Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.86K subscribers
30.7K photos
3.14K videos
63 files
4.85K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
КЕГЕЙЛИДЕГИ ИНТЕНСИВ БАҒ ҲАҚҚЫНДА

🌳Кегейли районы Ақтуба аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан академик Махмуд Мирзаев атындағы бағшылық, жүзимшилик ҳәм виношылық илим-изретлеў институты Қарақалпақ илимий тәжирийбе станциясында Республикамыздың кескин ɵзгериўшең климаты, топырақтың күшли шорланыўы, суў ресурсларының шекленгенлиги ҳәм басқада тәбияттың қолайсыз факторларына бийимлескен мийуе нәллерин жетистириў бойынша жаңа агротехнологиялары тийкарында мийўе нәллерин жетистириўде кең кɵлемде әмелий ҳәм илимий жумыслар алып барыў жолға қойылған.

Станцияға 2013-жылы Германия бирге ислесиў шɵлкеми жәрдеминде заманагɵй илимлер ҳәм технологияларға тийкарланған илимий экспериментал тәжирийбе мақсетинде 0,7 га майданда нәлхана ҳәмде 2 га майданда аналық мийўе бағлары коллекциясы жаратылған.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
СЕКТОР БАСЛЫҒЫ ҚАБЫЛЛАЎ ӨТКЕРДИ

✏️Бүгин райондағы 1-секторға қараслы Нурлы бостан мәкан пуқаралар жыйынында район ҳәкими, 1-сектор баслығы Д.Утемуратовтың сектор аймағында жасаўшы пуқаралар ҳәм жаслардың мүрәжатларын қабыл етиў бойынша кɵшпели қабыллаўы ɵткерилди.

Қабыллаўда тийкарынан бәнтлик, коммуналлық хызметлердиң сапасын асырыў, материаллық жәрдем ажыратыў ҳәм ишки жолларды қайта реконструкция қылыў ҳәм кадастр мәселелерине байланыслы болған мүрәжатлар қабыл етилди.

Айырым мүрәжатлар бойынша тараў қәнигелери тәрепинен мурәжат ийелерине түсиниклер берилди. Шешилиўи ушын ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар бойынша район ҳәкими тийисли тараў қәнигелерине анық тапсырмалар берди ҳәм мүрәжатлардың үйренилиў процесси район ҳәкиминиң қадағалаўында болатуғынлығын атап өтти.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
#Онлайн

Бүгин Нɵкис қаласындағы Туран стадионында спорттың футбол түринен «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубогы» ушын ɵткерилип атырған спорт жарысының Қарақалпакстан Республикасы басқышында Кегейли районының «Жылўан жап МПЖ» командасы Шоманай районының «Тазабазар МПЖ» жасларының командасы менен жасыл майданда топ теўип, ойын жуўмағында 0:0 есап пенен ойынды жуўмақлады.

Ертең, 10-июнь күни саат 10:00 де Туран стадионында «Жылўан жап МПЖ» жаслары командасы менен Нөкис қаласының районының «Туран МПЖ» командасы менен беллеседи.

Командамыз "Д" топарда жетекши орында турыпты.

Сонлықтан, бәршени районымыз абырайын мүнәсип қорғап атырған спортшы жасларды қоллап-қуўатлаўға шақырамыз!

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
➡️
@kegeylirkuzofficial
#Дыққат_концерт
#Бүгин
ҲҮРМЕТЛИ РАЙОНЫМЫЗ ТУРҒЫНЛАРЫ!

Бүгин орайлық "Кегейли" стадионында
"Өзбекконцерт" мәмлекетлик мәкемеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими қосықшылары,
Эстрада жулдызлары қатнасыўында өткерилип атырған "ГАЛА КОНЦЕРТ" бағдарламасын Youtube социаллық тармағының силтеме арқалы туўрыдан-туўрыдан эфирде тамаша етсеңиз болады.

@kegeylirkuzofficial
#Онлайн
#Концерт
#Бүгин

Орайлық "Кегейли" стадионында өткерилип атырған қарақалпақ эстрада қосықшыларының атқарыўындағы "Гала концерт"тен көринислер.

@kegeylirkuzofficial