Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Урыс қатнасыўшысына Президент саўғалары тапсырылды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен Нөкис қаласында жасаўшы, Екинши жәҳән урысы қатнасыўшысы Қадирбай ата Нармановтың шаңарағында болып, байрам саўғаларын тапсырды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы ветеранды 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни улыўмахалықлық байрамы, сондай-ақ, Екинши жәҳән урысында фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 78 жыллығы менен қызғын қутлықлады ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Президентимиздиң усы жыл 2-майдағы «Екинши жәҳән урысы қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында Екинши жәҳән урысы қатнасыўшысы Қадирбай Нармановқа 18 миллион сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық берилди. Сондай-ақ, урыс қатнасыўшысына мәмлекетимиз тәрепинен ажыратылған баҳалы саўғалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Министрлер Кеңеси, Арқа-батыс әскерий округи, Нөкис қаласы ҳәкимлиги ҳәм бир қатар шөлкемлер атынан баҳалы саўғалар тапсырылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысына ҳүрмет көрсетилди
9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў байрамы күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов ҳәм Арқа-батыс әскерий округ сәркардасы генерал-майор Ф.Шерматовлар усы жыл 99 жасты қарсылаған Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Иван Галенконың шаңарағында болып, оның жағдайынан хабар алды.
Министрлер Кеңесиниң Баслығы Президентимиздиң қутлықлаўын оқып еситтирди ҳәмде қымбат баҳалы саўғаларын салтанатлы түрде тапсырды.

Уллы жеңисте Мария Ивановнаның да салмақлы үлеси бар
Карнишина Мария Ивановна 1929-жылда Украинада туўылған. 1944-жылы Армия қатарына шақырылып, урысқа атланған. 1094-санлы Эвакуациялық әскерий бөлим госпиталында хызмет еткен. Бул жерде саўашта жарақат алған жаўынгерлерге медициналық жақтан жәрдем көрсетип, жеңиске өз үлесин қосқан.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев бүгин арамызда өмир сүрип атырған урыс қатнасыўшысы Мария Ивановнаның шаңағында болды.
Жоқарғы Кеӊес Баслығы ветеран менен сәўбетлесип, оған Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтыӊ байрам қутлықлаўын оқып еситтирди ҳәм 18 миллион сум ақшалай сыйлық, қымбат баҳалы саўғаларын тапсырды.
Ҳәзирги ўақытта Мария Ивановна Нөкис қаласында ақлығы менен бирге жасап келмекте.
Жеңиске қосқан үлеси ушын бир неше мәрте медальлар менен сыйлықланған.
❗️Карнишина Мария Ивановна бүгинги күнде Қарақалпақстанда жасап атырған Екинши Жәҳән урысының 3 ветеранының қатарындағы төртинши қатнасыўшы.

Қаҳарманлардың мәртлиги ҳеш қашан умытылмайды
9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни улыўмахалықлық байрамы, сондай-ақ, быйыл Екинши жәҳән урысында фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 78 жыллығы.
Қыян-кески өткен саўашлардағы жеңисте қаншама машақат, күш, аўызбиршилик, қуўаныш бар болса, соншама қайғы-ҳәсирет, қурбанлар да болған.
Мәрт жаўынгерлердиң ерлиги менен ерисилген жеңисте қарақалпақстанлы азаматлардың да үлеси бар.
Бүгин сәне мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев усындай мәрт жаўынгерлердиң бири болған Қараөзек районында жасаўшы, Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Генжемурат ата Алланиязовтың шаңарағында болып, байрам саўғаларын тапсырды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы ветеранды қутлықлады ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.
Сондай-ақ, Президентимиздиң усы жыл 2-майда қабыл етилген «Екинши жәҳән урысы қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында Екинши жәҳән урысы қатнасыўшысы Генжемурат Алланиязовқа 18 миллион сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық тапсырылды.
Соның менен бирге, урыс қатнасыўшысына мәмлекетимиз тәрепинен ажыратылған естелик саўғалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Министрлер Кеңеси, Арқа-батыс әскерий округи, Қараөзек районы ҳәкимлиги ҳәм бир қатар шөлкемлер атынан баҳалы саўғалар берилди.

БИЗ БАХЫТЛЫ ЗАМАН УШЫН ОЛАРДАН МИННЕТДАРМЫЗ
Өткенлердиң исмин ядқа алыў, олардың мәртлигин ҳүрметлеў халқымызға тән болған жақсы пазыйлетлерден есапланады.
Ал, бүгин болса төримиздиң жарасығы болған кекселеримиздиң қәдир-қымбаты бахытлы турмысымызда бәршениң дыққат-итибарында.
✏️9-Май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов ҳәм сектор басшылары тәрепинен урыс жылларында фронт артында мийнет еткен районымыздағы 9 кексе ата ҳәм апаларымыздың үйлерине барылып, байрам менен қутлықлады ҳәм оларға 1 млн сўмнан бир мәртелик сыйлық ҳәм басқада саўғалар тапсырды.
Ветеран нураныйларымыз урыс жылларындағы халықтың басына түскен аўыр күнлерин еске алып, бүгинги еркин заманымызға шүкиршилик билдирип, ақ пәтияға қол жайды.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
➡@kegeylirkuzofficial