Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.93K subscribers
30.2K photos
3.08K videos
61 files
4.77K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
Dıqqat dıqqat ❗️

Jaslar isleri agentligi Kegeyli rayonlıq bólimi hám Intellektual jetik jaslar klubı telegram kanalı menen birgelikte  mektep oqıwshıları ortasında «Kegeyli bilimdanları» intellektual turnirniń 3-máwsim 4-tur oyını bolıp ótedi.

Turnir 13-aprel kúni Kegeyli rayonı jaslar orayı imaratinda ótkeriledi.

Úyge tapsırma kitapları:
⬇️⬇️⬇️⬇️⬇️⬇️⬇️⬇️

Biologiya 5-klass 2020-jıl baspadan shıqqan. 5 dana soraw alınadi.
Tariyx 5-klass 2020-jıl baspadan shıqqan.5 dana soraw alınadi.
www.Zakovatklubi.uz saytnan mektepler degen jerinen 5 dana soraw oynaladı.

Oyınniń 17-sorawı Babank soraw bolıp bunda komandadan 1 adam qalıp oynasa hámde sorawdi tapsa +3 ball beriledi. Eger tawa almasa -1 alınadı.

Waqtı: Oyın 15:00 de start aladı

Baylanıs ushın:
+998 93 364-55-66
Telegram arqalı:
@Juwap_ushin

Intellektual jetik jaslar klubı telegram kanalı
👉
@IJJ_KLUBI
Бүгинги күнде миллий армиямыз қатарында физикалық ҳәм руўхый жақтан күшли ҳәр тәреплеме жетик мәрт ҳәм батыр азаматлардың ўатанымыз шегараларын қорғаўға өз үлесин қосып атырғаны ҳәм жигитлик миннетин өтеўи ушын мүддетли әскерий хызметке таяр жас жигитлердиң ғайратын көриў қуўанышлы жағдай, әлбетте.

Бүгин әскерий хызметке шақырылған мүддетли әскерий хызметкерлер менен сәўбетлесиў ҳәм олардың мәдений дем алыўын тәмийинлеў мақсетинде, Кегейли районында Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергеновтың быйылғы жылда әскерий хызметке жаңадан шақырылған әскерлер ҳәм район белсендилери менен ушырасыўы болып өтти.

Илаж даўамында сөзге шыққанлар, Қураллы Күшлеримиз хызметиниң ашық-айдынлығын  тәмийинлеўге қаратылған бир қатар илажлардың әмелге асырылыўы, жас әўладтың әскерий-Ўатанды сүйиўшилик, елимизге садықлық ҳәм миллий қәдириятларымызға ҳүрмет руўхында ер жетиўинде әҳмийетли рол атқарып атырғанлығын атап өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.

Илаж даўамында, Қарақалпақстан Республикасына белгили көркем өнер ғайраткерлери, соның менен бирге, талантлы әскерлеримиз тәрепинен ўатансүйиўшилик руўхындағы қосықлар атқарылып, йошлы намалар жыйналғанларға жақсы кейпият бағышлады.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Ҳүрметли электр энергиясы тутыныўшылары!

Кегейли районлық электр тамийнлеўшиси Сизге соны мәлим етип билдиреди, себеби «Худудий электр тармақлары» АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалының 2024 жыл 3-апрель күнги №318 санлы телефонограммасына тийкарланып  Халқабад 110/35/10 кВ подстанциясында гезектеги режели оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы  Ийшанқала Қумшүнгүл АПЖ, Бахытлы, Гүжимтерек, Халқабад МПЖ аймақларында 2024 жыл 13-апрель күни саат 09-05ден 18-00 аралығында  электр   энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.
Кегейли районы «Жүзим бағ» АПЖ аймағында 2024-жыл 13-апрель күни саат 10:30ден 18:00ге шекем №149 санлы трансформатор пунктинде ири оңлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы электр энергиясы менен тəмийнлеў ўақтынша тоқтатылады.
#Мобил_фото
КҮН НƏПЕСИ

Кегейли РЭТ қǝнигелери 149-трансформатор пунктинде ири оңлаў жумысларын баслап жиберди.

@kegeylirkuzofficial
Kegeylide BPO orayı jumıs basladı

Keleshekte xalıqaralıq xızmetler kólemin arttırıw, xalıqaralıq dárejede xızmetler sapasın jaqsılaw, investiciya joybarların ámelge asırıwǵa jaqınnan járdem kórsetiw maqsetinde rayonda dáslepki aralıqtan xızmet kórsetiw BPO orayı jumıs basladı.

Usı múnásibet penen búgin Kegeyli Kegeyli rayonı hákimi A.Kamalov BPO oraydı barıp kórdi hám jaslar menen sáwbetlesti.

Onda atap ótilgenindey, orayda IT tarawı boyınsha jańa dástúrlerdi islep shıǵıw hám eksport qılıw, sonday-aq IT tarawın rayon kóleminde rawajlandırıw názerde tutılǵan.

Maǵlıwmat ushın, Kegeyli rayonı hákimligi tárepinen shólkemlestirilgen bul oraydıń tiykarǵı maqseti, jaslar bántligin támiyinlew, shet ellerdiń kompaniyaları menen birge islesiwdi jolǵa qoyıw hám IT xızmetleri eksportın asırıwdan ibarát.

Kegeyli rayonı hákimligi Málimleme xızmeti
@kegeylirkuzofficial