Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.89K subscribers
28.5K photos
2.88K videos
57 files
4.45K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
#bes_baslama_olimpiadası
#Shaxmat_shashka
#Rayonlıq_bashqısh

"Bes baslama olimpiadası" sheńberinde Shaxmat-shashka sport jarısı ótkerildi.

🖐 "Bes baslama olimpiadası" sheńberinde ótkerilip atırǵan jarıs hám tańlawlar dawam etpekte.

🔷 Búgin olimpiada sheńberinde sporttıń Shaxmat-shashka túrinen ótkerilip atırǵan jarıstıń Kegeyli rayonlıq basqıshı bolıp ótti. Onda jaslar shashka sport túrinen 16-21, 22-26, 27-30 jas kategoriyasında, shaxmat sport túrinen bolsa jaslar 7-70+ jas kategoriyasında óz-ara bellesti.

⚡️ Jarıs juwmaǵına kóre 1-orındı iyelegen Jaslar olimpiadanıń Qaraqalpaqstan Respublikası aymaqlıq basqıshına jollama aldı.

👉 @kegeylirkuzofficial
#Оқыў_семинары

Бүгин Кегейли районындағы 16 мәҳәлледеги лидер ҳәм белсендилердиң мәҳәлле институтының жумысына байланыслы билим ҳәм көнликпелерин арттырыўға қаратылған оқыў-семинары шөлкемлестирилди.


Онда Кегейли районында Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы С.Турманов, Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы баслығының кеңесгөйи Х.Кетмонов, Аўқам басқарма баслығы Н.Мусаевлар қатнасты.

Жуўапкерлер қатнасыўшылар менен семинар мазмунына байланыслы өз билим-көнликпелерин бөлисип, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 21-декабрдеги ПП-209-санлы пәрманы ҳәм ПҚ-402-санлы қарарының мазмун-мәнисине тоқталып, «Мәҳәлле жетилиги»н шөлкемлестириўдиң социаллық зәрүрлиги ҳәм оның тийкарғы ўазыйпалары бойынша кең түсиниклер берилди. Семинар қатнасыўшылары тәжирийбели баянатшылардан жетилик жумысына байланыслы өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉
@kegeylirkuzofficial👈
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
👉Үй-жай шәраятын жақсылаўға мүтәж болғанларға 120 млн сўмға шекем кредит бериледи.

🏢Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги режелестириў-қадағалаў таллаў секторы баслығы И. Алдабергенов мағлыўмат берип өтти.

@kegeylirkuzofficial
⚡️Қрым-Конго геморрагиялық ысытпа кеселлиги

⚡️Қрым-Конго геморрагиялық ысытпа (ҚКГЫ) кеселлиги – қоздырыўшысы вирус болған, өткир аса қəўипли жуқпалы кеселлик. Бул кеселликтиң аўыр жағдайлары ақыбети өлим менен тамамланыўы мүмкин. Кеселлик вирусы тəбиятымызда тийкарынан кенелер арқалы тарқалады. Бул кеселлик адамларға үй ҳайўанларындағы кене шағыўы, оларды езип өлтириў, қойлардың жүнин қырқыў, кеселлик пенен аўырған наўқасты күтип қараған ўақтында жуғады

⚡️Белгилери: Дене температурасы көтериледи, күшли бас аўырыў, булшық етлер, қарын аўырыўы, көңил айныў, қусыў, иш кетиў, иштейдиң жоғалыўы белгилери пайда болады. Мурын, асказан, ишек, тистиң түби (десна), жатыр ҳәм басқа ағзалардан қан кетиўи, кеселлик аўыр кешкен жағдайларда қан кетиў нәтийжесинде өлим менен тамамланыўы мүмкин.

⚡️Алдын алыў: малларда ҳәм қораларда кене анықланса дәрҳәл ветеринария хызметкерлерине хабарласып, кенеге қарсы дәрилеў өткериў, шарўа хожалығында ислеўшилер қырқым ўақтында қорғаўшы кийим (қолқап, етик, қалың материалдан тигилген узын жең кийим (комбинезон) кийиў, егер кене шақса яки қоллар кене қаны менен зыянланса, сабынлап жуўыу, кеселликтиң белгилери пайда болса дарҳал аймақлық емлеў-профилактикалық мәкемесине мүрәжат етиў керек.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы

Каналға ағза болыў @kegeylirkuzofficial