Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.96K subscribers
30.4K photos
3.11K videos
63 files
4.82K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
КЕГЕЙЛИДЕ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛГЕН КЛАСТЕРЛЕР МЕНЕН ТАНЫСЫЎ

⚡️2022-2026-жылларға мөлшерлеген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының 3-жөнелисинде миллий економиканы раўажландырыў бағдарындағы режелер баян етилген. Әлбетте, бул ўазыйпаларды әмелге асырыў, экономиканың турақлылығын ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде бүгинги күнде кластерлердиң тутқан орны айрықша болмақта.

Кластерлердиң хызметин раўажландырыўда Кегейли районында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм аўыл хожалығы тараўының нәтийжели көрсеткишлери менен жақыннан танысыў мақсетинде бүгин ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында медиа-тур шөлкемлестирилди.

Бүгинги күнде районда ғәлле, пахта ҳәм мийўе-палызшылық жөнелислеринде жәми 5 кластер шөлкемлестирилген болып, медиа-тур қатнасыўшылары кластер жумыслары менен танысты.

Сондай-ақ, қатнасыўшылар "Ақтуба" аўыл пуқаралар жыйынында шөлкемлестирилген "Пахтакеш Дәўлетбийке" фермер хожалығында болды. Бүгинги күнде фермер хожалығы ағзалары тәрепинен 45 га майданға егилген гүзлик бийдайды тәрбиялаў жумысларына айрықша итибар қаратылған болып, агротехникалық қәделерге сай рәўиште минерал төгинлер менен азықландырыў бойынша орынланып атырған жумыслардың барысын көзден өткерип, қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
#Mobil_foto
АЎЫЛ ПУҚАРАЛАР ЖЫЙЫНЫ УШЫН ЖАҢА ИМАРАТ

Кегейли районы 1-сектор аймағында жайласқан "Көк өзек" аўыл пуқаралар жыйыны 2021-жылдың май айында "Жалпақ жап" аўыл пуқаралар жыйынынан ажыратылып, жаңадан шөлкемлестирилген еди.

Бүгинги күнде аймақ халқының саны 1361 болып, олар 596 шаңарақта жасайды. Бир неше мәрте алып барылған үйрениў жумысларының нәтийжесинде, пуқаралар жыйыны ушын жаңа имарат зәрүрлиги анықланған еди.

Усы тийкарда, Кегейли районы ҳәкимлигиниң усынысы менен аймаққа бириктирилген Әндижан ўәлаяты Асака районы ҳәкимлигиниң қәўендерлигинде ҳашар жолы менен заманагөй жойбарлар тийкарында мәҳәлле пуқаралар жыйыны ушын жаңа имараттың қурылыс жумыслары баслап жиберилди.

Имарат ушын 400 метр жер орны ажыратылып, жойбар баҳасы 250 млн сўмды қурайды. Жедел пәтлер менен алып барылып атырған қурылыс жумыслары тез ўақыт аралығында жуўмақланып, әтирапын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў ислери алып барылады.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
📣📣📣ҲҮРМЕТЛИ ПУҚАРАЛАР!

2022-жылдың 30-март сәнесинде саат 10:00 де Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жанындағы Кегейли хызмет көрсетиў техникумы имаратында "Бос жумыс орынлары" ярмаркасы болып өтетуғынлығын хабарлаймыз.

@kegeylirkuzofficial
#Жасыл_маскан
#Кегейли
#әҳмийетли_40_күн

Кегейли районында ҳәр күни даўам етип атырған "Әҳмийетли 40 күн" жойбары бүгин де ерте таңнан саат 7:00 де баслап жиберилди.

Ҳәзирги минутларда район ҳәкими Д.Утемуратов басшылығында сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары ҳәм мәкеме, шөлкем баслықларының қатнасыўында акцияны шөлкемлестириў илажлары көрип шығылмақта.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

⚡️Кегейли районлық электр тәмийинлеўши кәрханасы Кегейли районлық электр тәмийинлеўши кәрханасының берген мағлыўматына тийкар:

⚡️Кегейли районы «Жузимбаг» АПЖ аймағында 2022-жыл 30-март күни саат 09:30 дан 18:00 ге шекем 329-санлы трансформатор пунктинен шығыўшы 0,4 кВ ҳаўа линиясында ири оңлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

⚡️Кегейли районы «Жалпақ жап» АПЖ аймағында 2022-жыл 30-март күни саат 09:34 ден 18:00 ге шекем 232-санлы трансформатор пунктинен шығыўшы 0,4 кВ ҳаўа линиясында киши оңлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

⚡️Кегейли районы «Ақтуба» АПЖ аймағында 2022-жыл 30-март күни саат 09:35 ден 18:00 ге шекем 18-санлы трансформатор пунктинен шығыўшы 0,4 кВ ҳаўа линиясында киши оңлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылатуғынлығын хабарлаймыз.

@kegeylirkuzofficial
⚽️Бугин Кегейли районы аймағында жасаўшы 18 жастан 30 жасқа шекемги жумыссыз, жәмлеспеген ҳәм ЖОО оқыйтуғын жаслардан дүзилген командалар арасында спорттың футбол түринен "ӘНДИЖАН ЎӘЛАЯТЫ ҲӘКИМИ КУБОГЫ " ушын спорт жарысларының биринши күнине старт берилди.

Кубог ушын жарыслар усы жылдың 31-март ҳәм 1-апрел күнлери де даўам етеди.

👉@kegeylirkuzofficial
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Кегейлиде "Әндижан ўәлаяты ҳәкими кубогы" ушын спорт жарысларына старт берилди.

@kegeylirkuzofficial
BELGILI JAZÍWSHÍ HÁM JURNALIST JIYENBAY MOYANOVTÍŃ MIYNETLERI MUZEYIMIZGE TAPSÍRÍLDÍ

⚡️ Usı jıldıń 29-mart kúni Berdaq atındaǵı Qaraqalpaq ádebiyatı tariyxı mámleketlik muzeyine belgili jazıwshı hám jurnalist Jiyenbay Moyanovtıń miynetleri tapsırıldı.

J.Moyanov 1945-jılı Kegeyli rayonı Aqtuba puqaralar jıyını aymaǵında tuwılǵan. Joqarı oqıw ornın tamamlap, 1969-jıldan rayonlıq gazetada, soń rayonlıq atqarıú komitetlerinde xızmet etken.

1979-1984-jılları házirgi «Erkin Qaraqalpaqstan» gazetasıngda xabarshı, soń Bozataw rayonlıq partiya komitetiniń úgit-násiyat bѳlimi baslıǵı, «Ílǵallı miynet» gazetasınıń redaktorı, 1988-jıldan bolsa Kegeyli rayonlıq «Kegeyli turmısı» gazetasınıń redaktorı bolıp jumıs isledi.

Dawamı 🌐 berdakhmuseum.uz/4100.html

➡️@kegeylirkuzofficial