#Dóretiwshi_balalar_aylıģı
Kegeyli rayonı Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw ministirligine qaraslı "Bárkamal áwlad" balalar mektebinde 30-iyul "Xalıq aralıq doslıq kúni"múnásibeti menen "Dóretiwshi balalar aylıģı" sheńberinde ilaj shólkemlestirildi. Keshege "Mádeniyat"MPJ aymaǵında jasawshı túrli millet wákıllerinen jas úlken nuranıylar qatnastı.
Mekteptiń "Madeniyat hám kórkem óner" baģdarı dógerek aģzaları tárepinen olardıń qol-miyneti járdeminde islegen ámeliy jumısları hám ózleriniń tayarlaģan koncert baģdarlamasın inam etti.
Ilajdi ótkeriwden maqset oqıwshı jaslardıń bos waqıtların mazmunlı ótkeriw hámde dogerekke qızıģıwın elede arttırıw hám milletler ara tatıwlıq boyınsha úgit-násiyat jumısların alıp barıwdan ibarat.
Kegeyli rayonı hákimliginiń Málimleme xızmeti
@kegeylirkuzofficial

#Бүгин
Кегейли районы Мәденият МПЖ имәратында районлық Ишки ислер бөлими, 3- сектор баслығының пуқараларды көшпели қабыллаўы болып өтти. Қабыллаўда пуқаралар тəрепинен 7 мүрəжат келип тусти. 2 мүрəжат сол жердин өзинде унамлы шешимин тапты. 2 мурəжат ийесине ҳуқықый тусиниклер берилди ҳәм 3 мүрəжат бойыша тийисли мекеме ҳәм шөлкем басшыларына орынлаў ушын тапсырмалар берилди.
Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@kegeylikuzofficial.

ЕСАБАТЛАР ТЫҢЛАНЫЎЫ ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ
Бүгин «Жүзим бағ» аўыл пуқаралар жыйыны пуқаралары ўәкиллери жыйналысы болып өтти. Мәжилисте пуқаралар жыйыны баслығы, аймақтан сайланған Халық депутатлары районлық Кеңес депутаты, мәҳәллеге бириктирилген ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендилери ҳәмде аймақтағы атқарыў ҳәкимият уйымы басшыларының пуқаралар жыйынлары искерлиги тараўына киретуғын мәселелерине байланыслы есабатлары тыңланды. Мәжилис ашық-айдын, пикирлесиўлер тәризинде өткерилди. Мәжилис соңында күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

Кегейлиде август айы "Абаданластырыў ҳәм тазалық айлығы" етип белгиленди
Кегейли районының дүзилгенлигиниң 95 жыллығын нышанлаўға таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў мақсетинде район аймағында 2023-жылдың август айын "Абаданластырыў ҳәм тазалық айлығы" етип белгилеў ҳаққында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң жетпис төртинши сессиясының шешими қабыл етилди. Айлық шеңберинде;
- мәҳәллелер, елатлы пунктлер, көп қабатлы имаратлар, мәкеме, кәрхана имаратлары әтирапларын, көшелерди, ҳәўлилерди, жап-салмаларды ҳәмде майданшаларды тәртипке келтириў, тереклерди ҳәклеў ҳәм путаў;
- орынларда абаданластырыў жумысларын алып барыў ўақтында жыйналып қалған шығындыларды белгиленген орынларға алып шығылыўын тәмийинлеў белгиленген.
Ҳүрметли пуқаралар!
Өткерилиўи белгиленген абаданластырыў ҳәм тазалық айлығына өз белсендилигиңиз бенен қатнасып, районның дүзилгенлигиниң 95 жыллық тойына мүнәсип тойана менен қатнасың!

Инсан қәдири пайызлы үйлер мысалында...
924 үйди шиферлаў. Бул 924 пуқараның шаңарағында жыллар даўамында шешимин таппаған машқалаға жуўмақ жасаў. Кимиси кем қәрежетли, кимиси наўқас ямаса майып, кимдир шаңарағының тиреги болған ер азаматынан ерте айрылған. Қулласы, дизимге киргизилген 924 үйдиң ийелери де мүнәсип турмыс шараятында жасаўға, жаўын-шашынлы күнлерде қәўетерсиз отырыўға ҳақлы. Ал, ҳүкиметимиз тәрепинен қабыл етилген 52-санлы қарар болса, олардың турмыслық машқаласын шешиўге жолбасшы болды. Бүгин усы қарар тийкарында районның ҳәр бир мәҳәллесинде жумыслар қызғын даўам етип атыр. Атап айтқанда, райондағы Абат мәкан мәкан пуқаралар жыйынында усы ҳәпте даўамында 6 үйдиң төбесин шиферлаў жумыслары реже етип алынған болып, жумыслар Әндижан ўәлаятының Жалақудық районының қәўендерлигинде әмелге асырылмақта. Итибар тапқан ҳәр бир үйдиң ийеси қуўанышта. Олар қәдирли екенин жүректен сезинип атыр.