Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.84K subscribers
28.6K photos
2.89K videos
57 files
4.47K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
Кегейли районы 55-санлы математика пәнине қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мектебинде 13-ноябрь шембилик күни мүнәсибети менен «Мектепти жасыл мәсканға айландырамыз» сүрени астында улыўмалық терек егиў ҳәм абаданластырыў акциясы шөлкемлестирилди. Акцияға мектептиӊ оқыўшылар ҳәм оқытыўшылар жәмәәти белсене қатынасты.


👉@kegeylirkuzofficial
#Жыл_ҳаялы

“Жыл ҳаялы” миллий таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышында 3-орынды Қанлыкөл районы 2-санлы улыўма билим бериў мектеби оқытыўшысы Алламбергенова Нигора Гулмурзаевна, 2-орынды Тѳрткүл районы “Шўрахон” аўыл пуқаралар жыйыны баслығының орынбасары Аллабергенова Урингул Тухтабаевна, 1-орынды Кегейли районы “Арзыў” фермер хожалығы баслығы Салиева Палзада Жийенбаевналар ийеледи ҳǝм таңлаўдың Ѳзбекстан Республикасы басқышына жолланба алды.

“Жыл ҳаялы” миллий таӊлаўыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқышы қатнасыўшылары шѳлкемлестириўшилер тǝрепинен таярланған диплом ҳǝм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Дерек: https://t.iss.one/QQRmahalle
#online
#Әҳмийетли_40_күн
#Жасыл_маскан
#Кегейли

Бүгин де Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов ҳәм сектор басшылары, район белсендилери қатнасында "Жасыл маскан" акциясы шеңберинде нәл егиў ҳәм абаданластырыў жумыслары даўам етпекте.


Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети


@kegeylirkuzofficial
Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Орайы Кегейли районлық бѳлими тәрепинен 14-ноябрь күни «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары тийкарында райондағы улыўма орта билим бериў мектеплерине бекитилген Дѳретиўши мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылар менен биргеликте мекемеге бекитилген аймақта «Районымызды жасыл мәсканға айландырамыз» сүрени астында кѳкелемзарластырыў жумыслары алып барылды. Күн даўамында 200ден артық мийўе нәллер отырғызылды.

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Орайы Кегейли районлық бѳлими

@kegeylirkuzofficial