Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.89K subscribers
31K photos
3.19K videos
63 files
4.94K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
МӘҲӘЛЛЕ ЖАСЛАРЫ АРАСЫНДА ФУТБОЛ ОЙЫНЫНА СТАРТ БЕРИЛДИ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Өзбекстан футболын раўажландырыўды жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында"ғы Пәрманы ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң "Жаслар арасында "Чарм топ" бағдарламасы тийкарында спорттың футбол түринен спорт жарысларын өткериў ҳаққындағы тапсырмаларын орынлаў мақсетинде, бүгин, Кегейли районында мәҳәллелердеги 14 жастан 16 жасқа шекемги жаслар арасында спорттың футбол түринен спорт жарысларының районлық басқышына старт берилди.

Спорт жарысларына ҳәр бир мәҳәлледен 16 команда қатнасып, жеңимпазлық ушын жасыл майданда топ сүрмекте.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
ПРОКУРАТУРА БАСЛАМАСЫ МЕНЕН ӨТКЕРИЛГЕН ИЛАЖ

Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы, Қарақалпақстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги менен биргеликте тастыйықланған реже тийкарында, республикамыздың барлық аймақларында "Жаслар дәптери"не дизимге алынған жаслар ушын мәдений, руўхый-ағартыўшылық илажларын өткериў белгиленген еди.

Усы тийкарда бүгин, Кегейли районы 11-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде район прокурорына бириктирилген 2-сектор аймағына қараслы мәҳәллелерде жасаўшы "Жаслар", "Темир" ҳәм "Ҳаяллар дәптери"не киргизилген пуқаралардың қатнасыўында мәдений илаж шөлкемлестирилди.

Илажда Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрының дөретиўшилик жәмәәти тәрепинен комедиялық жанрдағы әжайып спектакль сахналастырылып тамашагөйлердиң нәзерине усынылды. Ал, елимизге белгили эстрада қосықшыларының атқарыўындағы йошлы қосықлар жыйналғанларға руўхый заўық бағышлады.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Усы жылдыӊ 2-август күни Пайтахтымызда «Нураныйларға ҳүрмет ҳәм иззет» атамасындағы ушырасыў кешеси өткерилди.

Ушырасыў кешесинде дәслеп узақ жыллар даўамында елимиз ҳәм халқымыз ушын пидайы мийнет еткен нураныйлар жаслар тәрепинен ҳүрмет-иззет көрсетилип күтип алынды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қатнасты.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри Т.Худайбергенов шығып сөйлеп, елимиздиӊ раўажланыўына мүнәсип үлесин қосып киятырған бир топар ветеранлар, тараў ҳәм тармақ ўәкиллериниӊ ибратлы ислерин айрықша атап өтти.

Оннан соӊ бир қатар нураныйларға «Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси тапсырылды.

Илаж көркем өнер тараўыныӊ концерт бағдарламасы, елимиз, халқымыз ушын пидайы мийнет еткен қаҳарманлардыӊ бай турмыс тәжирийбеси, үлгили мийнет жолы ҳаққында арнаўлы фильмлер менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:https://t.iss.one/QResMinistrlerKenesi
Х А Б А Р Л А Н Д Ы Р Ы Ў

Кегейли районы «Абат» АПЖ аймағында 2022-жыл 03-август күни саат 09:30 ден 18:00 ге шекем 56-санлы трансформатор пунктинен шығыўшы 0,4 кВ ҳаўа линиясында киши оңлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

@kegeylirkuzofficial
#Руўхыйлық
#Викторина

Қосық қатарларының 4-қатарын табамыз.
ҚУЛПЫТАСТАҒЫ ЖАЗЫЎЛАР
(эпитафия-мархумға арналған қулпы тасқа жазылған қосық қатарлары)

Зықна ҳәм сақ адамның қулпытасындағы жазыў:
Буның сақлығынан қудай сақласын,
Сыр сейфиниң гилтин жойтпастан кетти.
Кирзовой етикте сақлап ақшасын,
...
каналға ағза болың. https://t.iss.one/RRAO_KRB