Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.96K subscribers
28.2K photos
2.84K videos
57 files
4.37K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
БАХЫТЛЫ ЗАМАН УШЫН ОЛАРДАН МИННЕТДАРМЫЗ

Өткенлердиң исмин ядқа алыў, олардың мәртлигин ҳүрметлеў халқымызға тән болған жақсы пазыйлетлерден есапланады.

Ал, бүгин болса төримиздиң жарасығы болған кекселеримиздиң қәдир-қымбаты бахытлы турмысымызда бәршениң дыққат-итибарында.

9-Май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен Кегейли районы ҳәкими А.Камалов ҳәм тийисли тараў басшылары  тәрепинен урыс жылларында фронт артында мийнет еткен районымыздағы 4 кексе ата ҳәм апаларымыздың үйлерине барылып, байрам менен қутлықлады ҳәм оларға 1 млн сўмнан бир мәртелик сыйлық ҳәм басқада саўғалар тапсырды.

Ветеран нураныйларымыз  урыс жылларындағы халықтың басына түскен аўыр күнлерин еске алып, бүгинги еркин заманымызға шүкиршилик билдирип, ақ пәтияға қол жайды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Мәнзил: Кегейли районы Жаңа әўлад көшеси, 15-жай.
Бағдар: 9-санлы орта арнаўлы мектептиң қаптал тәрепи.
📱 +91 382 92 22

@kegeylirkuzofficial
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Búgin

9-may “Eslew hám qádirlew” kúni múnasibeti menen búgin Kegeyli rayonında saltanatlı túrde bayram ilajı shólkemlestirildi.

@kegeylirkuzofficial
📸КҮН ФОТОСЫ

Сизлер еркин елдиң бахытлы перзентлерисиз!

@kegeylirkuzofficial
Ҳүрметли урыс ҳәм мийнет фронты қатнасыўшылары!

Бүгинги даңқлы сәнени шексиз қуўаныш соның менен бирге терең қайғы-ҳәсирет пенен еслеймиз. Ўатан азатлығы ушын, ҳәзирги тыныш ҳәм татыў күнлер ушын саўаш майданларында аманатын тапсырған ата-бабаларымызды, фронт артында пидайы мийнет еткен ўатанласларымыздың муқәддес естелигин яд етип, ҳүрметимизди билдиремиз.

Сиз әзиз ҳәм даңқлы ветеранларымыздың теңсиз қаҳарманлықларыңыз пүткил инсаният тарийхына мәнгилик өшпейтуғын, уллы, өз алдына бир бет сыпатында жазылғанлығын терең миннетдаршылық пенен атап өтемиз.

Теберик жасқа жетип, бүгин арамызда саў-саламат, дуўалы болып жүрген урыс ҳәм мийнет фронтының барлық жаўынгерлерине және бир мәрте жоқары меҳир ҳәм ҳүрметимизди инәм етип, олардың барлығына шын жүректен рахмет айтамыз.

Турмыстың аўыр ҳәм ашшы сынаўларын мәртлерше жеңип өткен Сиз, әзизлердиң елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, жасларды Ўатанға мухаббат ҳәм садықлық руўхында, жетик инсан етип тәрбиялаўға қосып атырған мүнәсип үлесиңизди халқымыз жақсы биледи.

Сизлердиң уллы қаҳарманлықларыңыз ҳәм пидайы хызметлериңиз ушын бәршемиз бас ийип тәжим етемиз.

Гүллән халқымызды бүгинги байрам менен қутлықлап, беккем ден саўлық, шаңарағыңызға аўызбиршилик, ийгиликли ҳәм машақатлы жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз!

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
ЕСЛЕЎ БАР ЕКЕН МИЛЛЕТ ЖАСАЙДЫ

9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәмде Екинши жәҳән урысында ерисилген жеңистиң 79 жыллығы белгиленди.

Байрам мүнәсибети менен пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Ҳәсиретли ана» естелиги майданына мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик уйымлар, сондай-ақ, кең жәмийетшилик ўәкиллери топланды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев байрам мүнәсибети менен «Ҳәсиретли ана» естелигине гүлшеңбер қойып, Екинши жер жүзилик урыста қурбан болғанлардың естелигине ҳүрмет көрсетти.

Сондай-ақ, Қураллы Күшлер системасына кириўши структуралар ўәкиллери, мекеме шөлкемлер, кең жәмийетшилик ўәкиллери менен жаслар да естеликке гүл қойды.

ХОТИРА БОР ЭКАН МИЛЛАТ ЯШАЙДИ

9 май – Хотира ва қадрлаш куни умумхалқ байрами, шунингдек, Иккинчи жаҳон урушида фашизм устидан қозонилган ғалабанинг 79 йиллиги нишонланди.

Байрам муносабати билан пойтахтимиз Нукус шаҳридаги «Мотамсаро она» ёдгорлиги майдонида давлат ва жамоат ташкилотлари, шунингдек, кенг жамоатчилик вакиллари йиғилди.

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев байрам муносабати билан «Мотамсаро она» ёдгорлиги пойига гулчамбар қўйиб, Иккинчи жаҳон урушида қурбон бўлганларнинг ёдгорлигига ҳурмат кўрсатди.

Шунингдек, Қуролли Кучлар тизимига кирувчи тузилмалар вакиллари, идора ва ташкилотлар, кенг жамоатчилик вакиллари билан ёшлар ҳам ёдгорлик пойига гул қўйди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitte
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Олардың саны санаўлы...

Ўақыт, жыллар дизбеги өзиниң қүдиретин көрсетип өтип бармақта. Суўретлерде жәмленген бул теберик инсанлар сиз бенен биз сыяқлы бахытлы балалық дәўранын сүрмеди. Олардың балалығы қыян-кести урыстың салдарынан елде ҳүким сүрген тынышсызлық ҳәм ашлықтың заманына туўра келген болса, өзлериниң жаслық күш-жигерин бүгинги бахытлы заманымыз ушын жумсады. Биз оларды қаншама ҳүрмет етип, қәдирлесек азлық етеди. Өткен жылы 9-май күнинде Кегейли районында фронт артында мийнет еткен жерлеслеримиздиң саны 7 болған болса, быйыл олардан 4 еўи ғана арамызда бар. Оларға бүгинги заман ушын шексиз рахмет айтып, арамызда аман-саў жүриўин тилеймиз. Олардың ақ пәтиясы менен Кегейли районы еле де раўажлана бергей.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial