Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.8K subscribers
28.9K photos
2.93K videos
57 files
4.54K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
"ЖАҢА ӨЗБЕКСТАН" ТУРАҚ ЖАЙЛАР МАССИВИ УШЫН ЭЛЕКТР ТАРМАҚЛАРЫ ТАРТЫЛМАҚТА

⚡️Президентимиздиӊ 2021-жыл 9-декабрьдеги «Жаңа Өзбекстан» массивлерин қурыў ҳәм аймақлардыӊ социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў ҳаққында»ғы ПП-32-санлы Пәрманы тийкарында районымызда жаӊа турақ-жайлар массивин шөлкемлестириў ушын «Ақтуба» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан ажыратылған 10,8 гектар жер майданында турақ жайлардың қурылыс жумыслары алып барылмақта.

Қурылыс бойынша жуўапкер барлық тараўлар өзлериниң искерлигинен келип шығып, белгиленген жумысларды әмелге асырмақта.

Атап айтқанда, бүгин районлық Электр тәмийинлеўши кәрханасы тәрепинен массивтеги турақ жайларды сапалы электр энергиясы менен тәмийинлеў мақсетинде, 0,7 км аралыққа жаңадан бетон бағаналар орнатылып, 400 ква трансформатор пунктин орнатыў жумыслары әмелде орынланбақта.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Давлатимиз раҳбари Косон туманидаги “Бунёдкор” пахта-тўқимачилик кластерининг ишлаб чиқариш корхоналарини бориб кўрди.
Туркия ва Италиядан келтирилган ускуналар билан жиҳозланган мазкур корхона йилига 6 миллион дона тайёр трикотаж ишлаб чиқариш қувватига эга.
Айни пайтда фабрикада 320 нафар хотин-қизлар ишламоқда. Президент улар билан суҳбатлашиб, ишларига муваффақият тилади.

Глава государства посетил предприятия хлопково-текстильного кластера «Бунёдкор» в Касанском районе.
Оснащенное оборудованием производства Турции и Италии предприятие способно выпускать 6 миллионов готовых трикотажных изделий. Планируется произвести одежду почти на 100 миллиардов сумов и экспортировать готовую продукцию на сумму более 2 миллионов долларов.
В настоящее время на фабрике работают 320 женщин. Президент побеседовал с ними и пожелал успехов.

#Mirziyoyev #safar #Qashqadaryo #korxona

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
"Қумшүнгил"АПЖ Соржап аўылы аймағынан шөлкемлестирилип атырған "Кумшүнгил ҳалол барака" ЖШЖ ушын шарўашылық ҳәм қусшылық кластериниң қурылысына ажыратылған 4 га жер майданында қурылысқа таярлаў жумыслары алып барылмақта.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
📣📣📣ҲҮРМЕТЛИ АТА-АНАЛАР!

⚡️Усы жылдың 23-апрель саат 15:00 ҳәмде 17:00 де Кегейли районы 11-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде "Tamasha álemi" атлы театрластырылған концерт-шоу бағдарламасында, Сизди, перзентлериңиз бенен бирге күтип қаламыз.

Билетлер сатыўда!

➡️@kegeylirkuzofficial
БУГИН МҮРӘЖАТЛАРДЫ ҚАБЫЛЛАЎ КУНИ

Бүгин райондағы 11-санлы Балалар музыка ҳәм кɵркем-ɵнер мектебинде район ҳәкими Д.Утемуратов ҳәм сектор басшыларының пуқаралардың мүрәжатларын қабыл етиў бойынша гезектеги қабыллаўы ɵткерилди.

Қабыллаў даўамында районның түрли аймақларынан ɵз мүрәжатлары, пикир-усыныслары менен қатнасқан пуқаралардан коммуналлық мәселелер, бәнтлик, үй-жай ҳәм егислик суў машқалаларына байланыслы жәми 18 мүрәжат қабыл етилип, оннан 5 мүрәжат сол орынның ɵзинде тийисли тараў басшыларының қатнасыўында имканиятлар шеңберинде үйренилип шығылып сол орынның ɵзинде унамлы шешилди.

Сондай-ақ, бүгинниң ɵзинде районның бир нешше мәҳәллелеринде сектор басшылары тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабыл етиў бойынша кɵшпели қабыллаўлар ɵткерилди. Бул ҳаққында толығырақ мағлыўмат берип барамыз.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial