Kegeyli.uz/Рәсмий канал
7.07K subscribers
30.2K photos
3.07K videos
61 files
4.77K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
#Әдебий_кеше

Кегейли районы МШхМБ бөлимине қараслы 5-санлы  мектепте Өзбекстан қаҳарманлары шайыр Ибрайым Юсупов ҳәм жазыўшы Төлепберген Қайыпбергеновлардың туўылғанына 95 жыл толыўы мүнәсибети менен " Сөнбес жулдызлар " атамасында әдебий кеше өткерилди. Кеше даўамында мектеп оқыўшылары тәрепинен шайыр ҳәм жазыўшының шығармалары тийкарында таярланған саҳналық көринислер ҳәм миллий аяқ ойынларын кеше қатнасыўшыларына руўхый заўық бағышлады.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыздағы бир қатар фермер хожалықлары басшылары менен ушырасты

Өткерилген ушырасыўда бүгингидей суў тамтарыслығы дәўиринде ағын суўдан ақылға уғрас, үнемлеп пайдаланыў, аўыл хожалығы егислик майданларында суўды аз талап етиўши егин түрлеринен өним алыўды көбейтиў, халқымыз базарларын сапалы аўыл хожалығы өнимлери менен тәмийинлеў, егислик майданларында жаңа инновацияларды енгизиў мәселелери сөз етилди.

Өткен 2023-жылда барлық суў тәмийнаты аўыр болған аймақларды суў менен тәмийинлеў мақсетинде салы майданлары 32,6 мың гектарға қысқартылып, тек ғана 6,8 мың гектарға салы егилди ҳәм 169 млн. метр куб суў жумсалып, жәми 641 млн. метр куб суў муғдарын үнемлеўге ерисилди. Бул үнемленген 641 млн. метр куб суў муғдарлары есабынан өткен жылы суў тәмийнаты аўыр болған 35 аўылда 30,2 мың гектардан артық болған майданларға суў жеткерип берилиўи тәмийинленди.

Жоқарыдағыларды есапқа алып, биринши нәўбетте халқымыздың қыйтақ жерлерин ҳәм суўды аз талап етиўши егинлер жайластырылған аўыл хожалығы егислик майданларын суўғарыўдан артқан суўдан келип шығып, Қоңырат ҳәм Мойнақ районларында быйылғы жыл зүрәәти ушын салы жетистириў режелестирилмекте.

Бул бойынша Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен Аўыл хожалығы министрлигине ҳәм жуўапкерлерге Қоңырат ҳәм Мойнақ районларында салының ерте писер ҳәм өнимдарлы сортлары жайластырылыўын тәмийинлеп, күнлик салы егиси бойынша мағлыўматты киргизип барыў, салы егилген майданларды контурлар кесиминде мониторинг өткерип, 20-августқа шекем Министрлер Кеңесине тийисли жуўмақларды бериў ҳәм салы бөлистирилмеген майданларға аўыл хожалығы кәрханалары ҳәм фермер хожалықлары тәрепинен салы егилген жағдайда белгиленген тәртипте қатаң шаралар көриў бойынша тапсырма берилди.

Толық оқыў

Ўзб


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
🔰#Ilim_kásip_tájireybe

🏢Kegeyli rayonı mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw bólimine qaraslı 14-sanlı ulıwma orta bilim beriw mektebi oqıwshıları rayonımızda jaylasqan KEGEYLI TEX GROUP karxanasında sayaxatta boldı.
🔰Sayaxat dawamında islep shıģarıw texnikaları hám basqarıw sisteması menen tanıstı. Fabrika xızmetshileri ózleriniń bilim tájireybesi menen bólisti.

🌐Telegram @kegeylirkuzofficial
Хабарландырыў

Оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы, бүгин, 7-май күни саат 14:00 ден 18:00 ге шекем Мәденият, Жылўан жап МПЖ, Ақтуба, Жаңабазар АПЖ айырым аймақларына ҳәм Абат АПЖ ның барлық аймақларындағы хожалықларға тәбийий газ жеткерип бериў ўақтынша тоқтатылады.

🌐Telegram @kegeylirkuzofficial
#Әдебий_кеше

Усы жылы Өзбекстан қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов ҳәмде Өзбекстан қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Тѳлепберген Қайыпбергеновтың туўылғанлығына 95 жыл толады.
Сәне мүнәсибети менен райондағы билимлендириў мекемелеринде әдебий кешелер шѳлкемлестирилмекте.
Усындай кешелердиң бири районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бѳлимине караслы 13-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып ѳтти.
Кеше даўамында мектеп оқытыўшылары ҳәм оқыўшылары тәрепинен қыл қәлем ийелериниң дѳретиўшилигинен сахналық кѳринислер, әдебий оқыўлар атқарылды.


@kegeylirkuzofficial
Muzqaymaqlardan záhárlenip qalmań!

Bárshege málim, ıssı hawa rayı kirip keliwi menen muzqaymaqlarǵa bolǵan talap artıp baslaydı. Biraq, umıtpawımız kerek, bul ónimdi abaylılıq penen qabıl etpesek ol puqaralar arasında awqattan záhárleniwge (otravlenie) alıp keliwi múmkin. Ásirese, sonǵı waqıtları kóshe yáki jollardaǵı qálegen orınlarda túrli qutılarda  satılıp atırılǵan muzqaymaqlar bul qáwipti ele de asıradı.

Rayonlıq SEThJSB
#Shaxmat
#Shashka
#Sektor_basqıshı

Kegeyli rayonı Jaslar orayında “Bes baslama olimpiadası” sheńberinde sporttıń “Shaxmat ” hám "Shashka" túrlerinen sektor basqıshları ótkerildi.

⚡️Jarıstıń sektor basqıshlarında jaslar sporttın shaxmat túrinen 1 jas kategoriyası boyınsha (7-70-jas) ul hám qız balalar soday-aq, sporttıń shashka túrinen 3 jas kategoriyası boyınsha  (16-21, 22-26, 27-30-jas) ul hám qız balalar óz-ara bellesti.

Jarıs juwmaģına kóre jeńimpaz bolģan qatnasıwshılar jarıstıń rayonlıq basqıshına jollamanı qolģa kiritti.

@kegeylirkuzofficial