Kegeyli.uz/Рәсмий канал
7.11K subscribers
28K photos
2.79K videos
57 files
4.33K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Belgilenbegen orinlarda shomiliw òmir ushin qàwipli

Kegeyli rayoni Ayriqsha jaģdaylar bólimi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Nızamshılıqtı_túsindiremiz

SORAW: Úy jumısshıları kimler?

📌SORAWǴA Kegeyli rayonı ádillik bólimi Yuridikalıq xızmet kórsetiw orayı baslıǵı PALUANIYAZOV KAZBEK MARATOVICH juwap beredi.

Kegeyli rayonı hákimliginiń Málimleme xızmeti
@kegeylirkuzofficial
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Басламалы бюджет процессиниң быйылғы 2-мәўсимине бүгиннен старт берилди

Оған бола:

1️⃣-басқыш – пуқаралар тәрепинен жойбарларды қәлиплестириў процесслери 17.07.2023 – 06.08.2023 даўамында;

2️⃣-басқыш – жойбарларға даўыс бериў процесслери 06.08.2023 – 26.08.2023 даўамында;

3️⃣-басқыш – жойбарларға даўыс бериў процесслери 26.08.2023 – 15.09.2023 даўамында өткериледи.

Дәслепки есап-санақларға бола, бул мәўсим ушын район (қала)лық бюджетлер есабынан 1 триллион сумнан аслам қаржылар қаратылыўы күтилмекте (бул қаржылар мәўсимниң ақырына шекем артып барады).

Процессте қатнасыў шәртлери менен төмендеги видео арқалы танысыўыңыз ямаса өзиңизди қызықтырған сораўларға усы силтеме арқалы жуўап алыўыңыз мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

👉Агентликтиң телеграм каналына ағза болың -
https://t.iss.one/kknews_uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Халықлар_дослығы

Сөз домбырашы Гәўҳар ҳаққында

Туўысқан халықлардың өз-ара дослығы ҳәм аўызбиршилигиниң нәтийжесинде бүгинги күнге шекем ел менен елдиң арасы бир қәдем болып, байланыслар беккемленип бармақта. Қоңсы мәмлекетлерден келин түсирип, қыз узатыў қуўанышлары елеге шекем ушырасып атырғанлығы бул миллетлер ара татыўлықтың, меҳир-мириўбеттиң әмелдеги көриниси есапланады. Қазақстан Республикасының Атыраў ўәлаятынан Кегейлидеги қарапайым қарақалпақ шаңарағына келин болып түскен Гәўҳар Искендерованы Кегейлишилер Гәўҳар домбырашы лақабы менен жақсы таныйды. Ал оның "қазақша ән айтыў" өнерин шаңарағы, ийилип түскен ели, ҳәтте пүткил Кегейлишилер де бүгинги елеге шекем қоллап-қуўатлап келмекте. Айтпақшы, Гәўҳар апаның қыз ўақтындағы фамилиясын сораў есимизден шығыпты. Оның айтыўынша турмысқа шыққаннан кейин өмирлик жолдасының фамилиясына өтип, Искендерова фамилиясын қабыл еткен. Мине, сизге ҳүрмет, меҳир-муҳаббат деген!

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

kegeyli.uz|Facebook|Instagram|YouTube|
ЖУЎАПКЕРЛЕРДИҢ ЕСАБАТЛАРЫ ТЫҢЛАНДЫ

Бүгин Өзбекстан Республикасының “Пуқаралардың өзин өзи басқарыў уйымлары ҳаққында”ғы Нызамының 11-статьясына муўапық райондағы “Гүжим терек” мәкан пуқаралар жыйыны баслығы, аймақтан сайланған Халық депутатлары районлық Кеңес депутаты, мәҳәллеге бириктирилген ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар белсендиси ҳәмде аймақтағы атқарыў ҳәкимият уйымы басшыларының пуқаралар жыйынлары искерлиги тараўына киретуғын мәселелер жүзесинен есабатлары тыңланды.

Толық оқыў: https://kegeyli.uz/18575.html


Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

kegeyli.uz|Facebook|Instagram|YouTube|
Sálem! Bizde jańa máwsim

Siz 16-24 jastasız ba?
Shımbay, Kegeyli hám Qaraózek rayonlarında jasaysız ba?
Isbilermenlik kónlikpelerine iye bolıwdı qáleysiz be?
Siz hám siziń tanıslarıńız hár kúni dus kelip atırǵan mashqalaǵa innovaciyalıq sheshim tabıwdı qáleysiz be?
Ideyańızdı ámelge asırıw ushın grant hám de ekspertler kómegin alıwdı qáleysiz be?

🤝Doslarıńız benen birlesiń, dizimnen USÍ JERGE BASÍP sociallıq innovaciyalar hám isbilermenlikti rawajlandırıw boyınsha «UPSHIFT 2023» hám BIZCOOL joybarınıń 2-roundında qatnasıń.

📌Bul baǵdarlama sizge tómendegi imkániyatlardı beredi:
✔️Jańa kásiplik kónlikpelerdi iyelew;
✔️ Sociallıq mashqalalardı sheshiw;
✔️ Innovaciylıq ideyalardı islep shıǵıw hám ámelge asırıw;
✔️Óz ideyańızdı ámelde sınaw hám ámelge asırıw ushın 1000 AQSh dollarına shekem qarjı jeńıp alıw.

🔥Imkániyatıńızdı qoldan shıǵarmań!
📜Tolıq maǵlıwmat @upshift2023_1 telegram toparında.
#Seminar_trening

Kegeyli rayonı 5-sanlı ulıwma orta bilim beriw mektebiniń màjilisler zalında rayon aymaǵındaǵı Mektepke shekemgi bilimlendiriw shólkemlerinde tárbiyalanıp atırǵan tárbiyalanıwshılardıń máwsimlik awqatlanıw tártibin nátiyjeli shólkemlestiriw boyınsha seminar trening sholkemlestirildi.

Bolıp ótken seminarda Qaraqalpaqstan Respublikası Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw ministrligi sektor baslıǵı N.Qurbanova qatnasıp, “Mektepke shekemgi bilimlendiriw shólkemlerinde tárbiyalanıwshılardı salamat awqatlandırıwdı shólkemlestiriwde birden-bir máwsimlik  taǵamnamalardı  ámelde qollaw” temasında keń túrde túsinik jumısların alıp bardı.

Bunda tiykarınan Mektepke shekemgi bilimlendiriw shólkemlerinde salamat awqatlanıw tártibin támiyinlew, balalardıń ósiwi, olardıń aqılıy rawajlanıwında áhmiyetli bolǵan azıq-awqat ónimleri hár kúngi taǵamnamada bolıwı kerekligi haqqında sáwbetlesildi. Seminar soraw juwaplar menen dawam ettirildi.

@kegeylirkuzofficial
❗️ШОШИЛИНГ! Расман.

Бир кун ичида қандай қилиб қиммат ноутбук, планшет ёки 5 млн. сўмлик смартфонни қўлга киритишингиз мумкин?

Бунинг учун ВИДЕОни тўлиқ томоша қилинг ва жавоб олинг.

Бу жуда ОСОН! 👇👇👇

https://www.youtube.com/live/e3aqTJCoiZ4?feature=share