Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.84K subscribers
28.6K photos
2.89K videos
57 files
4.47K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
#Бос_жумыс_орынлары_ярмаркасы
#Жаслар_сиясаты

Президентимиз басшылығында усы жылдың 11-апрель күни өткерилген «Жаслар сиясаты тараўындағы жумыслардын нәтийжелилигин арттырыў ҳәмде олар менен ислесиў системасын жәнеде раўажландырыў"ға қаратылған видиоселектор мәжилисинде берилген тапсырмалардан келип шығып, районда ҳәр бир мәҳәлле кесиминде “Жаслар балансы” тийкарында жаслардың социаллық жағдайы, қызығыўшылығы ҳәм машқалалары үйренилип, аўыр тайыпадағы 736 жастың дизими қәлиплестирилди. Сондай-ақ, усы жаслардың машқаласын сапластырыў бойынша тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлерден ибәрат болған жәми 21 жуўаплы басшыға  дизимдеги жаслар атпа-ат бириктирилди. Бүгин дизимге киргизилген жаслар менен индивидуал ислесиў бойынша жумысларды еледе жеделлестириў мақсетинде "Бос жумыс орынлары" ярмаркасы өткерилип, ярмарка жуўмағында 48 жастың қәнигелигинен келип шығып, көрсетилген бос жумыс орынларына жоллама берилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

kegeyli.uz|Facebook|Instagram|YouTube|
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Қарар_ҳәм_оның_орынланыўы
#408_санлы_қарар_әмелде

Кегейли районы Абат мәкан МПЖ аймағындағы 2,5 км аралықтағы ишки жолларға Өзбекстан Республикасы Президентиниң 408-санлы қарары тийкарында қумлы тас араласпасын төсеў жумыслары әмелге асырылды. Көше турғынлары буннан миннетдар.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

kegeyli.uz|Facebook|Instagram|YouTube|
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Жоқарғы Кеңес Баслығы өзи аталыққа алған жаслар менен ушырасты

Президентимиз басламасы менен 14-30 жас аралығындағы жаслар социаллық жағдайы, қәбилети ҳәм қызығыўшылықларынан келип шығып, үш категорияға ажыратылды. Мәмлекеттиң итибары ҳәм жәрдемине мүтәж болған жаслар Жоқарғы Кеңес Баслығы, сектор басшылары, министрликлер менен қала ҳәм район ҳәкимлери, сектор басшыларына бириктирилди. Усы тийкарда республикамызда жаслар менен индивидуал ислеў системасы жаратылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев өзи аталыққа алған жаслардың машқала ҳәм усынысларын тыңлаў мақсетинде бир қатар жаслар ҳәм олардың ата-аналары менен екинши мәрте ушырасты.

Өткерилген ушырасыўда жаслар менен жақыннан пикирлесилип, олардың тилек-өтинишлери, сондай-ақ, турмысында ушырасып атырған машқалалары тыңланды.

Атап айтқанда, денсаўлығын беккемлеў ушын әмелий жәрдем көрсетиў, бәнтлигин ҳәм өзин өзи бәнт етиўин тәмийинлеў, социаллық қоллап-қуўатлаў, оқыў ушын контракт пулларын төлеп бериў, оқыўға кириў ушын арнаўлы таярлаў курсларында оқыў ушын қаржылай жәрдем бериў сыяқлы бир қатар мәселелер жаслар ҳәм олардың ата-аналары тәрепинен көтерилди.

Сол орынның өзинде бир неше жаслардың өзин-өзи бәнт етиўи ушын тигиў машиналары, сантехника буйымлары, кепсерлеў үскенелери жыйнағы менен тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге тапсырма берилди. Сондай-ақ, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде кәсип-өнерге бағдарлаў бойынша арнаўлы курсларда оқытыў белгилеп алынды.

Жоқарғы Кеңес Баслығы бул машқалаларға шешим табыў бойынша тийисли тараў басшылары менен бирге арнаўлы “Жол картасы”н ислеп шығыў ҳәм тез пурсатта шешим табыў мәселесинде тапсырмалар берди.

Ашық-айдын жақыннан пикирлесиў усылында өткерилген ушырасыўда жаслар өзлеринин пикирлерин емин-еркин билдирди.

Ушырасыў жуўмағында ўазыйпалар белгилеп алынды.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

Налымаң! Сиз налыған жағдай, базылар ушын әрман... (Әлбетте көриң!)

Телеграм | Facebook | Instagram | Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️❗️Өзбекстанда буннан былай жоқары оқыў орынларына абитурентлер қәлеген билимлендириў формасын (күндизги, сыртқы ҳәм кешки яки аралықтан) таңлап оқыўы мүмкин.

