Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.94K subscribers
28.3K photos
2.85K videos
57 files
4.38K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
“Жасыл мәкан” акциясына старт берилди

Соӊғы жыллары ҳүрметли Президентимиз тәрепинен мәмлекетимизде жасыл аймақларды кеңейтиў ҳәмде экологиялық жағдайды жақсылаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде қала ҳәм районларда ҳәр түрли декоратив ҳәм мийўели терек нәллери егилиўи даўам еттирилип атыр. Усы тийкарда быйылғы жыл бәҳәр айларында қала ҳәм районларымыз аймағында жәми 9 миллионға жақын терек нәллериниң егилиўи тәмийинленди.

Айтып өтиў орынлы, усы жылдың 11-октябрь күни ҳүрметли Президентимиз тәрепинен кеӊейтилген тәризде өткерилген видеоселектор мәжилисинде быйылғы жылы гүз мәўсиминде 25-октябрь ҳәм 1-декабрь сәнеси аралығында “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеӊберинде республикамыз бойынша 85 миллион түп терек ҳәм пута нәллерин егиў тапсырмасы белгилеп берилген еди.

Усы тапсырма тийкарында бүгин Нөкис қаласы аймағындағы “Теле орай” мәҳәллесинде үлкен көлемде “Жасыл мәкан” акциясы өткерилди. Онда елимиз абаданлығына үлес қосыўды нийет еткен жаслар, нураныйлар ҳәм ҳаял-қызлар қатнасып, жақсы нийет пенен терек нәллерин отырғызды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм елимиздиң абаданлығын, қоршаған орталықтың тазалығын тәмийинлеў ҳәм жасыл аймақлардың пайда етилиўинде пүткил халқымыз бенен бирге ат салысыўымыз керек екенлигин атап өтти.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Бүгин

Халқабад 110/35/10 кВ подстанциясында гезектеги режели оңлаў жумыслары алып барылды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Кегейли районы турғынлары дыққатына!

📣📣📣Пахтаның 1 кг 2000 сўм болды.

Районымыздың мийнеткеш халқы атызлардағы пахтаны жаӯын шашын күнлерден бурын ерте жыйнап териӯге өз үлесиңизди қосыӯға  ҳәм теримге белсене қатнасыўға шақырып қаламыз!!!

📌Аўыл ҳәм қала турғынлары  ҳәр күни өзи жасап атырған мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларына хабарласып теримге қатнасыўға болады .

📍Соны айрықша айтып өтемиз районымызда  теримшилерге барлық шараятлар жаратылған болып, терим пуллары 2⃣0⃣0⃣0⃣ сўмнан күнлик төленеди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
#Kegeyli_rayonı
#Bes_baslama_olimpiadası
#Rayonlıq_basqıshı
#Milliy_hám_zámanagóy_saz_ásbapları

🪕🥁🎸 Máhállelerdegi jaslar arasında “Bes baslama olimpiadası”nıń
2-máwsimi
sheńberinde “Milliy hám zámanagóy saz ásbapları” tańlawınıń 3-basqıshı yaǵnıy sektorlarara rayonlıq basqıshı Kegeyli rayonı 11-sanlı Balalar muzika hám kórkem-óner mektebinde ótkerildi.
⚡️Rayonlıq basqıshında jaslar 10-15 jas, 16-22 jas, 23-30 jas kategoriyası boyınsha, milliy hám zámanagóy jónelislerde óz-ara bellesti. Qızǵın bellesiwlerden soń jeńimpaz bolǵan jaslar tańlawdıń Qaraqalpaqstan Respublikalıq basqıshına jollama aldı.

@kegeylirkuzofficial
Мекемеде ислеўши хызметкерлер арасында футболь жарысы

2023 жыл 18-октябрь күни Өзбекстан мәмлекетлик мекемелер ҳәм жәмийетлик хызмети хызметкерлери кәсиплик аўқамы Кегейли районлық Кеңеси тәрепинен тараў кәсиплик аўқамына қараслы мәкеме, кархана, шөлкемлерде ислеп атырған ерлер арасында «мини футбол» бойынша кәсиплик аўқамы кубоги ушын жарыс өткерилди.

Қызғын беллесиўлер менен өткерилген жарыс жуўмағында,

1-орынды ҳәм кәсиплик аўкамы кубогин Кегейли районы экономика ҳәм қаржы бөлими командасына;

2-орын Жаслар ислери агентлиги Кегейли районлық бөлими командасына;

3-орын Кегейли районы ҳәкимлиги командасына несип етти.

Спорт жарысы жуўмағы менен жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм қымбат баҳалы естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@kegeylirkuzofficial