Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.94K subscribers
28.3K photos
2.85K videos
57 files
4.38K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
Асылбекке турақ-жайдың гилти тапсырылды

Соңғы жылларда мәмлекетимизде бағыўшысын жоғалтқан, ата-анасы қарамағынан айырылған балаларға айрықша итибар қаратылып, социаллық қоллап-қуўатлаў бағдарында бир қанша унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасына тийкар, Кегейли районы Абат АПЖ да жасаўшы Қулмуратов Асылбекке район орайындағы «Мәденият» мәҳәллесинде жайласқан көп қабатлы имаратлардың биринен турақ жайдың гилти тапсырылды.

Илажға район ҳәкими А.Камалов, ϴзбекстан Республикасы Миллий гвардия ҚР бойынша басқармасы баслығының орынбасары С.Мамбеткаримов, «Инсан» социаллық хызметлер орайы директоры Р.Турданова, нураныйлар ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

Мағлыўмат ушын, А.Кулмуратов быйылғы жылда Абат АПЖ дағы 15-санлы мектептиң 11-класын тамамлап, Башқуртстан Республикасы УФА қаласындағы ЖОО бирине Авиация факультетине окыўға кирген келешегинен үмит күттиретуғын жасларымыздың бири.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial‌‌
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
📣 DÍQQAT, DÍQQAT 

JAŃA TAYARLÍQ KURSLARÍMÍZGA START BEREMIZ

Bizdegi kurslar
-Inglis-tili
-Matematika
-Dizaynerlik

🤩 7-Jastan baslap qabıllaw baslandı.

Dizimnen ótiw ushın :

@Tayarliq_jaslar_orayi_Ziyada

☎️ Qosımsha : 93-449-49-18, 99-096-4918
Ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: Президент "Тошкент-Шарқий" аэропортининг реконструкция жараёни билан танишди. Давлат раҳбари ФАО ва Хитой делегациялари билан учрашди. Остонада V Бутунжаҳон кўчманчилар ўйинларининг очилиш маросими бўлиб ўтди.

Ҳәптениң ең әҳмийетли ўақыяларына шолыў: Президент “Ташкент-Шығыс” аэропортының реконструкция процеси менен танысты. Мәмлекет басшысы ФАО ҳәм Қытай делегациялары менен ушырасты. Астанада V дүньяжүзлик көшпелилер ойынының ашылыў мәресими болып өтти.

Обзор важнейших событий за неделю: Президент ознакомился с ходом реконструкции аэропорта «Ташкент-Восточный». Глава государства встретился с представителями ФАО и КНР. В Астане прошло открытие V Всемирных игр кочевников.

Facebook|Instagram|X
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Камбағаллықтан шығарыў илажлары көрилмекте

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тапсырмасына тийкар, аймақларда кәмбағал шаңарақларды анықлаў, олардың дәраматларын асырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў арқалы кәмбағаллықтан шығарыў бойынша жумысларды шөлкемлестириў белгиленген.

Бунда, кәмбағаллық дәрежеси жоқары болған аймақлардан 20 шаңарақтың камбағаллыққа түсип қалыў себеплерин үйрениў арқалы нәтийжеге ерисиў мақсет етилген болып, бул бойынша Кегейли районында Гүжим терек МПЖ ҳәм Қумшүнгил АПЖ аймақлары таңлап алынып, ҳәзирде "Инсан" социаллық хызметлер орайы тәрепинен хатлаў жумыслары алып барылмақта.

Бүгин район ҳәкими Айбек Камалов Қумшүнгил АПЖ да шаңарақларды үйрениў жумысларына қатнасты. Пуқаралардың машқалаларын үйренип, олардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша бир қатар усынысларын билдирди. Әлбетте, ҳәким барған шаңарақлар да мәмлекет көрсеткен туўры жол менен жүрип, камбағаллықтан шығыў тәрептары екенлигин атап өтти.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial‌‌
Кегейли  районы  "Кумшунгул   АПЖ Гужим-терек МПЖ , аймагларында  2024-жыл 10-сентябрь  күни саат 18:00 ге шекем Дәрўазақум фидеринде  10кВ  хауа тармагында  киши  оӊлаӯ  жумыслары өткерилиўине байланыслы  электр   энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.
e-auksion.uz платформасы арқалы 6208 ға жақын көшпели саўда жерлерин 3 жылға ижараға алыӊ!

🟢
Нөкис қаласы 1136 (қараңыз)
🟢 Әмиўдәрья районы 364 (қараңыз)
🟢 Беруний районы 299 (қараңыз)
🟢 Бозатаў районы 189 (қараңыз)
🟢 Қараөзек районы 279 (қараңыз)
🟢 Кегейли районы 244 (қараңыз)
🟢 Қоңырат районы 452 (қараңыз)
🟢 Қаңлыкөл районы 308 (қараңыз)
🟢 Мойнақ районы 244 (қараңыз)
🟢 Нөкис районы 264 (қараңыз)
🟢 Тақыятас районы 307 (қараңыз)
🟢 Тахтакөпир районы 417 (қараңыз)
🟢 Төрткүл районы 468 (қараңыз)
🟢 Хожели районы 290 (қараңыз)
🟢 Шымбай районы 451 (қараңыз)
🟢 Шоманай районы 246 (қараңыз)
🟢 Елликқала районы 250 (қараңыз)

e-auksion.uz
👇Хабардар болыў ушын👇
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
#Тарийх

Уршық ислеп атырған усталар. Өткен әсирдиң 20-жыллары. Халқабад базары.

Каналға ағза болыў: 👇https://t.iss.one/RRAO_KRB
"Ийшан көпир" жаңадан қурылды

Кегейли районы «Ийшан қала» АПЖ аймағындағы «Ийшан көпир» аўылы менен "Халқабад дийқан базары" на шекемги аралық 2,5 км ди қурайды. Аўылды қала менен байланыстырыўшы ески көпирдиң жағдай жақсы болмағанлықтан пуқаралар усы аралықты айланба жол менен басып өтетуғын еди. Сонлықтан, аўыл халқы өзлерин көп жыллардан берли қыйнап киятырған көпир маселеси бойынша аймақтың сектор баслығы болған район прокурорына усыныс билдирди. Солай етип, прокурордың әмелий ҳәрекети менен, аўыл турғынлары менен биргеликте «Тентек жап» каналына узынлығы 12 метр кеңлиги 5 метр болған көпир қурылып, «Ийшан көпир» аўылында жасаўшы 70 тен аслам хожалықлықтың узағы жақын болды. Енди олар, Халқабадтың орайына барыў ушын 1,5 км аралықты ғана басып өтеди. Бүгин аўыл халқының қуўанышында шек жоқ. Олар өзлериниң сөзи тыңланып, тилеги орынланғаны ушын басшылардан миннетдар. Көпир болса оларға хызмет етиў ушын пайдаланыўға тапсырылды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial‌‌