Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.78K subscribers
28.9K photos
2.93K videos
57 files
4.54K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
Рәсмий мүнәсибет

Бүгин социаллық тармақлардың биринде Кегейли районы Абат мәкан МПЖ аймағындағы жолдың ортасында терек егилгенлиги бойынша мүрәжат жолланылды. Мүрәжат район ҳәкиминиң орынбасары тәрепинен орынына барып үйренилгенде, бул орында жер астындағы суў трубасының жарылыўының нәтийжесинде оңлаў жумыслары алып барылған болып,  тараў хызметкерлери тәрепинен кɵмилген орында автотранспорт айдаўшыларының  дыққатын қаратыў (шуқырға түсип кетпеўи) ушын терек ағашы қадап кетилгенлиги анықланды. Бүгин машқала сапластырылды ҳәм қазылған орынды толық топырақ пенен толтырыў жумыслары алып барылып, жол тегисленди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
ϴзбекстан Республикасы Бас прокурорының орынбасары С.И.Самадов басшылығындағы исши топар ағзалары тәрепинен Кегейли  районында гүз-қыс мәўсимине таярлық жумыслары үйренилди.

Дәслеп исши топар тәрепинен Қумшүнгил аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 34-санлы мектептиң жылытыў системаларының талап дәрежесинде екенлиги үйренилди. Анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша тийисли шөлкемлерге ҳәм сектор басшыларына тапсырмалар берилди. Үйрениўлер даўамында исши топар районда шөлкемлестирилген қысқы азық-аўқат сақлаў қоймаханасында болып, районда азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде аўыл хожалығы өнимлериниң базасын толық жаратыў ҳәм өним баҳаларының тийкарсыз өсип кетиўиниң алдын алыў илажларын көриў бойынша жуўапкерлерге анық кɵрсетпелерди берди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉
@kegeylirkuzofficial👈
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақстан _ телеканалы

Депутаттың бир күни

⚡️ Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутаты Жуманазарова Гүлчехра Жумахметовнаның депутатлық искерлиги бойынша алып барған жумысларынан репортаж

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @kegeylirkuzofficial
Жумыслар талықланып, ўазыйпалар белгиленди

Бүгин районы ҳәкими А.Камалов райондағы мәкеме, кәрхана басшылары ҳәм мәҳәлле бесликлери менен ушырасты. Ушырасыўда күн тәртибиндеги тийкарғы мәселе, жасыл энергия дереги есапланған қуяш панеллерин орнатыўдың абзаллықларын халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде белгиленген реже тийкарында егилиўи лазым етип алынған нәл егиў жумыслардың бүгинги барысы, бюджет түсими есапланған жер мүлк салықларын өндириўдеги жумыслардың нәтийжелери бойынша сәўбетлесилди. Атап өтилген мәселелер бойынша айырым тараў басшыларының жумыслары сын көз-қарастан баҳаланды ҳәм кемшиликлерин сапластырыў бойынша қатаң ескертиўлер берилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉
@kegeylirkuzofficial👈
ТАЙЫНЛАНДЫ

Абдуллаев Файзулла Полатович- Кегейли районы қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы бөлими баслығы лаўазымына тайынланды.

Ф.Абдуллаев тайынлаўға шекем усы бөлимниң бас қәнигеси лаўазымында жумыс ислеп келген.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉
@kegeylirkuzofficial👈
РАСМИЙ БАЁНОТ

“Антиструмин” дори воситаси билан боғлиқ жиноят иши юзасидан Бош прокуратура томонидан жиноят-процессуал қонунчилик асосида дастлабки тергов ҳаракатлари ўтказилмоқда.

Ҳозирги кунда мазкур жиноят иши юзасидан тергов ҳаракатлари якунига етмаган бўлсада, жиноят иши доирасида 3 нафар аёллар қамоққа олинганлиги ҳақидаги маълумотлар ҳар хил талқин қилинган ҳолда оммавий ахборот воситаларида тарқатиб келинмоқда. 

Тарқатилаётган ушбу маълумотлар терговнинг объектив ва холисона олиб борилишига халақит қилмоқда.

Жиноят-процессуал кодекси талабларидан келиб чиқиб, тергов ҳаракатлари олиб борилаётган вақтда шахсга доир маълумотларни тарқатиш ва терговга аралашиш қонун билан тақиқланишини эслатиб ўтамиз.

Ҳурматли оммавий ахборот воситалари вакиллари ва ижтимоий тармоқ фойдаланувчилари, тергов тугагунига  қадар ижтимоий тармоқларда ушбу жиноят ишига оид маълумотларни тарқатмасликка чақирамиз.

Тергов натижаси ҳақида қўшимча равишда маълум қилинади.

🌐 Бош прокуратуранинг ижтимоий тармоқлардаги саҳифаларига аъзо бўлинг!

Telegram | Instagram | YouTube | Veb-sayt
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Зәҳәрли газ — оның қәўипли тәрепи сонда, ол ийиссиз, реңсиз ҳәм дәмсиз болады. Инсан өзиниң зәҳәрленип атырғанлығын сезбейди. Ҳаўа райының кескин суўытып кетиўи нәтийжесинде, пуқаралардың жыллылыққа деген талабы артады. Сонлықтан, жасалма жылытыў үскенелеринен пайдаланыў жағдайларының көбейиўи ақыбетинде айырым пуқаралар зәҳәрли газден зыянланып, аўыр аўҳалда емлеўханаларға түспекте.

Ҳүрметли пуқаралар! Тәбийғый газден пайдаланыў қағыйдаларына қатаң түрде әмел етейик.

Telegram | Instagram | Facebook | Twitter
#Бүгин
Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық

Райондағы 3-санлы улыўма билим бериў мектебинде пуқаралар жыйыны жаслар жетекшиси Н. Байназаров пенен биргеликте аймақтағы жәмлеспеген ҳәм оқыўшы жаслар, ата-аналар қатнасында руўхый-ағартыўшылық илаж ѳткерилди.
Илажда дин ислери бойынша комитеттиң райондағы қәнийгеси Қ.Аллахов, РИИБ хызметкери Д.Атажанов, районлық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бѳлими баслығы Б.Матековлар қатнасып, миссионерликтиң алдын алыўға қаратылған видеоролик қойып берилди. Соңынан, бүгинги күнде жәмийетимизде жүз берип атырған жағдайлар, ҳәр қыйлы тәсирлер арқалы жаслар сана-сезимин ийелеўге қаратылған бузғынша идеялар, олардың пайда болыўы ҳәм ҳақыйқый мақсетлери бойынша ѳз-ара пикир алысылды.


Районлық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бѳлими.

@kegeylirkuzofficial
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН МУСЫЛМАНЛАРЫ ҚАЗЫЯТЫНА ЖАҢА ҚАЗЫ ТАЙЫНЛАНДЫ

Усы жылдың 28-ноябрь күни Өзбекстан мусылманлары басқармасының баслығы, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназаров басшылығында Қарақалпақстан Республикасында искерлик алып барып атырған имам-хатиблердиң нәўбеттеги жыйналысы болып өтти.

Жыйналыста узақ жыллар Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы ҳәм Нөкис қаласында жайласқан "Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний" атындағы орта арнаўлы Ислам билим журты директоры лаўазымларында табыслы жумыс ислеп келген Шамсуддин Баҳауддинов ден-саўлығына байланыслы, өз арзасына муўапық лаўазымларынан азат етилди.

Усы лаўазымға қазының орынбасары ҳәм “Имам Ийшан Муҳаммед” жоме мешитиниң имам-хатиби ўазыйпаларында жумыс ислеп келген Баҳраматдин Разов тайынланды.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM