Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.91K subscribers
28.5K photos
2.88K videos
57 files
4.42K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
DÍQQAT JASLAR!

Usı jıldıń 22-may kúni Kegeyli rayonı Mádeniyat mákán puqaralar jıyını aymaǵındaǵı 5-sanlı mektep janında jaslardıń bos waqıtların mazmunlı ótkeriw maqsetinde, «Jańa Ózbekstan jasları birleseyik» súreni astında jaslar seyili shólkemlestiriletuǵınlıǵın málimleymiz.

🔥Seyil sheńberinde, Gúlxan átirapında hár qıylı kewil ashar ilajlar hám koncert baǵdarlamasın ótkeriw belgilengen.

Húrmetli rayonımız jasları jaslar seyiline bársheńizdi mirát etimiz.

@kegeylirkuzofficial
#Баспасөзде

Ғалаба хабар қураллары биз ҳаққымызда.

@kegeylirkuzofficial
ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!

2024-жыл 22-май күни саат 17:00де район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң гезектеги 91-сессиясы болатуғынлығын хабарлаймыз.

Ҳүрметли пуқаралар сессияны https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Фейсбук тармағынан тиккелей эфир арқалы бақлап барыўыңыз мүмкин.

Еслетпе: Сессияны онлайн тартипте гүзетип барыў имканы жарытылғанлықтан, мәжилислер залына тек ғана дизимде көрсетилген шахслар киргизиледи.

@kegeylirkuzofficial
https://t.iss.one/kegeylideputat
❗️Жеңиллик: шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетинен усыныснама алыў ушын арзаларды қабыллаў басланды

📑 Ҳүкимет қарарына муўапық, қәнигелиги бойынша кеминде 5 жыл мийнет стажы бар, бирақ жоқары мағлыўматқа ийе болмаған ҳаял-қызлар мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына өз алдына қабыллаў параметрлери (жәми 500 квота) шеңберинде төлемли контракт тийкарында оқыўға қабыл етилиўи белгиленген.

☑️ Бул жеңилликтен пайдаланбақшы болған ҳаял-қызлар Кегейли районы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң усыныснамасына ийе болыўы керек.

☝️ Талабанлар усы жылдың 1-июнь сәнесине шекем (сол күни де) арза менен турақлы ямаса ўақытша дизимде турған орындағы районлық (қалалық) жумысшы топарларға мүрәжат етеди ҳәм төмендеги ҳүжжетлерди усынады:

пуқаралық паспорты ямаса ID карта нусқасы;
мийнет дәптершесинен (электрон мийнет дәптершеси) көширме;
орта-арнаўлы ямаса профессионал билимлендириў бойынша диплом.

@kegeylirkuzofficial
Кегейли районы Ийшан қала АПЖ аймағында жайласқан "Lanko-miya" Өзбек-Қытай қоспа кәрханасы қурылыс жумыслары ушын жумысқа шақырады.


Бос жумыс орны: 30

Жумыс ўақты: 8 саат

Талап етиледи:

❗️18 жастан 45 жасқа шекемги ер адамлар;

❗️Ис тәжирийбесине ийе болыўы шәрт емес;

❗️Жумысқа жуўапкершилик;

❗️Ҳадаллық.

Қолайлықлары:

🔷Айлықлар өз ўақтында бериледи;

🔷Турақлы жумыс орны;

🔷Түслик ушын ыссы аўқат.

Байланыс ушын телефонлар:
📲99. 447-89-17.
61 225-86-86.
61 225-87-87.

@kegeylirkuzofficial
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#live

Kegeyli rayonında ǵawasha tárbiyası hám onıń agrotexnikalıq ilajları, shırshanıń un tárizli qurtına qarsı gúresti sapalı shólkemlestiriwge arnalǵan kórgizbeli seminar bolıp ótpekte.
_
Kegeyli tumanida g'o'za tarbiyasi va uning agrotexnik tadbirlari, archa unsimon qurtiga qarshi kurashishni sifatli tashkil etishga bag'ishlangan seminar bo'lib o'tmoqda.

@kegeylirkuzofficial
Кегейли районында көргизбели семинар шөлкемлестирилди

Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги тәрепинен дүзилген исши топар ағзалары қатнасында республикамыздағы ғаўаша тәрбиясы ҳәм оның агротехникалық илажларының сапасын үйрениў, шыршаның ун тәризли қуртына қарсы гүресиў илажлары ҳәмде биолабораторияларда жетистирилип атырған биоөнимлер менен ислесиў механизмини үйрениў мақсетинде Кегейли районында көргизбели семинар шөлкемлестирилди.
Илажда Кегейли, Шымбай, Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районларының Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги мәмлекетлик инспекторлары, аўыл хожалығы бөлими, фермерлар аўқамы ўәкиллери, биолаборатория хызметкерлери ҳәмде фермер хожалықлары басшылары қатнасты. Семинарда дала қадағалаўын жуўапкершилик пенен әмелге асырыў, ҳәр бир ғаўаша майданларына, соның ишинде ең узақ аймақларға да барып, мониторинг илажларын әмелге асырыў лазымлығы айтылды. Сондай-ақ, қысқа мүддет даўам еткен жаўын-шашынлы ҳаўа ырайынан соң өсимлик зыянкеслериниң тарқалыў итималы жоқарылығын есапқа алып, ғаўаша майданларында феромон тутқышлар садиш суйықлықларынан нәтийжели пайдаланыў, зыянкеслерге қарсы гүресиўде биологиялық усылдың әҳмийети және бир мәрте атап өтилди. Биоорганикалық усылда аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў химиялық усылға қарағанда дийқан-фермерлер ушын ҳәм арзанға түсиўи, ҳәм қарыйдары көп болыўы есап-санақлар ҳәм мысаллар менен түсиндирип өтилди.

Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги мәлимлеме хызмети
#bes_baslama_olimpiadası
#stol_tennis

"Bes baslama olimpiadası" sheńberinde stol tennis sport jarısı ótkerildi.

🖐 "Bes baslama olimpiadası" sheńberinde ótkerilip atırǵan jarıs hám tańlawlar dawam etpekte.

🏓 Búgin olimpiada sheńberinde sporttıń stol tennis túrinen ótkerilip atırǵan jarıstıń Kegeyli rayonlıq basqıshı bolıp ótti.
Onda 16-21, 22-26, 27-30 jas kategoriyalarında er hám qız balalar arasında sektor basqıshında jeńimpaz bolǵan jaslar óz ara bellesti.

🥇 Jarıs juwmaqlarına kóre 1-orındı iyelegen qatnasıwshılar olimpiadanıń Qaraqalpaqstan Respublikası aymaqlıq basqıshına jollama aldı.

👉 @kegeylirkuzofficial