Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.91K subscribers
28.4K photos
2.86K videos
57 files
4.39K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
Палыз өнимлериниң Ақтаў қаласына экспорты басланды

📍Хабарыңыз бар, усы жылдыӊ 7-8-июль күнлери Қазақстан Республикасыныӊ Манғыстаў қаласында «Made in Karakalpakstan» кѳргизбе-ярмаркасы шөлкемлестирилмекте.

Ҳәзирги ўақытта, район ҳәкиминиң орынбасары Б.Байжанов районның бир қатар исбилерменлери менен биргеликте усы ярмаркаға қатнасыў ушын Қазақстан Республикасында болып турыпты.

📍Делегациямыз ярмарка алдынан Қазақстанның Ақтаў қаласындағы ири кәрханалар менен палыз, мийўе өнимлериниң экспорты мәселесинде сәўбетлесиўлер алып бармақта.

Итибарлысы, келисим шәртлери нәтийжесинде Ақтаўлы исбилерменлер менен 300 мың АҚШ долларлық шәртнамаларға қол қойылып, ҳәзирги күн жағдайына Кегейли районынан  51 мың АҚШ долларлық палыз өнимлери Ақтаў қаласы базарларынан өз орнын таўды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉
@kegeylirkuzofficial👈
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#OAV_biz_haqimizda

Chiy to'qish hunari ortidan daromad topayotganlar

muxbir: Aydana Allambergenova

#Qoraqalpog’iston Respublikasi
#Kegeyli tumani

@hududtv
Ҳүрметли ҳаял-қызлар!

Бүгин, 6-июль күни саат 17:00 Жаслар орайында Қарақалпақстанға белгили психологлардың қатнасыўында "Шаңарақта перзент тәрбиясы" атамасында семинар-тренинг болып өтеди.

Әҳмийетли сәўбетке бәршени мирәт етемиз!.

@kegeylirkuzofficial
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Toy seyilinde tártipsiz háreketlegen shaxslarǵa hákimshilik qamaq jazası qollanıldı

✉️Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook
Жеке тәртипте билим алыўға мүтәжлиги болған балалар ушын қәнигелестирилген мектеплер ҳәм мектеп-интернатлар, кѳп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шѳлкемлери ҳәмде қәнигелестирилген оқыў тәрбия мекмекелерине Педагогикалық-медициналық-психологиялық комиссиясынан ѳтиў ушын 2024-2025 оқыў жылынан баслап «Инсан» социаллык хызметлер орайына мүрәжат етиўиңиз мүмкин. Психологиялық-медициналық-педагогикалық комиссия тексериўинен өтиў ушын қандай ҳүжжетлер талап етиледи?

Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы қасындағы Психологиялық-медициналық-педагогикалық комиссия (ПМПК) тексериўинен өтиў ушын төмендеги ҳүжжетлер керек болады.

👫 ПМПК жуўмағын алыў ушын нызамлы ўәкиллер жасаў орнындағы (яки жасаў орнындағы өзине қолайлы болған) “Инсан” социаллық хызметлер орайларына келип яки мәҳәллеге бириктирилген социаллық хызметкерлер арқалы 1-июль сәнесинен баслап арза бериўлери мүмкин.

🖋 Арза електрон тәризде киритиледи ҳәм нызамлы ўәкиллерден (баланың ата-анасы яки рәсмий түрде белгиленген нызамлы ўәкили) арзаға қосымша қылыў ушын төмендеги ҳүжжетлерди усыныўы соралады:

Емлеў-профилактика орнының бас шыпакери тәрепинен қол қойылған баланың раўажланыўы тарийхынан толық көширме;

Баланың диагнозына қарап қәниге жуўмағы: психоневрологиялық орайдың нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте тастыйықланған психоневролог жуўмағы (тек ғана сөйлеўинде, психлогиялық ҳәм ақлый раўажланыўында нуқсаны бар балалар ушын);

Баланың оқыў орынан тәлим мүддети, оқыў пәнлерин өзлестириўи ҳәм минез-қулқы, балаға жеке тәртипте көмек бериў бойынша әмелге асырылған илажларды өзинде жәмлеген мағлыўматнама (оқыў орнында оқыған балалар ушын);

Мектептен табел картасы (мектепте оқып атырған балалар ушын бир мектептен екинши мектепке өтпекши болғанда);

Баланың майыплығы бойынша Медициналық-социаллық експерт комиссия жуўмағы (егер бар болса);

Алдынғы ПМПК жуўмағы (егер бар болса).

Толық мағлыўмат ушын усы силтеме (https://telegra.ph/Ijtimoiy-himoya-milliy-agentligining-Qoraqalpogiston-Respublikasi-viloyatlar-va-Toshkent-shahar-boshqarmalari-huzuridagi-Psixolo-06-21 арқалы танысып шығыўыңыз мүмкин.
#bes_baslama_olimpiadası
#Shaxmat_shashka
#Rayonlıq_bashqısh

"Bes baslama olimpiadası" sheńberinde Shaxmat-shashka sport jarısı ótkerildi.

🖐 "Bes baslama olimpiadası" sheńberinde ótkerilip atırǵan jarıs hám tańlawlar dawam etpekte.

🔷 Búgin olimpiada sheńberinde sporttıń Shaxmat-shashka túrinen ótkerilip atırǵan jarıstıń Kegeyli rayonlıq basqıshı bolıp ótti. Onda jaslar shashka sport túrinen 16-21, 22-26, 27-30 jas kategoriyasında, shaxmat sport túrinen bolsa jaslar 7-70+ jas kategoriyasında óz-ara bellesti.

⚡️ Jarıs juwmaǵına kóre 1-orındı iyelegen Jaslar olimpiadanıń Qaraqalpaqstan Respublikası aymaqlıq basqıshına jollama aldı.

👉 @kegeylirkuzofficial
#Оқыў_семинары

Бүгин Кегейли районындағы 16 мәҳәлледеги лидер ҳәм белсендилердиң мәҳәлле институтының жумысына байланыслы билим ҳәм көнликпелерин арттырыўға қаратылған оқыў-семинары шөлкемлестирилди.


Онда Кегейли районында Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы С.Турманов, Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы баслығының кеңесгөйи Х.Кетмонов, Аўқам басқарма баслығы Н.Мусаевлар қатнасты.

Жуўапкерлер қатнасыўшылар менен семинар мазмунына байланыслы өз билим-көнликпелерин бөлисип, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 21-декабрдеги ПП-209-санлы пәрманы ҳәм ПҚ-402-санлы қарарының мазмун-мәнисине тоқталып, «Мәҳәлле жетилиги»н шөлкемлестириўдиң социаллық зәрүрлиги ҳәм оның тийкарғы ўазыйпалары бойынша кең түсиниклер берилди. Семинар қатнасыўшылары тәжирийбели баянатшылардан жетилик жумысына байланыслы өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉
@kegeylirkuzofficial👈