Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.92K subscribers
28.4K photos
2.85K videos
57 files
4.38K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
"Зорлыққа қарсы 16 күн" акциясы шеңберинде ушырасыў өткерилди

Бүгин Кегейли районында Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы, Кегейли районы ҳәкимлиги, ИИБ ҳәм Исбилерменлер ҳәрекети ÓZLidep ҚР Кеңеси менен биргеликте "Зорлыққа қарсы 16 күн" акциясы шеңберинде район ҳаял-қызлары менен сәўбетлесиў шөлкемлестирилди. Онда, ҳаял-қызлардың шаңарақта, жәмийетте ҳәм мәмлекетимиздиң раўажланыўында тутқан орны айрықша атап өтилип, ҳаял-қызларды зорлықтың ҳәр түрли көринисинен қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм илажлар бойынша мағлыўматлар берилди. Ҳаял-қызлардың машқалалары үйренилип, ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди ҳәм өзлериниң талапшаңлығы менен көпке өрнек болып киятырған ҳаял-қызлардың тәжирийбелери жыйналғанларға үлги етип көрсетилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
"Kegeyli jasları IT mektebi" oqıw orayında MOBILOGRAFIYA kursına qabıllaw baslandı.

Instagram arqalı ayına siz 100-300$ dáramat tabıwdı qáleysiz be?

1 ay dawamında Mobilografiya kursın úyrenip dáramatqa shıǵıń

Tolıq maǵlıwmat ushın tómenge “+” qaldırıń

☎️   93-712-49-41
        93-719-80-19


Biziń mánzil: Kegeyli rayonı, Jaslar orayı imaratınıń 2-qabatı. Baǵdar rayonlıq mádeniyat orayı.

Bizdi sociallıq tarmaqlardan baqlap barıń.

Telegram | Instagram
Кегейли  районы  "Қумшүнгил"  АПЖ  аймағында  2024-жыл  5 -декабрь   күни  саат 9:40 тан  18:00 ге шекем 142-санлы трансформатор  пунктлеринен  шығыӯшы 0,4 кВ ҳаӯа тармағында киши  оӊлаӯ  жумыслары өткерилиўине байланыслы  электр   энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

Кегейли районы «Жалпақ жап» АПЖ аймағында 2024-жыл 5-декабрь күни саат 9:40 тан 18:00ге шекем №222 санлы трансформатор пунктинен шығыўшы 0,4 кВ ҳаўа линиясында киши оңлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы электр энергиясы менен тəмийнлеў ўақтынша тоқтатылады.
#Arxiv_betleri

«Кегейли турмысы» газетасы архив санлары.
1978-жыл


Каналға ағза болыў: 👇
https://t.iss.one/RRAO_KRB
Тайынланды

Шамуратов Байрам Пийшенбаевич- "Аймақлық электр тармақлары" АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы Кегейли районы электр тәмийнаты кәрханасы баслығы лаўазымына тайынланды.

Б.Шамуратов 2013-жылдан берли электр тәмийнаты тараўында түрли жуўапкершиликли лаўазымларда хызмет атқарып, тайынлаўға шекем Кегейли районы электр тәмийинлеўши кәрханасында бас инженери лаўазымында жумыс ислеп келген. Тараўдағы мийнет стажы 11 жылды қурайды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Кегейлиде жаңа хызмет көрсетиў орны жумыс баслады

Исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў жумыслары өз нәтийжесин берип, районда олардың саны күннен-күнге артып бармақта. Бүгин Нурлы бостан МПЖ аймағынан халыққа хызмет көрсетиўши исбилерменлик орынларынан бири иске түсти. Мәденият МПЖ да жасаўшы Назира Тилеўмуратова өзиниң өнери менен ҳаял-қызлар ушын гөззаллық әлемин жаратып киятырған исбилерменлердиң бири. Ол усы күнге шекем 1 ханалы имартта 5 ҳаял-қыздың бәнтлигин тәмийинлеп, гөззаллық салонында жумыс ислеп келди. Өз жумысын еледе раўажландырыў мақсетинде заманагөй гөззаллық салоны ушын 2 қабатлы имарат қурып, пайтахт қалалардың имканиятларынан қалыспайтуғын жаңа хызмет көрсетиў орнын шөлкемлестириўге еристи.Өз жумысын баслап атырған имараттың ашылыў салтанатына район ҳәкими А.Камалов ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасып, исбилерменниң жумысларына табыслар тиледи. Енди бул имаратта 10 ға жақын жумыссыз ҳаял-қызлар жумыс пенен бәнт болады.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉
@kegeylirkuzofficial