Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.92K subscribers
28.4K photos
2.86K videos
57 files
4.39K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
🧤#biziń_maqtanıshımız

〽️Kegeyli rayonı Qánigelestirilgen mektebiniń 9-C klass oqıwshısı Dáwletbaeva Shaxsánem Tashkent qalasında bolıp ótken Xalıqaralıq "Musiqa Tasviri" tańlawda joqarı nátiyjelerge erisip sıylı 2-orındı iyelewge miyassar boldı.

@kegeylirkuzofficial
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Брифинг

Гепатит "А" кеселлиги хаккында нелерди билиуимиз керек?

Бул ҳаққында Кегейли районы СЭТҳЖС бөлими эпидемиолог врачы Уснатдинов Амирбек Гайратдин улының қатнасыўында брифинг.

@kegeylirkuzofficial
Ҳәр бир ис өз ўақтында орынланса нәтийжесиде күтилгендей болады. Ҳәзир үлкемизде бәҳәр мәўсими. Бул күнлер болса, терек нәллерин отырғызыў ҳәм қыйтақ жерлердм егиске таярлаў ушын қолайлы дәўир. Бул ислерге район дәрежесинде итибар қаратылып, бүгин район ҳәкими А.Камалов басшылығында сектор басшылары ҳәм райондағы мекеме кәрханалардың баслықларының қатнасыўында штаб мәжилиси өткерилди. Онда, районда үлги тәризде таңлап алынған Қуяшлы мәкан пуқаралар жыйыны көшелерин абаданластырыў ҳәм пуқаралардың қыйтақ жерлерди егиў бойынша үгит-нәсият жумысларын алып барыў ушын көшелер ҳәм шаңарақлар бөлистирилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
📱
@kegeylirkuzofficial
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Президентимиздың тапсырмасы менен жаңа авиақатнаўлар жолға қойылмақта

Ҳүрметли Президентимиздың 2024-жыл 9-февраль күнги 66-санлы қарары менен 2024-жыл апрель айынан баслап жаңадан сатып алынатуғын "L-410" маркалы самолётлардан бир данасын Қарақалпақстан Республикасында ишки рейслер ушын дислокация қылыў, бунда «Нөкис – Мойнақ - Нөкис» авиақатнаўын жолға қойыў бойынша илажлар көриў тапсырмасы берилген еди.

Усы тапсырманың орынланыўы бойынша усы жылдың 1-апрель сәнесинен баслап Uzbekistan Airways компаниялары топарына кириўши «Silk Avia» бренди астындағы «Uzbekistan Helicopters» ЖШЖ тәрепинен «Нөкис – Мойнақ – Нөкис» жөнелиси бойынша турақлы қатнаўлар жолға қойылмақта.

Жаңадан ашылған «Нөкис – Мойнақ – Нөкис» жөнелиси апрель айынан баслап ҳәптесине 3 мәрте (дүйшемби, жума ҳәм екшемби күнлери) саат 9-00 ден «Нөкис – Мойнақ» ҳәмде саат 10-05 те «Мойнақ - Нөкис» жөнелислери бойынша пәрўазларын әмелге асырады.

Әлбетте, бундай имканиятлардың жолға қойылыўы ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары ҳәм ғамхорлығының және бир көриниси есапланады.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
1-апрельден баслап Нөкис – Мойнақ – Нөкис жөнелиси бойынша турақлы қатнаўлар жолға қойылмақта

Билетлерди интернет тармағындағы сайты, google play'дағы жүклемеси ҳәм +998933670002 байланыс номердеги кассир арқалы алсаңыз болады.

Silk Avia бренди астындағы Uzbekistan Helicopters Нөкис – Мойнақ – Нөкис жөнелиси пәрўазлары ҳәптениң дүйшемби, жума ҳәм екшемби күнлери әмелге асырылады.

Ўақты:
Нөкис – Мойнақ жөнелиси саат 09:00 – 09:35;
Мойнақ – Нөкис жөнелисы саат 10:05 – 10:40 аралығында әмелге асырылады.

Билет баҳасы:
0 жастан 2 жасқа шекем – 27 199 сўм;
2 жастан 12 жасқа шекем – 81 597 сўм;
12 жастан жоқарылар – 108 796 сўм.


Бул пәрўазлар арқалы 1500 км. бийикликтен қала ҳәм районларды бақлаў, тамашалаў имканиятына ийе боласыз.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
«Нөкис – Алма-ата – Нөкис» жөнелиси бойынша турақлы қатнаўлар жолға қойылмақта

Ҳүрметли Президентимиздиң 2024-жыл 9-февраль күнги 66-санлы қарары менен Қарақалпақстан Республикасына туристлер ағымын және де көбейтиў, оларға қолайлы шәраятлар жаратыў, бунда «Нөкис – Алма-ата - Нөкис» жөнелисинде авиа қатнаўларды жолға қойыў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныс киргизиў ўазыйпасы белгиленген еди.

