БИЗ БАХЫТЛЫ ЗАМАН УШЫН ОЛАРДАН МИННЕТДАРМЫЗ
✍Еслеў ҳәм қәдирлеў қайырлы ис. Өткенлердиң исмин ядқа алыў, олардың мәртлигин ҳүрметлеў халқымызға тән болған жақсы пазыйлетлерден есапланады.
Төримиздиң жарасығы болған кекселеримиздиң қәдир-қымбаты бүгинги бахытлы турмысымызда бәршениң дыққат-итибарында.
✏️9-Май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов ҳәм сектор басшылары тәрепинен урыс жылларында фронт артында мийнет еткен районымыздағы 12 кексе ата ҳәм апаларымыздың үйлерине барылып, байрам менен қутлықлады ҳәм оларға сый-саўғалар тапсырды.
Ветеран нураныйларымыз урыс жылларындағы халықтың басына түскен аўыр күнлерин еске алып, бүгинги еркин заманымызға шүкиршилик билдирип, ақ пәтияға қол жайды.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
➡@kegeylirkuzofficial

#9_Май_Еслеў_ҳәм_қәдирлеў_күни
Ибрайым Юсуповтың «Халқабадтан қанша адам келмеди» қосығы 1975-жылы 8-майда Халқабадтағы екинши жер жүзилик урыс қурбанлары естелигине арнап салынған естеликтиң ашылыўы мүнәсибети менен жазылады ҳәм биринши рет сол жерде оқылады.
Сүўретте: Естелик алдында.
1. Халқабадлы мархум Иниятов Әбдилҳақ (1976);
2. Кегейлиши, Халқабадшы нураныйлар жаслар менен (2022)
Дерек 👉 💎@Merwert_uz
Канал👉@kegeylirkuzofficial

ХАЛҚАБАДТАН ҚАНША АДАМ КЕЛМЕДИ
Олар даңқлы жеңис күнин көрмеди...
Уллы Москва ҳәм кирттай Халқабад,
Бир елден жигирма миллион азамат
Жан берди, Ўатанын жаўға бермеди.
Айтып берер едим ҳәзир атма ат,
Халқабадтан қанша адам келмеди.
Қайтқан-қайтпағаны ҳәммеси батыр,
Ҳәр бири Рустемдей дәстанға татыр.
Беларусь жеринде ме,
Днепр бойында ма,
Қай жерде мәңгилик уйқыда жатыр?
Олар жығылса да алға өрледи.
Жанын берди,
Елин жаўға бермеди,
Кегейлиден қанша азамат кетип,
Халқабаттан қанша жигит келмеди.
Кимге перзент, кимге сүйген яр ма екен,
Қурбан бермеген үй табылармекен?
Алыстағы урыстың азабын тартпай,
Баўыры пүтин қалған адам бармекен?
Қанлы урыстың аўыр зардабы өтип,
Үй барма сынбаған ығбал шөлмеги?
Шымбайдан қаншама жигитлер кетип,
Халқабадтан қанша адам келмеди!
Уйықлаңлар! Батырлық жулдызларыңыз
Ўатан жүрегинде, төсинде сақлар.
Сиз бахтын қорғаған әўладларыңыз
Дүнья турғаншелли есинде сақлар.
Хожелиден қанша жигитлер кетип,
Төрткүлге қаншама мәртлер келмейди.
Олардың руҳын ел таўап етип,
Олар мәңги уйқылар, бирақ өлмейди.
Ибрайым ЮСУПОВ
8-май, 1975-жыл.
Олар даңқлы жеңис күнин көрмеди...
Уллы Москва ҳәм кирттай Халқабад,
Бир елден жигирма миллион азамат
Жан берди, Ўатанын жаўға бермеди.
Айтып берер едим ҳәзир атма ат,
Халқабадтан қанша адам келмеди.
Қайтқан-қайтпағаны ҳәммеси батыр,
Ҳәр бири Рустемдей дәстанға татыр.
Беларусь жеринде ме,
Днепр бойында ма,
Қай жерде мәңгилик уйқыда жатыр?
Олар жығылса да алға өрледи.
Жанын берди,
Елин жаўға бермеди,
Кегейлиден қанша азамат кетип,
Халқабаттан қанша жигит келмеди.
Кимге перзент, кимге сүйген яр ма екен,
Қурбан бермеген үй табылармекен?
Алыстағы урыстың азабын тартпай,
Баўыры пүтин қалған адам бармекен?
Қанлы урыстың аўыр зардабы өтип,
Үй барма сынбаған ығбал шөлмеги?
Шымбайдан қаншама жигитлер кетип,
Халқабадтан қанша адам келмеди!
Уйықлаңлар! Батырлық жулдызларыңыз
Ўатан жүрегинде, төсинде сақлар.
Сиз бахтын қорғаған әўладларыңыз
Дүнья турғаншелли есинде сақлар.
Хожелиден қанша жигитлер кетип,
Төрткүлге қаншама мәртлер келмейди.
Олардың руҳын ел таўап етип,
Олар мәңги уйқылар, бирақ өлмейди.
Ибрайым ЮСУПОВ
8-май, 1975-жыл.
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Халкабадтан қанша адам келмеди
Ибрайым ЮСУПОВ
Халқабадлы талантлы театр актёры Муҳаммедәли Пийшенбаев атқарады.
Дерек 👉 💎@Merwert_uz
Канал👉@kegeylirkuzofficial
Ибрайым ЮСУПОВ
Халқабадлы талантлы театр актёры Муҳаммедәли Пийшенбаев атқарады.
Дерек 👉 💎@Merwert_uz
Канал👉@kegeylirkuzofficial
Kegeyli.uz/Рәсмий канал
Халкабадтан қанша адам келмеди Ибрайым ЮСУПОВ Халқабадлы талантлы театр актёры Муҳаммедәли Пийшенбаев атқарады. Дерек 👉 💎@Merwert_uz Канал👉@kegeylirkuzofficial
Мағлыўмат ушын: 1941-1945-жылларда болып өткен Екинши жер жүзлик урысқа Кегейли районы аймағынан 4462 адам қатнасқан. Соннан, 2857 қатнасыўшы көкиреги толы орден ҳәм медальлар менен елимизге қуўысты. Ал, 962 жаўынгер урыста мәртлерше қаза тапқан болса, 679 азамат бийдәрек жоғалған.
➡@kegeylirkuzofficial
➡@kegeylirkuzofficial
9-май Еслеў ҳәм кәдирлеў күнине арнап илаж өткерилди
Кегейли районы халық билимлендириў бөлимине қараслы 30-санлы улыўма орта билим бериў мектеби оқыўшылары 9-май "Еслеў ҳәм қәдирлеў" күни мунәсебети менен "Ҳәсиретли ана" ҳәйкелине гүллер койылды ҳәм 1941-1945-жыллардағы урыста хызмет етип ел ушын қылынған мийнетлери ҳаққында айтып өттилди.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial