Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.92K subscribers
28.4K photos
2.86K videos
57 files
4.39K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
#Қурылыс
ϴзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «2022-2024-жылларда Қаракалпақстан Республикасының арқа районларында аўыл хожалығы тараўын  раўажландырыў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы мәжилис баяны  тийкарында белгиленген тапсырмаға муўапық, 12 ўәлаят Қарақалпакстанның арқасындағы районларға бириктирилген еди.

Бул бағдарда Кегейли районына бириктирилген Әндижан ўәлаяты тәрепинен районның имканиятлары терең үйренилген ҳалда, бүгин ўәлаят исбилерменлери тәрепинен жобаға киритилген жойбарды турмысқа енгизиў бойынша жумыслар жедел пәтлерде алып барылмақта.

Атап айтқанда, Ақтуба аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан ажыратылған 1 гектар жер майданда  қурылысы басланған "Aqtuba textil group" ЖШЖ ниң қурылысы Туркия мәмлекетинен алып келинген қурылыс материаллары тийкарында алып барылмақта. Жойбардың улыўма баҳасы 30 млрд сўм болып, қурылыс жумыслары жуўмақланғаннан соң, 500 ҳаял-қыз  жумыс пенен бәнтленеди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қурылыс
#Медицина

Кегейли районлық Медицина бирлеспеси өз жумысын баслады

Қурылыс-оңлаў жумыслары жуўмақланған жаңа имаратта жумыслар күнделикли тәризде даўам етип, тараў пидайылары бийтаплардың дәртине дәрман болмақта.

Емлеўхана барлық қолайлы шараятларға ийе болды. Ең баслысы, жаңа заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинленип, районда тараўдың имканиятлары және де кеңейди.

Келеси хабарларымызда олардың әҳмийетине кеңнен тоқталып өтемиз.


Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
#Қурылыс
#фоторепортаж

"Жаңа Өзбекстан" турақ жайлар массиви.

@kegeylirkuzofficial
#Қурылыс

"Жаңа Өзбекстан" турақ жайлары. Жаңа имканият, заманагөй қолайлық ушын!

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
#Қурылыс

Кегейли қурылыс майданына айланбақта.

"Жаңа Өзбекстан" массиви-жаңа үй-жай, заманагөй қолайлық ҳәм жаңа имканиятлар тийкары!

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
#Қурылыс

Жүзимбағта 90 орынлық балалар бақшасы бой тикледи

Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйынының Қутлы мәкан көшесинде үлги жойбар тийкарында қурылған турақ жайларда 80 нан зыят хожалықлар жасайды. Усы күнге шекем аймақта бирде бир балалар бақшасының жоқлығы пуқаралар ушын бираз қыйыншылықлар пайда етип киятыр еди. Ал, Өзбекстан Республикасы Президентиниң “2024-2026-жылларда Өзбекстан Республикасыныӊ социаллык ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-404-санлы қарары усы аймақта жасаўшы халықтың машқаласына шешим болды. Улыўма баҳасы 4 млрд 500 млн.сум болған 90 орынлық балалар бақшасы имаратын курыў жумыслары “Макс элит строй” ЖШЖ тәрепинен алып барылып, бүгинги күнде ишки ҳәм сыртқы безеў жумыслары алып барылмақта.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial