Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.8K subscribers
28.9K photos
2.93K videos
57 files
4.54K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
🏆 Спорт мектеплери футбол лигасы
💎 U-12
📌 Сыйлықлаў мәресими.
🥇 РесҚСМ
🥈 1-СМ
🥉Кегейли СМ

🌍 Кегейли


✍️ ККФА мәлимлеме хызмети!
📲 @kkfa_uz
Búgingi kúnde mámleket penen xalıq arasındaǵı baylanıs jańa basqıshqa kóterildi. Xalıqtıń artıqsha waqıtların únemlew, uzaǵin jaqın qılıw, keń qolaylıqlar jaratıw hám ashıqlıqtı támiyinlewge qaratılǵan mámleketlik xızmetler kórsetiwdiń jańasha sisteması turmısımızdıń ajıralmaytuǵın bólegine aylanıp úlgerdi. Áyne qolaylıq hám imkániyatlardı esapqa alǵan halda Ádillik Ministrligi baslaması menen rayon orayınan 25 km uzaqlıqta jaylasqan Júzim baǵ APJ da óz-ózine xızmet kórsetiwshi infokyoska qurılması ornatıldı. Mámleketlik xızmetlerden qolay hám ápiwayı túrde paydalanıw imkaniyatın beriwshi bul qurılma úzilissiz isleydi. Bul infokyoska járdeminde puqaralar oraylar arqalı kórsetiletuǵın talap eń joqarı bolǵan xızmet túrlerinnen paydalansa boladı. Bunday
óz-ózine xızmet ko'rsetiwshi infokyoskalar tek ǵana bir aymaqta emes basqıshpa-basqısh basqa máhállelerge de ornatılıwı rejelestirilgen.
Tolıq maǵlıwmat alıw ushın: Mámleketlik xızmetler orayı qániygesi Ismaylov Irzabek,
Maǵlıwmat ushın telefon:
97) 353-96 -08
55) 104-96 -28

@kegeylirkuzofficial
Eskertemiz! "Nomerlenbegen" qaǵazǵa toltırılǵan "AKT" haqıyqıy emes dep esaplanadı❗️

Dalalatnama (AKT)- shólkem yamasa ayrım shaxslar xızmetine baylanıslı baqlanıp atırǵan hádiyse yamasa nızam buzıwshılıq jaǵdayların huquqıy tárepten dálillew hám tastıyqlaw maqsetinde rásmiylestiriledi.

Búgingi kúnde «Qaraqalpaq suw támiynatı» AJnıń ayrım juwaplı xızmetkerleri tárepinen tutınıwshılarǵa dalalatnama dúziwde nızamǵa qayshı háreketler orın almaqta. Atap aytqanda shólkem basshılıǵında tastıyıqlanbaǵan hújjetlerge “dalalatnama dúzip atırmız” degen aldaw sózler arqalı tutınıwshılar tárepinen tólengen qarjılardı óz mápleri ushın paydalanıw halatları júz bermekte.

Tutınıwshılardan bunday jaǵdaylardıń gúwası bolǵanıńızda sol waqıttıń ózinde «Qaraqalpaq suw támiynatı» AJnıń 61 226-51-50 isenim telefon nomerlerine qońıraw etiwińizdi soranıp qalamız.

«Qaraqalpaq suw támiynatı» AJ málimleme xızmeti.

Biziń betlerimiz: || Bizning sahifalarimiz:
Telegram | Instagram | Facebook | X
Қарақалпақстан Республикасы бойынша 1780 исбилерменлик ушын жер участкалары мүлк ҳәм ижара ҳуқықы менен саўдаға шығарылды
e-auksion.uz
🔷Нөкис қаласы 12 (көриў)
🔷Әмиўдәрья районы 10 (
көриў)
🔷Беруний районы 152 (
көриў)
🔷Бозатаў районы 31 (
көриў)
🔷Қараөзек районы 124 (
көриў)
🔷Кегейли районы 100 (
көриў)
🔷Қоңырат районы 240 (
көриў)
🔷Қанлыкөл районы 64 (
көриў)
🔷Мойнақ районы 194
көриў)
🔷Нөкис районы 140 (
көриў)
🔷Тақыятас районы 71 (
көриў)
🔷Тахтакөпир районы 88 (
көриў)
🔷Төрткүл районы 151 (
көриў)
🔷Хожели районы 174 (
көриў)
🔷Шымбай районы 118 (
көриў)
🔷Шоманай районы 73 (
көриў)
🔷Елликқала районы 38 (
көриў)

