Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.96K subscribers
30.4K photos
3.11K videos
63 files
4.82K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
#bes_baslama_olimpiadası
#stol_tennis

"Bes baslama olimpiadası" sheńberinde stol tennis sport jarısı ótkerildi.

🖐 "Bes baslama olimpiadası" sheńberinde ótkerilip atırǵan jarıs hám tańlawlar dawam etpekte.

🏓 Búgin olimpiada sheńberinde sporttıń stol tennis túrinen ótkerilip atırǵan jarıstıń Kegeyli rayonlıq basqıshı bolıp ótti.
Onda 16-21, 22-26, 27-30 jas kategoriyalarında er hám qız balalar arasında sektor basqıshında jeńimpaz bolǵan jaslar óz ara bellesti.

🥇 Jarıs juwmaqlarına kóre 1-orındı iyelegen qatnasıwshılar olimpiadanıń Qaraqalpaqstan Respublikası aymaqlıq basqıshına jollama aldı.

👉 @kegeylirkuzofficial
ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКСИЗ ТОҚСАН БИРИНШИ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ƟТТИ

Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мәкеме, кәрхана басшылары, пуқаралар жыйынлары басшылары, аймақлардағы ҳаким жәрдемшилери, ҳаял-қызлар белсендилери, жаслар жетекшилери, аймақлардағы социаллық хызметкерлер ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Толық оқыў: https://kegeyli.uz/19887.html 

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

👉
@kegeylirkuzofficial👈
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Búgin

Kegeylide «Jańa Ózbekstan jasları birleseyik» súreni astında jaslar seyili shólkemlestirildi.

@kegeylirkuzofficial
Бир кластың 3 оқыўшысы Туркияға жоллама алды

Быйылғы оқыў жылы райондағы 55-санлы айырым пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын класы бар улыўма орта билим бериў мектебиниң 3 "А"- класс оқыўшылары ушын табыслы жуўмақланбақта. Усы кластың басшысы Г. Еденбаеваның айтыўынша усы жылдың 19-май күни Ташкент қаласында ментал арифметика бойынша Республика ашық олимпиадасында класс оқыўшылары Нурлыбек Насыров, Руфат Бердақов ҳәм Ерасыл Мақсетовлар жоқары орынды ийелеп, 25-июнь күни Туркияда болып өтетуғын халықаралық олимпиадаға жолламаны қолға кириткен. Әлбетте, мектеп партасына отырғанына жаңа ғана 3 жыл болып атырған оқыўшылар ушын бул үлкен жетискенлик. Баслысы оларда қызығыўшылық ҳәм ҳәрекет бар.  Ата-анасы оларды қоллап-қуўатласа, мәмлекет оларға барлық шараятларды жаратып бермекте. Демек, имканият ҳәм қоллап-қуўатлаў бар жерде жетискенлик болыўы анық екен.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

👉
@kegeylirkuzofficial👈
Бас прокурор орынбасары С.Самадов тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында қурылысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы, бюджет қәрежетлерин оптималластырыў жөнелислеринде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳалаты үйренилмекте.

Бүгин ол бул бағдардағы жумысларда ушырасып атырған қәте-кемшиликлер бойынша тийисли көрсетпелер бериў мақсетинде Кегейли районындағы "Жаңа Өзбекстан" массивлеринде турақ-жайлар ҳәм коммуникация тармақларын қурыў объектлериниң сапасы, турақ жайлар ушын субсидия ажыратыў бағдарында жумыслардың барысы бойынша район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында жуўапкерлер менен ушырасты.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

👉
@kegeylirkuzofficial👈