#infografika
📊2023-yilda Qoraqalpog‘iston Respublikasida "Yashil makon" va "Yashil yillik" loyihalar bo'yicha qanday ishlar qilindi?
https://t.iss.one/Ecokomuz

#Кегейли_Семинар
Бүгин Министрликтиң бас қәнигеси К.Садыков тәрепинен “Бирден-бир миллий мийнет системасы” мәкемелераралық бағдарламалық-аппарат комплексиндеги әмелдеги мийнет шәртнамаларды жүргизиў тәртиби ҳәм усы системаның мақсет ҳәм мазмунын түсиндириў бойынша әмелий оқыў семинары өткерилди.
Онда районлық Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик мәкеме-шөлкемлердиң Инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў бойынша хызметкерлери қатнасты.
Семинар даўамында жыйналғанларға “Бирден-бир миллий мийнет системасы” туўралы көргизбели түрде кеңнен мағлыўматлар берилип, тийисли хызметкерлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.
Министрликтиң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @QR_bantlik
Telegram 📍Instagram 📍Facebook 📍 Twitter

❤3👍2
Пуқаралардың мүрәжатлары үйренилмекте
Пуқаралардың мүрәжатларын орынларға шыққан ҳалда үйрениў, машқалаларын тыңлаў ҳәм унамлы шешимине ерисиў мақсетинде бүгин Кегейли районы ҳәкими, 1-сектор баслығы Айбек Камаловтың нәўбеттеги көшпели қабыллаўы Көк өзек аўыл пуқаралар жыйынында болып өтти.
Қабыллаўға сектор ағзалары, тийисли тараў басшылары, аймақ турғынлары ҳәм жаслар қатнасты. Қабыллаў даўамында келип түскен мүрәжатлардың айырымлары орнында қанаатландырылып, унамлы шешим тапты. Орынланыўы мүддет талап ететуғын мүрәжатлар район ҳәкиминиң көрсетпеси менен тийисли тараўларға жөнелтирилип, орынланыўы қатаң қадағалаўға алынды. Айырым мүрәжатларды машқала орнына шығып үйрениў илажлары белгиленип алынды.
Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
➡@kegeylirkuzofficial

👍10🔥3
#Қырманға_берекет
Кегейли районы Көк өзек АПЖ аймағындағы «Асқар-Марал» фермер хожалығы пахта жыйым-териминде мәмлекетлик шәртнамасын артығы менен орынлады.
Усы мүнәсибет пенен бүгин бул фермер хожалығы теримшилериниң мийнетин мүнәсип баҳалаў ҳәм хошаметлеў мақсетинде район ҳәкими А.Камалов фермер хожалықтың пахта майданларында болып, теримшилерге ҳармасын айтты ҳәм алдағы теримшилерге естелик саўғаларын тапсырды. Ал, фермердиң пахта атызларында болса еле пахта көп.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial

👍13🔥3👏1