Усы тапсырмалардың орынланыўы бойынша 2024-жылдың 15-июнь сәнесинен баслап ҳәптесине үш мәрте (дүйшемби, сәршемби, шемби күнлери саат 3-45 те) «Нөкис – Алма-ата Нөкис» жөнелиси бойынша А-320 самолётында пәрўазларды әмелге асырыў белгиленбекте.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Кегейли  районы «Ақтуба» АПЖ аймағында  2024-жыл 1-апрель  күни саат 10:10нан  18:00 ге шекем 22-санлы трансформатор  пунктинен шығыӯшы 0,4 кВ ҳаӯа тармағында киши оӊлаӯ  жумыслары өткерилиўине байланыслы  электр   энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

Кегейли  районы «Жалпақ-жап» АПЖ аймағында  2024-жыл  1-апрель   күни  саат  10:10 дан  18:00 ге шекем 253-санлы трансформатор  пунктинен шығыӯшы 0,4 кВ ҳаӯа тармағында ири оӊлаӯ  жумыслары өткерилиўине байланыслы  электр   энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.
#ФОТОЭТЮД

Бүгин Сәўир айының биринши күни

Әтирап жасыл липасқа бөленип, тәбият оянбақта.

📱@kegeylirkuzofficial
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақстан_телеканалы
#ЖАҢАЛЫҚЛАР

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының қырық тоғызыншы ҳәмде елиўинши жалпы мәжилислеринде көрип шығылған мәселелерди үгит-нәсиятлаўға бағышланған иләждан репортаж.

@kegeylirkuzofficial
Ҳүрметли электр энергиясы тутыныўшылары!

«Худудий электр тармақлары» АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалының 2024 жыл 29-март күнги №314 санлы телефонограммасына тийкар, Халқабад 110/35/10 кВ подстанциясында гезектеги режели оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы Жүзимбағ, Ийшанқала Қумшүнгүл АПЖ, Қуяшлы, Гүжимтерек, Халқабад МПЖ аймақларында 2024 жыл 2-апрель күни саат 09-00ден 18-00 аралығында  электр   энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

@kegeylirkuzofficial
Өнерментшиликти кеңейтиў ушын ҳәким жәрдемшилериниң усынысы тийкарында ажыратылатуғын кредитлер муғдары көбейтиледи

Исбилерменлик субъектлериниң мәҳәллелерде, соннан, шөлкемлестирилген микроорайларда ислеп шығарыўды, хызмет көрсетиў тараўын ҳәм өнерментшиликти соның менен бирге пуқаралар менен кооперация ҳәм жумысты үйде бөлип алып ислеўди кеңейтиўге бағдарланған жойбарлары ушын ҳәким жәрдемшилериниң усынысы тийкарында ажыратылатуғын кредитлер муғдары әмелдеги 225 млн. сумнан 300 млн. сумға шекем көбейтилиўи белгиленген.

Бунда басламашы жойбарда кеминде 30 пайыз үлеси менен қатнасыўы керек.

Ҳунармандчиликни кенгайтириш учун ҳоким ёрдамчилари тавсияномаси асосида ажратиладиган кредитлар миқдори оширилади

Тадбиркорлик субъектларининг маҳаллаларда, шу жумладан ташкил этилган микромарказларда ишлаб чиқаришни, хизмат кўрсатиш соҳасини ва ҳунармандчиликни ҳамда аҳоли билан кооперация ва касаначиликни кенгайтиришга йўналтирилган лойиҳалари учун ҳоким ёрдамчиларининг тавсияномаси асосида ажратиладиган кредитлар миқдори амалдаги 225 миллион сўмдан 300 миллион сўмгача оширилиши белгиланган.

Бунда, ташаббускор лойиҳада камида 30 фоиз улуш билан иштирок этиши лозим.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Кегейлиде 35 км топырақ жоллар қум-щебенли жолларға  ɵткериледи

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ “Қарақалпақстан Республикасы аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыў, қолайлы бизнес орталығын жаратыў, инновацион технологияларды енгизиў ҳәм инфраструктура менен тәмийинленгенлик дәрежесин жәнеде жақсылаў арқалы халықтыӊ турмысын жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы 500-санлы қарары тийкарында Кегейли районында 2024-жылда улыўма баҳасы 5 млрд.600 млн.сўм болған жәми 35 км аралықтағы топырақ жоллар  қум-щебеньли жолларға өткериледи.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉
@kegeylirkuzofficial👈
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Мойнақ аэропортына Silk Avia компаниясының самолёты дәслепки рейсин әмелге асырды

Мўйноқ аэропортига Silk Avia компаниясининг самолёти дастлабки парвозини амалга оширди



Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter