#Жасыл_мәкан
Ерте таңнан өткерилген штаб мәжилисинде белгилеп берилген тапсырмалар тийкарында, райондағы мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң мийнет жәмәәтлери ҳәм пуқараларымыз тәрепинен әтирап-аймақты абаданластырыў жумыслары алып барылды.
Абатлық кеўиллерден басланады. Жасап турған жеримиз, жумыс ислеп атырған мәнзилимиз азада болса, кеўлимиз пәк, ийгиликли ислеримиз өнимли болады.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial

Х А Б А Р Л А Н Д Р Ы Ў
Кегейли районы «Ақтуба» АПЖ аймағында 2022-жыл 13-апрель күни саат 09:35 ден 18:00 ге шекем 20-санлы трансформатор пунктинен шығыўшы 0,4 кВ ҳаўа линиясында киши оңлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.
👉@kegeylirkuzofficial

📢Daǵaza!
15-aprel Mádeniyat hám kórkem-óner xızmetkerleri kúni
Mádeniyat xızmetkerleriniń bayram kúnleri sheńberinde "Mádeniyat hám kórkem-óner-rawajlanıw deregi" súreni astında mádeniy ilajlar ótkeriliwi belgilengen.
14-aprel 15:00 Quwirshaq teatri
14-aprel 19:00 Gala konsert
15-aprel 14:00 Xoshametlew
Kegeyli rayonlıq Mádeniyat bólimi bayram tamashalarına bársheni mirát etedi. Shańaraq aǵzalarıńız benen kelip, mádeniy dem alıń.
Mánzil: 11-sanlı balalar muzıka hám kórkem-óner mektebi

ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!
Кегейли районы 11-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде 2022-жылдыӊ 15-апрель күни саат 10:00де районлық Прокуратура, Мәжбүрий орынлаў бюро ҳәм Ҳалық бәнтлигине көмеклесиў орайы менен биргеликте алимент төлемлеринен қарыздарлықлары бар жумыссыз пуқарарлар ушын шөлкемлестирилген мийнет ярмаркасы болып өтетуғынлығын хабарлаймыз.
Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

#Көшпели_қабыллаў
ҚАБЫЛЛАЎ ҲӘКИМ СЕКТОРЫНДА БОЛДЫ
Бүгин 1-секторға қараслы "Нурлы бостан" мәкан пуқаралар жыйынындағы 14-санлы мектепте 1-сектор аймағында жасаўшы пуқаралардың мүрәжатлары қабыл етилди.
Қабыллаў даўамында 15 мүражат қабыл етилип, олар тийкарынан жер орнын ажыратыў, медициналық жәрдем, үй-жай мәселеси ҳәм басқа да машқалаларға байланыслы қабыл етилди.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлме хызмети

Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
КЕГЕЙЛИДЕ "ЖАҢА ӨЗБЕКСТАН" ТУРАҚ ЖАЙЛАР МАССИВИНИҢ ИРГЕ ТАСЫ ҚОЙЫЛДЫ
Президентимиздиӊ 2021-жыл 9-декабрьдеги «Жаңа Өзбекстан» массивлерин қурыў ҳәм аймақлардыӊ социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў ҳаққында»ғы ПП-32-санлы Пәрманы тийкарында Кегейли районында жаӊа турақ-жайлар массивин шөлкемлестириў ушын «Ақтуба» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 10,8 гектар жер майданы таӊлап алынған еди.
Бүгин жаңа имараттың ирге тасы қаланып, қурылыс жумыслары баслап жиберилди. Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Министрлер Кеңеси Баслығы Қ.Сариев, тийисли тараў ўәкиллери қатнасты.
Илажда қурылыс жумысларының алып барылыў тәртиби, белгиленген объектлердиң пайдаланыўға тапсырылыў ўақты сондай-ақ, басқада мағлыўматлар жыйналғанлар нәзерине усынылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
website |facebook | telegram