#Mobile_foto
🚰ЖҮЗИМБАҒ АЎЫЛЛАРЫ СУЎ МЕНЕН ТӘМИЙИНЛЕНБЕКТЕ
✏️Кегейли районы 1-секторға қараслы Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйынына бириктирилген Әндижан ўәлаятының Избасқан районы ҳәкимлиги тәрепинен аймақтағы 56 хожалық жасаўшы Жаран ҳәм 274 хожалықтан ибарат Қосқала аўылларының ишимлик суўы жетип бармаған мәнзиллеринде жасаўшы шаңарақларды жер кранларын қазыў арқалы суў менен тәмийинлеў жумыслары әмелге асырылмақта.
📌Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, бүгинги күнде Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 875 хожалықта жасаўшы халық саны 4182 ни қурайды.
✍Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial

Қыйыншылық ҳәм жетиспеўшилик келгенде қасыңда еки достың болыўы керек;
бири - САБЫР, екиншиси - ШУКИР.
Олар менен бәрше машқалалар ҳәм тәшўишлерди жеңип өтесең!
📝📝📝@ibratli_sozler

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Дыққыт! Дыққат!
📌Бүгин, яғный 13-март күни саат 14:00 де 11-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде "Қуўнақ жаслар лигасы"ның нәўбеттеги тамашалары болып өтеди.
🏃Асығың, орынлар шекленген.
👍Өзиңиз ҳәм жақынларыңыздың дем алыс күни кеўилли өтиўине кепиллик беремиз!

"Әндижан полкасы" ҳәмде "Қарақалпақ миллий ойынлары" бойынша көрик таңлаў өткерилди
⚡️12-март күни Кегейли районы халық билимлендириў бөлимине қараслы 14-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Әндижан ўәлаяты халық билимлендириў басқармасы сыйлығы ушын "Әндижан полкасы" ҳәмде "Қарақалпақ миллий ойынлары" көрик таңлаўы болып өтти.
Әндижан ўәлаятының Исбасқан районы халық билимлендириў бөлими ҳәмде Кегейли районы халық билимлендириў бөлими менен биргеликте шөлкемлестирилген көрик таңлаўда барлық мектеплердиң оқыўшы жаслары өзлериниң өнерлерин шеберлик пенен атқарды.
Таңлаў жуўмағына көре қатнасыўшы мектеплер төмендеги нәтийжелерге еристи:
1-орын 55-санлы мектеп
2-орын 9-санлы мектеп
3-орын 14-санлы мектеп
Көрик таңлаўда жеңимпаз болған мектеплерге Исбасқан районы халық билимлендириў бөлими баслығы тәрепинен диплом ҳәмде баҳалы саўғалар тапсырылды
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

