Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.85K subscribers
31.2K photos
3.23K videos
64 files
4.99K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақстан_телеканалы
#Хабар_бағдарламасы

Кегейлиде зәрүрлиги бар, айрықша қорғаўға мүтәж хожалықларға көмир жанылғысы бийпул жеткерилип берилди.

@kegeylirkuzofficial
👍7
Пуқаралардыӊ мүрәжатлары тыӊланды

Бүгин, 2023-жыл 11-январь  күни Кегейли районы 1-секторға қараслы "Абат мәкан" мәкан пуқаралар жыйынында пуқаралардың мүрәжатларын үйренип шығыў мақсетинде район ҳәкими, 1-сектор басшысы, Д.Утемуратов тәрепинен көшпели қабыллаў өткерилди.

Көшпели қабыллаў даўамында пуқаралардың аймақтағы комуналлық хызмелер сапасын және де жақсылаў, исбилерменлик пенен шуғылланыў ушын кредитлер ажыратыў, напақа пул тайынлаў бойынша жоллаған мүрәжатлар 1-сектор тәрепинен қадағалаўға алынып, мекеме ҳәм шөлкемлерге үйренип шығыў ушын тапсырмалар берилди.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
👍19
Forwarded from Joqarǵı Keńes.uz
❗️ Дыққат хабарландырыў!

Күни кеше Узгидрометеорология орайының хабарына бола, усы жылдың 11-18-январь күнлери республикамызда күндизги ўақытлары ҳаўа-райының кескин төменлеп кетпейтуғынлығын есапқа алып, Қарақалпақстан Республикасындағы барлық улыўма орта билим бериў мектеплеринде дәстүрий оқыў процеси 2023-жылдың 12-январь күнинен баслап басқышпа-басқыш басланатуғынлығы ҳаққында хабар берген едик.

Усыған қосымша етип айтып өтиў орынлы, республикамыздағы жәми 721 мектептен 12-январь сәнесинен баслап 571 мектеп, 13-январь сәнесинен баслап 8 мектеп, 14-январь сәнесинен баслап 9 мектеп, 16-январь сәнесинен баслап 133 мектеп дәстүрий оқыў процесин баслайды.

Бунда узақ аймақларда жайласқан айырым мектеплерге алыс аралықтан қатнап оқыйтуғын оқыўшылардың бар екенлиги есапқа алынған.

Соның менен бирге оқыў саатларының басланыў ўақты 8:30 дан 9:30 ға ўақтынша көширилди ҳәм де 1 сабақ ўақты 35 минут белгиленген.

Бул бойынша республикадағы барлық мектеп директорлары хабардар етилгенлигин мәлим етемиз.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍12
Хабарландырыў !!!

2022-2023-оқыў жылының 3-шерек оқыўлары Кегейли районындағы 38 улыўма орта билим бериў мектебиниң 8  улыўма орта билим бериў мектебинде (1, 55, 5, 9, 14, 2, 19, 8 ) 5-11-класс оқыўшылар ушын  усы жылдың 13-январь күни, ал қалған 30 мектепте Республикамыз аймағында ҳаўа райының кескин суўытыўы себепли усы мектеплер жайласқан аўыллық аймақларда оқыўшылардың мектепке қатнаў аралығы узақ болғанлығы ушын 16-январь күнинен толық оқыўлар басланыўы режелестирилгенлигин мәлим етемиз.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
👍34😁12😱31🎉1
«Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы»АЖ                                                       ЕСКЕРТЕДИ!                                                                                                      

Электр энергиясын ислеп шығарыўшы станцияларында қуўатлық ҳәм жанылғы ресурсларының жетиспеўлиги себепли  Қаракалпақстан Республикасының барлық қала ҳәм район аймақларында 2023-жылдың 12-январь күни саат 07:40 дан баслап электр энергиясы менен тәмийнлеўде шеклеўлер киргизилетуғынын ескертемиз.

@kegeylirkuzofficial
👍11
Forwarded from Joqarǵı Keńes.uz
Жәмийетлик транспортлардың турақлылығын тәмийнлеў мақсетинде АИ-80 маркалы бензин ислеткенлиги ушын компенсация бериледи

Автомобиллерге қысылған газ куйыў компрессор шақапшаларына (Метан) газ жеткерип бериў ўақтынша тоқтатылғанлығы себепли ҳәмде республикамыз аймағын транспорт хызмети менен турақлы тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы тәрепинен шешим қабыл етилди.

Оған бола, жәмийетлик транспортта хызмет көрсетиўши кәрханаларға газ орнына АИ-80 маркалы бензин ислеткенлиги ушын компенсация бериледи.

Бунда лицензияға ийе болған Дамас маркалы автомобиллер ушын күнине 40 000 сум муғдарында ҳәмде көп сыйымлы микроавтобуслар (Газель, ЈАС, Shineray ҳәм басқалар) ушын 128 000 сумға шекем компенсация муғдары белгиленди.

Компенсация төлеў тәртиби төмендегише:
тендер линия ийелери тәрепинен бензин чеклери ҳәмде сол чекте лицензияланған автомобилдиң мәмлекетлик белгиси көрсетилген мағлыўматнама Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигине тапсырылыўы шәрт.

Ҳүрметли жәмийетлик транспорт хызмети басқарыўшылары!

Бундай күтилмеген жағдайда халқымыздың аўырын жеңил етиў мақсетинде қабыл етилген шешим тийкарында автомобиллерге жанылғы қуйыў шақапшаларында бензин баҳасын, белгиленген жөнелислерде орнатылған баҳаларды тийкарсыз қымбатлатып жибермеў ҳәм жөнелис схемасы тийкарында ҳәрекетлениўди сораймыз.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍14
Ҳүрметли пуқаралар!

Ҳәзирги ўақытта республикамыз аймағында ҳаўа райының ҳәдден тыс суўып кетиўине байланыслы газ тармақларына басым күшейиўи себепли авариялық жағдайлар жүзеге келмекте.

Соның менен бирге, мәмлекетимиз бойынша тутыныўшылар тәрепинен тәбийғый газге болған тутыныў көлеминиң артыўы нәтийжесинде жетиспеўшилик бақланбақта.

Усы сынаўлы күнлерде халқымызды турақлы газ бенен тәмийинлеў баслы ўазыйпа болып қалмақта.

Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен төмендегилер әмелге асырылады:

Жағдай нормал ҳалатқа қайтқанға шекем айрықша жағдайларға жуўап бериў бойынша оператив ШТАБ шөлкемлестирилди.

Барлық автомобиллерге газ толтырыў компрессор станциялары (метан заправкалары) ҳәм улыўмалық аўқатланыў орынларына газ жеткерип берилиўи тоқтатылады.

Барлық жоқары оқыў орынлары, орта арнаўлы билим бериў мекемелери, улыўма билим бериў мектеплери ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде дем алыс күнлери 16-январьға шекем узайтылады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен халқымыздың күнделикли жәмийетлик транспортларға талабын қанаатландырыў ҳәм турақлы транспорт хызметин шөлкемлестириў мақсетинде жәмийетлик транспортларға бензин ушын компенсация пуллары төлеп бериледи.

Ҳүрметли пуқаралар, артықша ҳаўлықпаға берилмеўиңизди сораймыз!

Ҳүкиметимиз тәрепинен барлық айрықша жағдайлар хызметлери күшейтирилген режимде жумыс алып барыўы жолға қойылған ҳәм жағдайдан тезирек шығып кетиў ушын бәрше зәрүрли илажлар көрилген.

Жағдай өзгергенде айрықша көрсетпелер берилип, қосымша түрде хабарландырылады.

ЎзбРус


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
👍9
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Жәмийетлик транспортлардың турақлылығын тәмийнлеў мақсетинде АИ-80 маркалы бензин ислеткенлиги ушын төленетуғын компенсация пуллары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы шешими менен Транспорт министрлигине өткерип берилген ҳәм усы компенсация пуллары арқалы Транспорт министрлиги жәмийетлик транспорт пенен тәмийинлеўши кәрханалар менен есап-санақ жумысларын алып барады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
👍7
Жеке қабыллаў өткерилди

Бүгин Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасында Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратовтың пуқаралардың мүрәжатларын үйренип шығыў мақсетинде жеке қабыллаўы өткерилди.

Қабыллаўда өзлериниң түрли машқаларға байланыслы мүрәжатлары менен қатнасқан пуқаралардың мәселелери сол орынның өзинде тийисли тараў басшыларының қатнасыўында үйренилип шығылды.

Үйренип шығыў ушын ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлардың шешими Халық қабыллаўханасы тәрепинен қадағалаўға алынды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
👍20