Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.9K subscribers
28.5K photos
2.88K videos
57 files
4.43K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
"Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги" ойынларына старт берилди

Бүгин  "Кегейли стадионы" спорт майданшасында футбол ҳәм киши футбол бойынша "Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги" футбол жарысларының районлық басқышының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти. Илажда сөзге шыққанлар жас спортшыларға алдағы ойынларда әўметлер тиледи. Буннан соң, ҳәр бир мәҳәлледен келген 16 команда 4 топарға бөлинип, дәслепки ушырасыўларға старт берилди. Футбол жарысларының районлық басқышы апрель-май айлары даўамында өткерилип, жеңимпаз командалар кейинги басқышқа жоллама алады. Жарыстың районлық басқышына 500 ден аслам мәҳәлле жасларының қамтып алыныўы режелестирилген.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

👉
@kegeylirkuzofficial👈
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенлигиниң
31 жыллығы белгиленди


Сәне мүнәсибети менен районда өткерилген байрам салтанатына район ҳəкими орынбасары А.Төремуратов, Әдиллик бөлими баслығы Н.Қәлимбетовлар шығып сөйлеп байрам менен қутлықлады.

Онда, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы да 1993-жыл 9-апрель күни қабыл етилип, бүгинге шекем бул уллы тарийхый сәне, байрам сыпатында салтанатлы түрде белгиленип киятырғанлығы атап өтилди.

Бүгинги күнде елимизде барлық тараўларда ерисилип атырған жетискенликлеримиз Конституциямызда беккемленип қойылған қағыйда ҳәм принциплер менен тығыз байланыслы. Сонлықтан конституция Тийкарғы нызам есапланады.

Байрам кешеси  районлық Мəденият бөлими ғайраткерлериниң йошлы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉
@kegeylirkuzofficial👈
#Дыққат

⚡️Кегейли районында майыплығы болған шахсларға мөлшерленген вакант лаўазымларға ашық таңлаўлар жәрияланбақта!

📍Кегейли районы 26-санлы мектеп
Сызыў пәни муғәллими

📍 Кегейли районы 34-санлы мектеп
Рус тили пәни муғәллими

📍  Кегейли районы 16-санлы мектеп
Музыка мәденияты пәни муғәллими

📍Кегейли РМБ Бозжап ШШП
Медицина бригадасы мийирбийкеси

📍Кегейли РМБ 29-санлы КТП
Улыўма әмелият шыпакери

📍Кегейли РМБ Жүзимбағ АШП
Улыўма әмелият шыпакери

📍Кегейли РМБ 1-санлы КТП
Улыўма билимлендириў педиатр шыпакери

📍Кегейли РМБ Қыстаўлы қабыллаў бөлими
Шыпакер-хирург

📍Кегейли РМБ 69-санлы КТП
Рентгенолог шыпакер

📍Кегейли РМБ 1-санлы КТП
Рентгенолог шыпакер

📍Кегейли районы ҳәкимлиги
Автомабиль басқарыўшысы

❗️Талабанлар дыққатына!

Сиз вакант лаўазымға арза тапсырыў ушын Кегейли районы "Инсан" социаллық хызметлер орайына келип хабарлассаңыз болады.

@kegeylirkuzofficial
Ўзбекистон халқига Рамазон ҳайити табриги

Өзбекстан халқына Рамазан ҳайыты қутлықлаўы

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
“KONSTITUTSIYA BILIMDANI” TAŃLAWI BOLIP ÓTTI

⚡️Qaraqalpaqstan Respublikası Joqarǵı Keńesi tárepinen usı jıldıń 30-mart sánesinde “Qaraqalpaqstan Respublikası Konstitutsiyası qabıl etilgen kúnine otız bir jıl tolıwına baylanıslı ótkeriletuǵın ilajlar baǵdarlaması”na tiykar Kegeyli rayonı mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw bólimine qaraslı ulıwma orta bilim beriw mektepleriniń 10-11 klass oqıwshıları arasında “Konstitutsiya bilimdanı” tańlawınıń rayonlıq basqıshı bolıp ótti.

⚡️Tańlaw juwmaǵında;
🥇1-sanlı mektepten Qalmuratova Umida
🥈19-sanlı mektepten Utegenov Jawlan
🥉40-sanlı mektepten Sultaniyazova Muxlisa jeńımpaz dep tabıldı.

⚡️Sonday-aq, jeńimpaz bolǵan mektep oqıwshı jasları Qaraqalpaqstan Respublikası basqıshına jollama aldı hám Kegeyli rayonı mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw bólimi tárepinen estelik sawǵalar menen sıylıqlandı.

@kegeylirkuzofficial