👨‍🎓Алдын абитурентлерге ҳәр қандай оқыў формасын таңлаўға рухсат берилмейтуғын еди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
‼️Рәсмий: Сентябрьден баслап 10-11-класс оқыўшылары өзи қәлеген пәнлерди таңлап оқыўы мүмкин

2023/2024-оқыў жылынан баслап улыўма орта билим бериў мекемелеринде жаңа оқыў программалары басқышпа-басқыш әмелиятқа киргизиледи.

Бунда 10-11-класс оқыўшыларының қызығыўшылығы ҳәм қәбилетине сәйкес болған қәнигелескен программалар тийкарында билим бериў әмелияты енгизиледи.

👉 10-11-класлардағы 14 мәжбурий пәнлер раўажландырылған жаңа оқыў жобасы тийкарында оқыўшыларға 8 мәжбурий пән ҳәм 2 таңлаў пән (химия -биология, математика физика, тарийх-ҳуқық, ана тили ҳәм әдебият-шет тили)ди таңлаў мүмкиншилиги жаратылады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Кегейли районы Жаңабазар ҳәм Ийшан қала аўыл пуқаралар жыйыны аймағында фермер хожалығында әҳмийетли тараўлардың бири есапланған пиллешилик жылдан жылға раўажланып,  мәмлекетимиздиң экономикалық жақтан раўажланыўында үлеси артып бармақда. Быйылғы жылда Ийшан қалалы ҳәм Жаңабазарлы ҳаял-қызлар да шаңарағы ушын дәрамат таўып, пилле мапазында өзлериниң мүнәсип үлеслерин қосып, пилле бойынша белгиленген режелерди артығы менен орынламақта.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

kegeyli.uz|Facebook|Instagram|YouTube|
Пенсионерге есаплап шығарып қойылған, бирақ пенсионер тәрепинен өз ўақтында талап етип алынбаған пенсияны төлеў мүддети 12 айдан 24 айға узайтылып атыр

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 28-февральдағы «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы ПП-27-санлы Пәрманы қабыл етилди.

Бул Пәрманда халықтың турмыс дәрежесин және де жоқарылатыў, пуқараларды социаллық қорғаўды күшейтиў, соның менен бирге пуқаралардың пенсия муғдарларын мәмлекеттиң экономикалық көрсеткишлерине муўапық турақлы асып барыўын тәмийинлеў бойынша ўазыйпа белгиленген.

атап айтқанда, пуқаралардың пенсия тәмийнатын жақсылаў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде, 2024-жылдың 1-январь сәнесинен баслап пенсионерлерге есапланған, бирақ өз ўақтында алынбаған пенсияны төлеў мүддети 24 айға узайтылыўы нәзерде тутылған.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Көше_бийлери_белсенди
Наманганнан қай жеримиз кем? Кегейлини де гүллер қаласына айландырыўымыз керек!

Кегейли районы Абат мәкан МПЖ дағы ҳәр бир көше, ҳәр бир шаңарақ бүгин абаданлыққа қарай жүз бурмақта. Буны биз усы аймақта жасаўшы сөзи менен ис бир нураныйлардың шаңарағы мысалында көре алдық. Бүгинги қаҳарманымыз нураный устаз Шернияз Панаев. Оның үй алды қыйтақ жеринен үнемли пайдаланыў бойынша айтып өткен баҳалы пикирлери менен видеода танысың.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

kegeyli.uz|Facebook|Instagram|YouTube|
Кегейли  районы Қумшүнгил АПЖ  аймағында  2023-жыл 22-май  күни саат 09:30 ден  18:00 ге шекем 171-санлы трансформаторлық пунктинде ири оңлаў  жумыслары өткерилиўине байланыслы  электр   энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

Кегейли  районы Жаңабазар жап АПЖ  аймағында  2023-жыл 22-май  күни саат 09:30 ден  18:00 ге шекем 33-санлы трансформаторлық пунктинде ири оңлаў  жумыслары өткерилиўине байланыслы  электр   энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

Кегейли  районы Жалпақ жап АПЖ  аймағында  2023-жыл 22-май  күни саат 09:30 ден  18:00 ге шекем 212-санлы трансформаторлық пунктинен шығыўшы 0,4 кВ ҳаўа тармағында киши оңлаў  жумыслары өткерилиўине байланыслы  электр   энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

Кегейли  районы Қуяшлы МПЖ  аймағында  2023-жыл 22-май  күни саат 09:30 ден  18:00 ге шекем 189-санлы трансформаторлық  пунктинде киши оңлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы  электр   энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.