КЕГЕЙЛИДЕ "БОС ЖУМЫС ОРЫНЛАРЫ" МИЙНЕТ ЯРМАРКАСЫ ӨТКЕРИЛДИ
Бүгин районы 11-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде район ҳәкимлиги, районлық Прокуратура, Мәжбүрий орынлаў бюросы ҳәм Ҳалық бәнтлигине көмеклесиў орайы менен биргеликте алимент төлемлеринен қарыздарлықлары бар болған ҳәм жумыссыз пуқарарлар ушын нәўбеттеги бос жумыс орынлары ярмаркасы болып өтти.
Ярмаркада сөзге шыққанлар, өткерилип атырған илаждың мақсетине кеңнен тоқталып өтти.
Ярмарка даўамында райондағы 62 мәкеме өзлеринде бар болған 194 бос жумыс орынлары менен қатнасты ҳәм 40 тан аслам жумыссыз пуқаралар қамтып алынды.
Ярмарка жуўмағы менен, 4 пуқараға мийнет мүнәсибетлери бойынша ҳуқықый мәсләҳәтлер берилип, 5 пуқара кәсипке қайта таярлаў жөнелисине жоллама алды. 18 пукараға бос жумыс орынларына жоллама берилди.
Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Каналымызға ағза болың : 👉@kegeylirkuzofficial

YARMARKADA KÓSHPELI XÍZMETLER KÓRSETILDI
Búgin rayonda ótkerilgen "Bos jumıs orınları" yarmarkası dawamında Ádillik bólimi, mámleketlik xizmetler orayı xızmetkerleri tárepinen jaslarǵa mámleketlik xızmetlerden onlayn tárizde paydanıwdaǵı belgilengen jeńillikler boyınsha, sonday-aq, sońǵı ózgerisler haqqında, yaǵnıy, elektron sanlı imza talap etilmey, barlıq túrdegi kompyuter hám mobil qurılmalardan mámleketlik xızmetlerinen paydalanıw imkániyatı MOBILE ID – sistemasınan paydalanıw tártibi boyınsha túsinik jumısları alıp barıldı.
Yarmarka sheńberinde oray xızmetlkerleri tárepinen puqaralarǵa 30 dan aslam kóshpeli mámleketlik xizmetler кórsetildi.
Kegeyli rayonı hákimliginiń Málimleme xızmeti
@kegeylirkuzofficial

Екинши сектор аймағында қайырқомлық илажлары даўам етпекте
Мүтәж инсанларға қайыр-сақаўат кɵрсетиў, инсанлар арасында меҳир-мириўбетти және де беккемлеп, ɵз-ара ҳүрмет ҳәм татыўлық сезимлериниң артыўына, жәмийеттиң және де алға илгерлеўи ушын алып барылып атырған ийгиликли басламалардың раўажланыўына хызмет етеди.
Бүгин район прокуроры, 2-сектор баслығы Қ.Бекмуратовтың басшылығында секторға бириктирилген Жылўан жап ҳәм Қуяшлы мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы имканитяты шекленген, материаллық жәрдемге мүтәж пуқаралардың шаңарақларынан хабар алынып, азық-аўқат ɵнимлери ҳәм ден-саўлығы менен байланыслы машкалалары бар болған пуқараларға реабилитация буйымлары тапсырылды.
Бундай, қайыр-сақаўат илажлары арқалы, сектор аймағында ҳеш бир инсан меҳир ҳәм итибардан шетте емеслиги және бир мәрте ɵз дәлилин таппақта.

Мүрәжатлар унамлы шешилмекте
Бүгин райондағы 11-санлы Балалар музыка ҳәм кɵркем-ɵнер мектебинде район ҳәкими Д.Утемуратовтың Халық қабыллаўханасы ҳәм сектор басшылары менен биргеликте пуқаралардың мүрәжатларын қабыл етиў бойынша гезектеги қабыллаўы ɵткерилди.
Қабыллаўға пуқаралар тәрепинен келип түскен мүрәжатларды мазмун жағынан талықлап қарағанымызда, басым кɵпшилик мүрәжатлар егислик жерлерди суўғарыў ушын суў, үй-жай оңлаў, электр энергиясы ҳәм материаллық жәрдем мәселелери менен байланыслы машқалалар екенлигин аңлаўымызға болады.
Қабыллаўда мүрәжатлар сол орынның ɵзинде тийисли тараўлар менен биргеликте ҳәр тәреплеме үйренилип шығылды ҳәм атап өтилген тараўлар кесиминде еле де нәтийжели жумысларды алып барыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.
Қабыллаўда жәми 12 мүрәжат қабыл етилип, 5 мүрәжат орнында шешилди ҳәм қалған мүрәжатлардың орынланыўы қадағалаўға алынды.