Kegeyli.uz/Рәсмий канал
7.11K subscribers
28K photos
2.81K videos
57 files
4.33K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
#Бүгин

2024-жыл 7-июнь күни  Қарақалпақстан Республикасы судларының басшылары тәрепинен Бозатаў ҳәм Кегейли районларында көшпели қабыллаў өткерилди. Қабыллаўда пуқаралардың суд-ҳуқық тараўына байланыслы мүрәжатлары тыңланды. Мүрәжат нызам ҳүжжетлери тийкарында үйренилип шығылып, ҳуқықый түсиниклер ҳәм әмелий жәрдемлер бериў илажлары көрилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Район ҳәкиминиң қабыллаўы өткерилди

Кегейли районы ҳәкими Айбек Камалов бүгин пуқаралардың машқалаларын үйрениў мақсетинде гезектеги қабыллаўын өткерди. Қабыллаўда пуқаралар тийкарынан турақ жайларын шиферлаў ҳәм егислик жер майданлары ушын суў мәселелеринде әмелий жәрдем сорап мүрәжат етти. Суў мәселесиндеги мүрәжатларды қысқа мүддетде нызамлы тийкарда унамлы шешип бериў бойынша жуўапкер тараў басшыларына анық тапсырмалар берилген болса, турақ жайларын шиферлаў ушын дизимге алынған пуқаралардың үй-жайлары басқышпа-басқыш өз нәўбети менен шиферланып берилетуғынлығы түсиндирилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Темиршилик өнери де дәраматлы

Бир қарағанда әпиўайы көринетуғын темир усташылығы, негизи турысы менен өнер, берекети менен дәрамат болады екен. Буны, 20 жылдан аслам ўақыттан берли усы кәсип арқалы шаңарағына дәрамат киргизип киятырған қаҳарманымыз, темирши уста Амангелди Жәдигеров өз сөзлери арқалы дәллилеп берди. Ҳәр бир өнерге талап бар. Ҳәр бир истиң күнделикли турмысымызда орны бар. Халықтың мүтәжин питкерип, олардан алғыс алып атырған қолы гүл өнерли инсанлардың қатары районымызда көбейе берсин дегимиз келеди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Хабарландырыў

Оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы, 8-июнь күни Жаңабазар АПЖ Аршан, Әжим, Пахтакеш ҳәм Жаңабазар аўылларына тәбийий газ жеткерип бериў белгисиз мүддетке тоқтатылады.

@kegeylirkuzofficial
❗️Абитуриентлер дыққатына!

2024-2025- оқыў жылы ушын my.uzbmb.uz сайтында дизимнен өтиў процесинде төмендегилерге итибар қаратыў керек:

абитуриентлер 5-июньнан 25-июньға шекем (25-июнь күни де) тест сынағын тапсырыў ушын дизимнен өтеди. Бунда абитуриентлер тек тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер комплекси, тәлим тили ҳәм тест тапсырыў аймағын ғана таңлайды;

егер кириў имтиханлары кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан болса, усы имтиханды тапсыратуғын мәмлекетлик жоқары оқыў орнын таңлайды. Бунда өзи кирмекши болған ЖОО да дөретиўшилик имтихан тапсырыў шәрт емес. Мәселен, кимдур Өзбекстан журналистика ҳәм ғалаба коммуникация университетине кирмекши болса, онда дөретиўшилик имтиханды қәлеген аймақта, айтайық, Бухара яки Әндижанда тапсырса да болады;

тест тапсырыў аймағы бөлегинде Сўх ҳәм Денов районы да бар. Яғный, Сўх районындағылар Ферғана қаласына, Денов ҳәмде оның әтирапындағы районлар Термиз қаласына келиўи шәрт емес;

алдынғы жылларда питкергенлер тестке кириў ушын 170 мың сум муғдарында төлем төлеўи керек. Төлемди 25-июньға шекем бөлеп төлеўге де болады, оннан кешиксе, тестке киргизилмейди;

пикири өзгерип қалған абитуриент 25-июньға шекем арза тапсырса да болады. 25-июньннан кейин арзаны өзгертиўге рухсат берилмейди;

Имтиханлар июль–август айларында өткериледи.

❗️ЖООларында қандай жөнелислер бар екенлиги ҳәм ҳәр бириниң өтиў баллары менен @mandat_javobbot арқалы танысыў мүмкин.

❗️Абитуриентлар диққатига!

2024-2025 ўқув йили учун my.uzbmb.uz сайтида рўйхатдан ўтиш жараёнида қуйидагиларга эътибор қаратиш лозим:

абитуриентлар 5 июндан 25 июнга қадар (25 июнь куни ҳам) тест синови топшириш учун рўйхатдан ўтади. Бунда абитуриентлар фақат тест синови топшириладиган фанлар мажмуаси, таълим тили ва тест топшириш ҳудудини танлайди холос;

агар кириш имтиҳонлари таркибида касбий (ижодий) имтиҳон бўлса, ушбу имтиҳонни топширадиган давлат олий таълим муассасасини танлайди. Бунда айнан ўзи кирмоқчи бўлган ОТМда ижодий имтиҳон топшириш шарт эмас. Масалан, кимдир Ўзбекистон журналистика ва оммавий коммуникация университетига кирмоқчи бўлса, унда ижодий имтиҳонни исталган ҳудудда, айтайлик Бухоро ёки Андижонда топширса ҳам бўлади;

тест топшириш ҳудуди қисмида Сўх ва Денов тумани ҳам бор. Яъни Сўх туманидагилар Фарғона шаҳрига, Денов ҳамда унинг атрофидаги туманлар Термиз шаҳрига келиши шарт эмас;

аввалги йилларда битирганлар тестга кириш учун 170 минг сўм миқдорида тўлов қилиши лозим. Тўловни 25 июнгача бўлиб тўлаш ҳам мумкин, ундан кечикса, тестга киритилмайди;

фикри ўзгариб қолган абитуриент 25 июнгача қайта ариза топширса ҳам бўлади. 25 июндан кейин аризани ўзгартиришга рухсат берилмайди;

Имтиҳонлар июль–август ойларида ўтказилади.

❗️ОТМларда қандай йўналишлар борлиги ва ҳар бирининг ўтиш баллари билан @mandat_javobbot орқали танишиш мумкин.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Ўзбекистон Республикаси Президентининг 2024-йил 5-мартдаги “Аҳоли хонадонларида саноат усулида маҳсулот ишлаб чиқаришни қўллаб-қувватлаш ҳамда томорқа ва деҳқон хўжаликларида янги захираларни ишга солишга доир чора-тадбирлар тўғрисида”ги ПҚ-115-сонли қарорига асосан Кегейли тумани “Ийшан қала” маҳалласида яшовчи Толыбай Хожаниязов хонадонида  экспортбоп ва сердаромад экинлар экиш юзасидан ўқув семинари ўтказилди. Семинарда Ўзбекистон фермер, деҳқон хўжаликлари ва томорқа ер эгалари кенгаши бўлим бошлиғи З.Файзуллаев ва Кенгаш ходими И.Солиевлар, Қорақалпоғистон фермер, деҳқон хўжаликлари ва томорқа ер эгалари кенгаши ходимлари ва туман фермер, деҳқон хўжаликлари ва томорқа ер эгалари кенгаши ходимлари, маҳалла раислари, ҳоким ёрдамчилари, “Томорқа хизмати”  раҳбарлари ҳамда ҳудуддаги томорқа ер эгалари иштирок этишди.‌‌

@kegeylirkuzofficial