Халықлар дослығы. Бүгин қазақ халқының көрисиў байрамы
КӨРИСЕЙИК КЕЛ БАЎЫРЫМ
Сәлем деген дин исламда сүннетғой,
Сүннет деген ҳәр адамға миннетғой,
Қушақласып көрисейик баўырым
Қазақ деген кең пейилли миллетғой.
Туўысқансаң өзбек киби қазағым,
Көрдик бирге өтмиштиң не азабын.
Қораң малға толып, үйиң ул-қызға
Жолың болып, жақын болғай узағың.
Қазақ баўыр бизиң менен туўысқан,
Жаў жуңғарды аямай көп қуўысқан.
Қуўанышты екеўи тең байрамлап
Тилек айтып дәстурханда жуўысқан.
Қуда болып қыз алысып, берискен,
Нан сындырып еки тəреп келискен.
Қазақ, Қарекеңниң не бир жаслары
Турмыстағы бахытқа көп ерискен.
Егиз қойдай биз қаналас халықпыз,
Суўда жүзген мисли татыў балықпыз.
Қазақ баўыр кең далаға кеткен соң
Биз Қарекең усы жерде қалыппыз.
Оқығанбыз өлеңин көп қазақтың,
Тарийхыңда биз сыяқлы узақ дым.
Екеўимизде әзелден бир туўысқан
Урпағымыз Созақ пенен Разақтың.
Қазақ көрсем жақынымдай көремен,
Муңайса муңайып, күлсе күлемен.
Көриспесем қазақ пенен мен бүгин
Бир нәрсени жойтқандай боп жүремен.
КӨРИСЕЙИК КЕЛ БАЎЫРЫМ
Сәлем деген дин исламда сүннетғой,
Сүннет деген ҳәр адамға миннетғой,
Қушақласып көрисейик баўырым
Қазақ деген кең пейилли миллетғой.
Туўысқансаң өзбек киби қазағым,
Көрдик бирге өтмиштиң не азабын.
Қораң малға толып, үйиң ул-қызға
Жолың болып, жақын болғай узағың.
Қазақ баўыр бизиң менен туўысқан,
Жаў жуңғарды аямай көп қуўысқан.
Қуўанышты екеўи тең байрамлап
Тилек айтып дәстурханда жуўысқан.
Қуда болып қыз алысып, берискен,
Нан сындырып еки тəреп келискен.
Қазақ, Қарекеңниң не бир жаслары
Турмыстағы бахытқа көп ерискен.
Егиз қойдай биз қаналас халықпыз,
Суўда жүзген мисли татыў балықпыз.
Қазақ баўыр кең далаға кеткен соң
Биз Қарекең усы жерде қалыппыз.
Оқығанбыз өлеңин көп қазақтың,
Тарийхыңда биз сыяқлы узақ дым.
Екеўимизде әзелден бир туўысқан
Урпағымыз Созақ пенен Разақтың.
Қазақ көрсем жақынымдай көремен,
Муңайса муңайып, күлсе күлемен.
Көриспесем қазақ пенен мен бүгин
Бир нәрсени жойтқандай боп жүремен.
#Үлкемизде_Наўрыз
НАЎРЫЗ ТАМАШАЛАРЫ "МӘДЕНИЯТ"ТАН БАСЛАНДЫ
🌺Бәҳәр паслының сән-салтанатқа толы болған Улыстың уллы күни-Наўрыз байрамы бүгин район орайындағы "Мәденият" МПЖ 5-санлы мектепте "Қәдрирят, үрп-әдет, дәстүр ҳәм жаслар" сүрени астында аймақ нураныйлары, жаслар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында өткерилди.
Байрам салтанатын 2-сектор баслығы, район прокуроры К.Бекмуратов кирис сөз бенен ашып берди ҳәм жыйналғанларды байрам менен қутлықлады. Байрам илажында мәҳәллеге бириктирилген Әндижан ўәлаятының Алтынкөл районы ҳәкимлиги жуўапкер ўәкиллери де мийманда болды.
Түрли миллет ўәкиллерин бирлестирип, байрам қуўанышларын инәм еткен илаж даўамында аймақ жаслары тәрепинен халқымыздың әсирлеслерге теңлес миллий үрп-әдет, дәстүрлери түрли сахналық көринислер ҳәм тамашалар арқалы атқарылып, "Мәденият" тағы шадлы мәўритлер ойын-заўықларға уласып кетти.
Наўрыз сейиллери районымыз бойлап даўам етеди.

#Әндижан_хабарлары
БАЛИҚЧИЛИК ШИФОКОРЛАР КEГEЙЛИДА
Аввал хабар берганимиздек, Қорақалпоғистон Республикаси Кегейли тумани Жалпақжап овул фуқаролар йиғини ҳудудини комплекс ривожлантириш бўйича Балиқчи тумани фаоллари иш олиб боришмоқда. Айни кунларда балиқчилик шифокорлар Кегейли тумани Жалпақжап овули фуқаролари учун тиббий кўрик ўтказишмоқда.
Овулдаги 29 – оилавий поликлиника 9 минг 505 нафар аҳолига хизмат кўрсатади. Балиқчи тумани тиббиёт бирлашмасининг кардиолог, акушер-гинеколог, УЗИ шифокори, психиатр, невропатолог каби мутахассислари қорақалпоғистонлик шифокорлар билан ёнма ён эл саломатлигини сақлаш учун ҳар куни тиббий кўрик ташкил этишмоқда.
Facebook | Twitter | Instagram | YouTube | Telegram | TikTok