Kegeyli.uz/Рәсмий канал
7.02K subscribers
28K photos
2.82K videos
57 files
4.34K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
#Online
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе, Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары тәрепинен депутатлық әдеби қағыйдаларына әмел қылыў аўҳалы ҳәм мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм хожалық басқарыў органларына жиберилген депутат сораўының нәтийжелилигин асырыў илажлары ҳаққында сөз Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси Секретариаты баслығы Утегенов Узақбай Қазақбаевичке бериледи.

Жанлы эфирде бақлап барың https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363

@kegeylirkuzofficial
#Online
Сессияда Кегейли районы ишки ислер бөлими баслығы орынбасарының район аймағында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайлары бойынша есабаты тыңланбақта. Сөз Ишки ислер бөлими баслығы орынбасары-жәмийет қәўипсизлиги хызмети баслығы Ситанов Анвар Ибрагимовичке бериледи.

Жанлы эфирде бақлап барың https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363

@kegeylirkuzofficial
#Online
Сессия күн тәртибиндеги кейинги мәселе, Кегейли районы топономик объектлерге атама бериў ҳәм қайта атама бериў бойынша қомиссиясының мәлимлемеси көрип шығылмақта. Онда, баянатшы Кегейли районы ҳәкиминиң руўхый-ағартыў жумыслары нәтийжелигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийнлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Қ. Жиемуратов тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларына тийкар,«Ақтуба» АПЖ да жайласқан «Уллы жол » көшеси атамасын «Хожа аўыл» атамасына ҳәм «Жүзимбағ» АПЖ аймағындағы «Майшы аўыл» көшеси атамасын «Қазаяқлы абат» атамасына өзгертиў бойынша усынысларды тастыйықлап бериў усыныс етилди.

Жанлы эфирде бақлап барың https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363

@kegeylirkuzofficial
#Online
Сеесия күн тәртибиндеги соңғы мәселе «Темир дәптери» дизиминде турған ҳәмде жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққындағы мәселе бойынша сөз Кегейли районы камбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими баслығы Акимниязов Нурнияз Жумабаевичке берилди.

Буннан соң күн тәртибиндеги мәселелер додаланып, қабыл етилген шешим жойбарлары тастықланды. Мәселелер толығы менен қарап шығылып, сессия өз жумысын жуумақлады.

@kegeylirkuzofficial
⚡️Statistika

Kegeylide xalıq sanı qansha boldı?

Kegeyli rayonınıń turaqlı xalıq sanı
2024-jıldıń 1-yanvar jaǵdayına Kegeyli rayonı boyınsha jámi turaqlı jasawshı xalıq sanı 74,8 mıń adamdı quradı, 2023-jıldıń sáykes dáwirine salıstırǵanda 0,8 procentke kóbeygen.

Sonnan :

Erkekler sanı – 38,3 mıń adam
Hayallar sanı – 36,5 mıń adam
Qalalıq jerlerde - 30,3 mıń adam
Awıllıq jerlerde - 44,5 mıń adam.

@kegeylirkuzofficial
#Халық_ҳәм_армия_бир_тән_бир_жан

⚡️Ѳзбекстан Қураллы Күшлери 32 жыл даўамында заманагѳй техникалар менен тәмийинленген, елимиздиң қәўипсизлиги ҳәм аймақлық пүтинлиги, шегераларымыздың беккем болыўын тәмийинлей алатуғын, тактикалық ҳәм стратегиялық ўазыйпаларды шешиўге ылайық, күшли, қүдиретли миллий Армия дәрежесине еристи.

Бүгин райондағы 14-санлы улыўма билим бериў мектебинде Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгенлигиниң 32 жыллығы ҳәм 14-январь Ўатан қорғаўшылар күни мүнәсибети менен илаж болып ѳтти.

Илажда сѳзге шыққанлар мәмлекетимиздиң миллий армиясы, оның қорғаныў қудиретин және де беккемлеў, жасларды ана Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаў, халқымыздың тынышлығы ҳәм қәўипсизлиги жолындағы хызметлери ҳаққында сөз етти.

Илаж даўамында райондағы улыўма билим бериў мектеплери арасында әскерий спорт беллесиўлери болып ѳтти.

✏️Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Соңғы жылларда Президентимиз басшылығында мәмлекетимизде мәлимлеме-технологиялары тараўын раўажландырыў бойынша алып барылып атырған кең көлемли реформалар нәтийжесинде аймақларда заманагөй телекоммуникация қурылмалары қурылып,  ең шетки елатлы пунктлеринде интернет тармағыннан пайдаланыў имканиятлары жаратылмақта. Соның менен бирге,  IT-тараўында өзин-өзи бәнт еткен ИТ қәнигелер санын асырыў,  жасларымызды жоқары табыслы жумыс орынлары менен тәмийинлениў илажлары көрилмекте.

Жақында ғана,  Президентимиз  басшылығында тармақ ҳәм аймақларда мәлимлеме технологияларын раўажландырыў ҳәмде мәмлекет басқарыўды рақамластырыў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳәмде алдағы баслы ўазыйпалар бойынша видеоселекторда тийисли ўазыйпалар белгилеп берилди.

Усы ўазыйпалардан келип шығып Карақалпақстан Республикасы қала ҳәм район ҳәкимлериниӊ орынбасарлары, санлы экономиканы енгизиў бойынша жойбарлар менеджерлери Хорезм ўәлаятының «IT РARK»иде тәжирийбе алмасыў мақсетинде бир күнлик семинарда қатнасты.

@kegeylirkuzofficial