Kegeyli.uz/Рәсмий канал
7.11K subscribers
28K photos
2.81K videos
57 files
4.33K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
Сессияның күн тәртибиндеги биринши мәселе “Жайлаўлар ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Дуйсенбай Утамбетов баянат жасады.

Қарақалпақстан Республикасының жайлаў жерлериниң улыўма майданы 5 млн. 185,3 мың гектарды яки республикамыздың улыўма жер майданының 31 процентин қурайды.

Бүгинги күнде бул жерлерде 840 тан аслам шарўашылық ҳәм қаракөлшилик жөнелисиндеги фермер хожалықлары жумыс алып бармақта, олар тәрепинен қаракөл териси, жүни ҳәм гөш-сүт өнимлери жетистирилип атырғаны сессияда атап өтилип, бул мәселе қарап шығылды.

Нызам жойбары бойынша 25-санлы “Наўбаҳар” сайлаў округинен депутат Адилбек Реимбаев шығып сөйлеп, өз пикирин билдирди.

Сессияның күн тәртибиндеги дәслепки мәселе бойынша қарар қабыл етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Кейинги мәселе, яғный қала ҳәм районлық халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайлары тәрепинен субсидиялар ажыратылыўында нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўи жағдайы ҳаққында Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине парламентлик сораў жибериў туўралы Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Зухра Реймова баянат жасады.

Сессияда күн тәртибиндеги екинши мәселе қарап шығылып, тийисли қарар қабыл етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Өткерилип атырған сессияның күн тәртибиндеги кейинги мәселе Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл 16-июньдағы «Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысының ашықлығын тәмийинлеў, сондай-ақ, жәмийетлик қадағалаўды нәтийжели әмелге асырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-6247-санлы қарары талапларының орынланыўы бойынша Министрлер Кеңесиниң мәлимлемеси туўралы болып, бул мәселе бойынша Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Расул Зарикеев шығып сөйледи.

Бул Пәрманның ең тийкарғы ўазыйпасы – Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў, сондай-ақ, жәмийетлик қадағалаўды нәтийжели әмелге асырыўда зәрүр болатуғын мәлимлемеден кең жәмийетшиликтиң ҳеш қандай қыйыншылықларсыз пайдаланыўын тәмийинлеўден ибарат. Пәрман мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының қабыл етилип атырған ҳәр бир қарар ушын жуўапкершилигин арттыратуғынлығы атап өтилип, күн тәртибиндеги мәселе бойынша депутатлар тәрепинен арнаўлы қарар қабыл етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
1_декабрь_қарақалпақ_тили_байрамы

Бүгин райондағы 39-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде 1-декабрь Қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн мүнәсибети менен «Мәмлекетлик тил бийлигиниң ҳуқықый тийкарлары» атамасында үгит-нәсият илажы болып өтти.
Илажда районлық Әдиллик бөлими баслығы Б.Ҳикметуллаев, район ҳәкиминиң мәсләҳатшиси Қ.Жиемуратов, Дин ислери комитетиниң райондағы ўәкили Қ.Аллахов, районлық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Б.Матековлар қатнасып, Мәмлекетлик тил бийлигиниң ҳуқықый тийкарлары бойынша кең түсиниклер берди.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@kegeylirkuzofficial