди!...

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бѳлими
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Мәртебең_бәлент_болсын_Ана_тилим!

1-декабрь – Қарақалпақ тилине тил бийлиги берилгенине 33 жыл толыўы мүнәсибети менен  Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы тәрепинен «Мәртебең бәлент болсын, Ана тилим!» сүрени астындағы жәрияланған социаллық видеороликлер таңлаўының жеңимпазлары.

Ана тилим – ар-намысым"
2-орын жеңимпазы
Автор: Анар Өтегенова
Сыйлық: 3 000 000 сўм

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бѳлими.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Мәртебең_бәлент_болсын_Ана_тилим!

1-декабрь – Қарақалпақ тилине тил бийлиги берилгенине 33 жыл толыўы мүнәсибети менен  Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы тәрепинен «Мәртебең бәлент болсын, Ана тилим!» сүрени астындағы жәрияланған социаллық видеороликлер таңлаўының жеңимпазлары.

Ана тилим – алтын ғәзийнем!”
1-орын жеңимпазы
Автор:
Гүлназия Жуманиязова
Сыйлық: 4 000 000 сўм

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бѳлими.