Kegeyli.uz/Рәсмий канал
7.13K subscribers
27.8K photos
2.77K videos
57 files
4.29K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
"Мәртебең бәлент болсын ана тилим"

Кегейли районы Мәлимлеме китапхана орайында 1-декабрь Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күни байрамы алдынан "Мәртебең бәлент болсын ана тилим" атамасында байрам кешеси ҳәм Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги китабын таныстырыў кешеси болып өтти. Онда Кегейли районы ҳәкиминин мәслаҳәтшиси К.Жиемуратов, УзЛиДеп Партиясы Кегейли районлық Кеңеси баслығы Б.Искендеровлар шығып сөйлеп, кеше қатнасыўшыларын елимиздиң уллы байрамларының бири болған Қарақалпақ тили  байрамы менен қызғын қутлықлады ҳәм тилимиздиң тазалығын сақлаўда VII томлық Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги китабының баспадан шығыўы елимиз тарийхында жүдә үлкен әҳмийетке ийе болғанлығын айрықша атап өтти. Мағлыўмат ушын: VII томлық Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги китабы  мәлимлеме китапхана орайына тапсырылды ҳәм китап қумарлар ушын үлкен саўға болды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@kegeylirkuzofficial‌‌
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🧤 #Kegeyli_95_jıl
🧤
#Múbárek_bolsın

Qánigelestirilgen mektep oqıwshıları tárepinen bildirilgen kreativ ideya tiykarında tayarlanǵan Kegeyli rayonınıń 95 jıllıǵına baǵıshlanǵan videorolik.

Telegram 🕊 Instagram 🕊
Facebook 🕊 You Tube 🕊
#Камалак_жулдызлары

Бүгин Кегейли районында “Камалак жулдызлары” балалар дөретиўшилик фестивалының районлық басқышы болып өтти.

Балалар дөретиўшилик фестивалының Кегейли районлық басқышында қатнасыўшылар сүўретлеў өнери-графика,  реңли сүурет,  әмелий қол өнери,  зергерлик,  қурақшылық,  жумсақ ойыншықлар,  нағыс соғыў,  кесте тоқыў арқалы өз  қарсыласлары менен беллести. Сондай-ақ, қатнасыўшылар вокал-дәстүрий ҳәм академиялық атқарыў шеберлиги,  эстрада,  фольклор,  миллий саз әсбапларын шертип миллий ҳәм заманагөй қосықларды атқарыў,  миллий аяқ ойын, дүнья халықларының миллий аяқ ойынлары ҳәм заманагөй аяқ ойынларды атқарыў  арқалы өз-ара беллести.

Фестиваль жуўмағында Кегейли районлық басқышында жеңимпазлар анықланып,  шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған дипломлар ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Бунда жеңимпаз болғанлар таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышына жоллама алды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@kegeylirkuzofficial‌‌
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🧤 #Kegeyli_95_jıl
🧤
#Múbárek_bolsın
#Қәнигелескен_мектеп_басламасы

❤️Сенде, Кегейлиши екенлигиңди билдир!

Тарийхый сәнеде биз бенен бирге болың!

@kegeylirkuzofficial
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Oqıw_shınıǵıw

⚡️ Kegeyli rayonı "Nurlı bostan" MPJ aymaǵında puqaralardıń botulizm keselliginen zıyanlanıwı menen baylanıslı baxıtsız hádiyse júz bergende tiyisli xızmetlerdiń háreketleri boyınsha kórgizbeli oqıw-shınıǵıwı ótkerildi.

☝️Húrmetli puqaralar, konserva ónimlerin satıp alǵan waqıtta jaramlılıq múddetine itibar beriń!

Qaraqalpaqstan Respublikası Ayrıqsha jaǵdaylar basqarması Málimleme xızmeti

https://t.iss.one/QR_AJB
Ҳүрметли Кегейли районы турғынлары ҳәм мийманлары!

Бәршеңизди, ертең, 25-ноябрь күни Кегейли районы дүзилгенлигиниң 95 жыллығына арнап өткерилетуғын байрам тамашаларына мирәт етемиз!

🎵Саат 11:30 да "КЕГЕЙЛИ" стадионында байрам концерти.

🐎"АБАТ" АПЖ дағы "Ат шабар" майданда ат шабыс, ылақ ойынлары ҳәм палўанлар гүреси тамашалары болып өтеди.

Келиң, тамаша етиң, байрамнан заўықланың!

Тарийхый сәнени биргеликте байрамлайық!

@kegeylirkuzofficial
Кегейлим 95 жаста

Уллы жасың бүгин мүбәрек болғай,
Гүлленебер жасыңа жас қосылғай.
Жаратқаным инам еткен жаслардың,
Ишлери мазмунлы шадлыққа толғай.

Ўатаны жолында мийнети қалған,
Пидайы мийнети үлдиде болған.
Перзентлериң бар тарийхта қалған,
95 жасың қутлы болсын Кегейлим.

95 жыл өмирде ҳәр түрли таңлар,
Ҳалқың қуўанышлы бүгинги күнде
Өзгеше сезиўим ақыл санасы,
Жулдызлар жарқырар мәңги жүректе.

Қуяшлы күн сулыў кең далам,
Бахтыяр журтым,бахытлы мәканым
Қушағың гүл жайнап байлыққа толсын,
Алтыннан қымбатлы мениң Кегейлим .

Көз жиберип қарап турсам  оңаша,
Бийик жайлар бойын  созған алыстан.
Заманласлар көз тиймесин елиме,
Гүлленебер еле бериң Кегейлим.

Утамбетова Сарбиназ
25-ноябрь, 2023-жыл
Ақ көкирек аңқылдаған халқың бар,
Уатан ушын жанын берер намыс ар,
Мақтанаман тууылғаннан бул журттан,
Жетелеген бийиклерге қолымнан.

Байрамың мубәрек, тууған мәканым,
Кегейлим журекте, уран тумарым,
Тойлансын бугинги тойың өзгеше,
Таң қалсын дунья жузи, хәтте Лондоның.

25-ноябрь 2023-жыл
Шыныгуль
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#КЕГЕЙЛИ_95_ЖАСТА

Кегейли районы дүзилгенлигиниң 95 жыллығына арналған байрам илажлары басланыў алдында турыпты. "Ҳәсиретли ана" естелигине районның ҳәм республикамыздың барлық аймақларынан келген мийманлар жәм болмақта.

@kegeylirkuzofficial
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Кегейли_95_жаста
#Онлине

Кегейлиниң 95 жыллық тойы басланды

Кегейли районында байрам илажлары район орайындағы "Ҳәсиретли ана" естелигине гүл шеңбер қойыў мәресими менен басланды.

@kegeylirkuzofficial
Forwarded from Нәўбәҳәр Дәўенова
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#КЕГЕЙЛИ_95_ЖАСТА

Байрам қутлықлаўлары. Байрам тилеклери.

@kegeylirkuzofficial