социаллық
тармақларда:
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
Халықаралық балаларды қорғаў күни белгиленди

Сәне мүнәсибети менен райондағы жаңадан шөлкемлестирилген "Жаслар дем алыў парки" нде  байрам салтанаты болып өтти. Онда район ҳәкими орынбасарлары А.Төремуратов ҳәм Г.Хожамбергеновалар сөзге шығып, елимиздиң бахытлы балаларын байрам менен кутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди. Соңынан бир қатар тараў пидайылары менен жетискенликке ерисип киятырған балаларға район ҳәкимлиги тәрепинен таярланған саўғалар тапсырылды. Балалар тәрепинен гирбиңсиз балалығына сай болған аяқ ойынлары ҳәм аткарған қосықлары кешеге өзгеше сән бағышлады. Мағлыўмат ушын, бүгинги күнде районда 3-7 жас балалар саны 5334 баланы қурайтуғын болса, соннан, 18 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў, 2 мәмлекетлик жеке шерикшилик тийкарындағы, 55 шаӊарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери жәми 75 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери 4272 ден аслам балалардың келешеги ушын хызмет етпекте.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Президентимиздиң исбилерменлер менен ашық-айдын пикирлесиўи Қарақалпақстанда өткериледи

🖋Усы жылдың 30-май күни «Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашық-айдын пикирлесиўин шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 200-санлы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарда ҳүрметли Президентимиздиң исбилерменлер менен ашық-айдын пикирлесиўи Қарақалпақстан Республикасында өткерилиўи белгиленди.

❗️Қарар менен сондай-ақ:

🔷Қарақалпақстанда 2024-жыл август айында халықаралық бизнес-форумы шөлкемлестирилиўи, Өзбекстан Республикасының сырт мәмлекетлердеги елшилери менен биргеликте потенциаллы инвесторларды тартып, тийисли келисимлерди әмелге асырыў тәмийинленеди;

🔷Усы жылдың жуўмағына шекем Өзбекстан Республикасының сырт мәмлекетлердеги елшилери менен биргеликте «Қарақалпақстанда бизнес ислең» бағдарламасы шеңберинде ири сырт ел ислеп шығарыўшы компаниялары брендлерин тартыў илажлары көриледи.

❗️Соның менен бир қатарда, ҳүрметли Президентимиздиң исбилерменлер менен ашық-айдын пикирлесиўин нәтийжели шөлкемлестириў бойынша:

🔶Аймақларда исбилерменлердиң машқалаларын үйрениў ҳәм шешиў бойынша исши топарлар дүзиледи;

🔶Исбилерменлердиң мүрәжатлары ҳәм усыныслары күни-түн қабыл етилип, системалы машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша усыныслар ислеп шығылады, сондай-ақ, исбилерменлердиң өз алдына мәселелерин орнында тез шешиў шөлкемлестириледи;

🔶Ҳәр жылы 15-июльға шекем ашық-айдын пикирлесиў өткерилетуғын орын, мүддети ҳәм әмелге асырылыўы керек ис-илажлар бойынша усыныслар ислеп шығылады;

«Исбилерменлер менен ашық-айдын пикирлесиў» электрон платформасы иске түсириледи.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Әзиз ҳәм қәдирли балалар, ҳүрметли ата-аналар!

Сизлерди бүгинги "1-июнь - Халықаралық балаларды қорғаў күни" мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.

Балалар өмиримиздиң даўамшылары, келешегимиз ийелери. Оларды қәстерлеў, наўқыран әўлад етип камалға келтириў ҳәр бир мәмлекет, ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир ата-ананың әдиўли миннети.

Айтып өтиў орынлы, бүгинги күнде елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында жаслардың, балалардың билим алыўы, саламатлығының беккем болыўы, жетик инсан болып камалға келиўи ушын көплеген ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.

Бала күлкисинде әлем қуўанышы жәмленген. Олардың бахытлы турмысын тәмийинлеўимиз керек.

Қәдирли Ўатанласлар, әзиз балалар!

Сизлерди бүгинги байрам мүнәсибети менен және бир мәрте қызғын қутлықлаймыз.

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM