Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.8K subscribers
28.9K photos
2.93K videos
57 files
4.54K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
#Ашык_саубет
Район ҳәкими өзи аталыққа алған жаслар менен жақыннан сәўбетлесип, машқалаларын үйренди


Бүгин Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов район аймағындағы өзине бириктирилген жаслардың мүрәжатларын тыңлаў ҳәм машқалаларын сапластырыў мақсетинде аталыққа алынған жаслар менен ушырасты.

Ашық сәўбет тәризинде өткен ушырасыўда жаслар өзлериниң машқалалары менен бир қатарда пикир ҳәм усынысларын билдирди.

Район ҳәкими жаслардың қызығыўшылықларынан келип шыққан ҳалда оларды кәсипке бағдарлаў,  арнаўлы курсларда оқытыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў илажлары көрилетуғынлығын айрықша атап өтти.


Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🏆 Мини футбол бойынша Қызлар ҳәм жигитлер ортасында мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубогы.
💎 Қарақалпақстан Республикасы басқышы.


📹 Кегейли - Қанлыкөл ойынынан видео көринислер

Ойын нәтийжелери👇

Мини футбол ер  баллар;

Кегейли 4-1 Қанлыкол

Мини футбол кызлар;

Кегейли 4:2 Канлыкол

Футбол

Кегейли 3:2 Коңырат

✍️ККФА мәлимлеме хызмети!
📱
@kkfa_uz
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
5yil_ish_stajiga_ega_xotinqizlar_uchun_kvota2023.pdf
148.9 KB
⚡️Бес жыл мийнет стажына ийе болған ҳаял-қызлар ушын төлемли-контракт
тийкарында қабыллаў параметрлериниң Жоқары оқыў орынлары кесиминде бөлистирилиўи


📌 Мәмлекетлик комиссияның баянламасы менен кеминде бес жыл мийнет стажына ийе болған ҳаял-қызлар ушын ажыратылған төлемли-контракт тийкарындағы қабыллаў параметрлериниң Жоқары билимлендириў мекемелери кесиминде бөлистирилиўи.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Kvota_Kunduzgi_Bakalavriat-2023 Lot..pdf
942.9 KB
#Қабыллаў_2023
#Абитуриент_2023

❗️Бакалавриаттың күндизги, сыртқы, кешки ҳәм аралықтан тәлим формалары бойынша қабыллаў квотасы (тәлим бағдарлары ҳәм оқытыў тиллери кесиминде толық)


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қырғыз қызы қарақалпақ перзентлериниң АНАСЫ

Әзелден бир ел, бир жан болып жасап киятырған көп миллетли халқымыздың аўызбиршилигине ҳәўес етсең арзыйды. Олар миллет айырмайды. Өйткени, миллетлер ара татыўлық ҳақыйқый мусылманға тән пазыйлет есапланады. Тыныш-татыў жасағанға не жетсин. Халқымыздың беккем аўызбиршилиги, татыўлығы ҳаққында болса қырғыз қызы, қарақалпақтың үлгили келини, бүгинги заманымыздың ардақлы нураныйы Гүлсара Досымбетова менен болған сәўбет арқалы билип аламыз.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
⚡️Кегейли районы «Қумшүнгил» АПЖ аймағында 2023-жыл 5-июль күни саат 09:00ден 14:00ге шекем Халқабад 110/35/10 кВ ПСнан шығыўшы Дәрўаза қум 10 кВ ҳаўа тармағынан тәмийинленген №176 санлы трансформаторынын РЛНД-10 кВ разъеденители алмастырылыуына байланыслы электр энергиясы менен тəмийнлеў ўақтынша тоқтатылады.

Кегейли районы «Абат» АПЖ аймағында 2023-жыл 5-июль күни саат 09:30ден 18:00ге шекем №59 санлы трансформатор пунктинде киши оңлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы электр энергиясы менен тəмийнлеў ўақтынша тоқтатылады

⚡️Кегейли районы «Қумшүнгил» АПЖ аймағында 2023-жыл 5-июль күни саат 09:30ден 18:00ге шекем №171 санлы трансформаторлық пунктинде ири оңлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы электр энергиясы менен тəмийнлеў ўақтынша тоқтатылады.

⚡️Кегейли районы «Көкөзек» АПЖ аймағында 2023-жыл 5-июль күни саат 09:30ден 18:00ге шекем №278 санлы трансформатор пунктинде ири оңлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы электр энергиясы менен тəмийнлеў ўақтынша тоқтатылады.
#Инфографика

Кегейли районында ең көп халықтың бәнтлигин тәмийинлеген исбилерменлер онлығы менен танысың!

Каналға ағза болыў
: @QR_bantlik

Telegram | Instagram | Facebook
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
9-июль - Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында қатнасың!

Каналға ағза болыў 👉
@saylaw2023
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Дыққат концерт!

Қарақалпақ эстрада жулдызы Алишер Алламбергеновтың "Сени сорайман" атлы жеке концерти.

16-июль күни Кегейли стадионында

@kegeylirkuzofficial
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Көше бийлери менен пикирлесиў машқалаларды анықлаўдың әҳмийетли бағдары

Пуқаралар менен бирге жасап, олардың дәрти ҳәм тәшўиши, турмыслық машқалаларын теңдей көрип, жақыннан сезинген көше бийлери менен пикирлесиў машқалаларды анықлаўдың әҳмийетли бағдары есапланады. Сонлықтан да, Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен олар менен ушырасыўлар өткерилип келинбекте.

Алдынғы ушырасыўларда билдирилген усыныс ҳәм мәселелердиң басым көпшилиги шешимин тапты.

Бүгинги күнде өткерилип атырған ушырасыўларда да көше бийлери тәрепинен әҳмийетли машқалалар бойынша орынлы усыныслар билдирилмекте.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Сыртқы тәлим формасында педагогикалық стаж тек ғана 5 тәлим жөнелиси ушын талап етиледи

Президенттиң 2022-жыл 22-июньдағы ПҚ-289-санлы қарарына муўапық, педагогика тараўындағы тәлим жөнелислерине сыртқы тәлим формасы бойынша оқыўға билимлендириў системасында педагогикалық жумысқа тийисли кеминде 5 жыллық мийнет стажына ийе болған шахслар қабыл етиледи.

Мәмлекетлик комиссияның арнаўлы протоколы менен сыртқы тәлим формасына педагогикалық жумысқа тийисли кеминде 5 жыллық мийнет стажына ийе болған абитуриентлер қабыл етилетуғын бакалавриат тәлим бағдарлары дизими тастыйықланды. Олар:

🔹 басланғыш тәлим;
🔹 Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы;
🔹 музыка тәлими;
🔹 дене мәденияты;
🔹 технологиялық тәлим.


Бунда усы тәлим жөнелислериниң сыртқы тәлим формасына халық билимлендириўи системасында кеминде 5 жыллық мийнет стажына ийе болып, ҳәзирги ўақытта усы системада жумыс алып барып атырған педагог хызметкерлер абитуриент сыпатында дизимнен өтиўи белгиленген.

Басқа тәлим жөнелислери ушын болса педагогикалық жумысқа тийисли кеминде 5 жыллық мийнет стажы талап етилмейди ҳәм оларға қәлеген абитуриент дизимнен өтиўи мүмкин.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Бүгин, Кегейли районы ҳәкиминиӊ орынбасары, Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Хожамбергенова, район Ишки ислер бөлими ҳаял-қызлар мәселеси бойынша аға инспекторы С.Бердишовалар райондағы "Абат макан", "Қумшүнгил", "Гүжим терек", "Ийшан кала", "Жүзим бағ", "Көк өзек", "Нурлы бостан" пуқаралар жыйыны аймақларыныӊ белсенди ҳаяллары менен ушырасты. Онда сөзге шыққанлар елимизде әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилген болып, усы тийкарда оларға исбилерменлик бағдары бойынша көплеген жеңилликлер берилген. Билимлендириў, мәденият, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да тараўлардағы, сондай-ақ, жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларды материаллық, руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша да нәтийжели жумыслар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial