Kegeyli.uz/Рәсмий канал
7.11K subscribers
28K photos
2.81K videos
57 files
4.33K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
Ҳаял-қызларға көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң барысы үйренилди

Өзбекстан Республикасы Бас Министр орынбасары З.Б.Маҳкамова тапсырмасына тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң “2022-2026-жылларда аналық ҳәм балалықты қорғаўды күшейттириў ҳаққында”ғы қарарында белгиленген тапсырмалардың орынланыўы, тараўда алып барылып атырған жумыслар бойынша бүгин Жаңабазар АПЖ аймағындағы Кегейли ШШП де район ҳәкими орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Хожамбергенова тәрепинен үйрениўлер алып барылды. Бунда Аналар ҳәм балалар саламатлығын қорғаў, халықтың репродуктив саламатлығын беккемлеў, 35-55 жас аралығындағы ҳаялларда жатыр мойны өспе алды кеселликлери ҳәм қәўипли өспелерди ерте анықлаў, жас өспирим қызларға, фертил жасындағы ҳаялларға ҳәм ҳәмиледарларға көрсетилетуғын медициналық хызмет сыпатын жақсылаў барысындағы жумыслар үйренилип шығылды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Нызамшылық ҳүжжетлериниң мазмун-мәниси түсиндирилди

Кейинги жылларда «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында қабыл етилип атырған нызамлар ҳәм басқада нызамшылық ҳүжжетлериниң мазмун-мәнисин  кең жәмийетшиликке жеткериў, оларды хабардар етиў мақсетинде бүгин  реже тийкарында Омбудсманның Қарақалпақстан Республикасындағы ўәкили тәрепинен Кегейли районында «Жаңа ϴзбекстанда халықты социаллық қорғаў ҳәм мийнет ҳуқықы мәселелери» атамасында «Омбудсман мектеби» илажы ɵткерилди. Оған райондағы мәҳәлле пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты. Онда шығып сɵйлегенлер елимизде инсан ҳуқықы ҳәм еркинликлерин кепилликли қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған түпкиликли ɵзгерислер бойынша толық мағлыўматлар берди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Музокаралар якунида Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев ва Россия Федерацияси Президенти Владимир Путин Кенг кўламли стратегик шериклик ва иттифоқчилик муносабатларини чуқурлаштириш тўғрисида қўшма баёнот қабул қилдилар. Давлат раҳбарлари ҳузурида икки мамлакат ҳукуматлари ва вазирликлари томонидан имзоланган ҳужжатлар алмашилди.

По итогам переговоров Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев и Президент Российской Федерации Владимир Путин приняли Совместное заявление об углублении отношений всеобъемлющего стратегического партнерства и союзничества. В присутствии глав государств состоялся обмен документами, принятыми между правительствами и министерствами двух стран.

#Mirziyoyev #tashrif #Rossiya #hujjatlar

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Көк өзекте және 2 фермер хожалық пахта жыйын-териминде мәмлекетлик шәртнамасын орынлады

Көк өзек аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Д.Измағанбетов басшылық етип киятырған "Жолый аўыл" ҳәм "Измағанбет аўыл" фермер хожалығының жәми пахта майданы 56 га болып, бул майданларда фермердиң жаз бойы еткен мийнетиниң жемиси толық өз нәтийжесин берип, қысқа ўақыт аралығында режели шәртнаманы артығы менен орынлаўға еристи. Белгиленген режени орынлаўға өзлериниң сезилерли үлеслерин қосқан, дала майданында жуўапкершилик пенен тер төгип, ҳадал мийнет еткен дийқанлар ҳәм мапазда белсендилик пенен қатнасқан теримшилерге, сондай-ақ, аўыл-хожалық хызметкерлерине бүгин район ҳәкимлиги, "Кегейли-Шымбай агро кластер" ЖШЖ ҳәм фермер ҳожалығы атынан терең миннетдаршылық билдирилип, естелик саўғалары инәм етилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial