Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.93K subscribers
28.4K photos
2.86K videos
57 files
4.39K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
Ҳаял-қызларға көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң барысы үйренилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “2022-2026-жылларда аналық ҳәм балалықты қорғаўды күшейттириў ҳаққында”ғы қарары ҳәм 87-санлы Пәрманында белгиленген тапсырмалардың орынланыўы ҳәм тараўда алып барылып атырған жумыслар бойынша бүгин Қумшунгул аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 30-санлы ШП де район ҳәкими орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Хожамбергенова тәрепинен үйрениўлер алып барылды. Бунда туўыў жасындағы ҳаяллар, ҳамиледар ҳаяллар, жас өспирим қызлар, олардың саўалландырылыўы, ушырасып атырған онкологиялық кеселликлердиң ертеден алдын алыў мақсетинде онкоскрининг нәтийжелери, тууыў жасындағы ҳаял-қызлардың контрацепция менен қамтылыўы, сондай-ақ ҳаял-қызлардың медициналық көриктен өткерилиўи ҳәм бул бойынша арнаўлы ҳүжжетлердиң жүритилиў тәртиби үйренилип шығылды. Анықланған кемшиликлер бойынша тараў қәнигелерине бир қатар ўазыйпалар жүклетилди.

Каналға ағза болыў:
@kegeylirkuzofficial‌‌
#Көшпели_қабыллаў

Бүгин Кегейли районы ИИБ баслығы, 3-сектор баслығы Н.Әдилбеков секторға қараслы Жалпақ жап АПЖ турғынлары менен ушырасып, гезектеги көшпели қабыллаўын өткерди.

Қабыллаўға аўыл пуқаралар жыйыны баслығы , ҳәким жәрдемшиси, хаял-қызлар белсендиси ҳәм тийисли мәкеме, шөлкем басшылары қатнасты.

Қабыллаў даўамында пуқаралардың бәнтлик, үй-жай кадастры, ишимлик суў мәселеси ҳәм түрли турмыслық машқалалары тыңланып, мүрәжатлар тийисли тәртипте қадағалаўға алынды ҳәм орынлаўға қаратылды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@kegeylirkuzofficial‌‌
#Қабыллаў
Баслы машқалаларға итибар қаратылды

ϴзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасында бүгин, район ҳәкими А.Камаловтың район аймағында жасаўшы пуқаралар ҳәм жаслардың мүрәжатларын үйренип шығыў бойынша қабыллаўы ɵткерилди.

Қабыллаўда тийкарынан пуқаралардың медициналық, материаллық жәрдем, үй-жай кадастр  мәселелери менен байланыслы болған мүрәжатлары қабыл етилди ҳәм ден-саўлығына байланыслы етилген мүрәжатлар баслы итибарда болып, сол орынның ɵзинде ҳәким ҳәм тийисли тараў басшылары тәрепинен үйренилип шығылды.

Усы тәризде пуқараларды қыйнап жүрген турмыслық машқалаларын ɵз ўақтында анықлаў ҳәм оларды тийисли орынларға алып шығыў арқалы унамлы шешимине ɵз ўақтында ерисиў бойынша мәҳәлле пуқаралар жыйынларының жуўапкер ўәкиллерине анық тапсырмалар берилди. ϴйткени, машқаланы ўақтында анықлаў арқалы артықша әўерегершиликлердиң алдын алыўға ерисиў мүмкин.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
⚡️Бүгин

3-сектор баслығы Жалпақ жап АПЖда болып, аймақта гүз-қыс мәўсимине таярлық ушын алып барылып атырған жумыслар менен танысты. Тәбийий газ жетип барып турған хожалықларды газ бенен үзликсиз тәмийинлеў мақсетинда насазлықларды сапластырыў бойынша жумысларды барып көрди ҳәм социаллық объектлердиң қазанханаларының сазлығын үйренди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Заманымыз_қаҳарманлары

Кегейлиде 1000$ айлық алып атырған муғаллим

Видеорликте Кегейли районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бѳлимине қараслы 55-санлы айырым пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын класы бар улыўма орта билим бериў мектебиниң математика пәни муғаллими Миригул Нурыллаева туўралы сөз етиледи.

Бизди бақлап барың: 👇
|Web| Instagram | Facebook |Telegram | Youtube | Twitter |
Forwarded from Karakalpakstan.uz
⚡️1995-yil 16-noyabr kuni Parijda YUNESKO bosh konferensiyasining 28-sessiyasida «Bagʻrikenglik tamoyillari deklaratsiyasi» eʼlon qilindi va bu kun «Xalqaro bagʻrikenglik kuni» sifatida belgilandi.

Ushbu sana munosabati bilan Nukus shahrining qoq markazida joylashgan Yosh tomoshabinlar teatrida «Yangi Oʻzbekiston — millatlararo totuvlik diyori» mavzusidagi maʼnaviy-maʼrifiy tadbir boʻlib oʻtdi.

📍Batafsil óqish


Telegram | Instagram | Facebook | Twitter