Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.93K subscribers
28.4K photos
2.87K videos
57 files
4.42K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
#Bes_baslama_olimpiadası
#Kegeyli_rayonı
#Kásipler_tańlawı
#Tigiwshilik

🪡🧵🧶👕Búgin “Bes baslama olimpiadası” sheńberinde "Kásipler tańlawı"nıń "Tigiwshilik" jónelisi boyınsha rayonlıq basqıshı bolıp ótti. Qızǵın ótken tańlaw nátiyjesine kóre:
🥇orındı Nurlı bostan MPJ Sadirbaeva Moldir;
🥈orındı Xalqabad MPJ Tilewmuratova Juldız;
🥉orındı Qumshungul APJ Bazarbaeva Gulshexra
qolǵa kiritti.
⚡️Tańlaw jeńimpazlarına keyingi basqıshta áwmet tileymiz.


@kegeylirkuzofficial
🧤 #Kegeyli_QM
🧤
#Ashıq_esikler_kúni

KEGEYLI RAYONÍ QÁNIGELESTIRILGEN MEKTEBINDE "ASHÍQ ESIKLER KÚNI"NE MÁRHAMAT

👨‍🏫 Húrmetli, ata-analar hám áziz oqıwshılar!

🧑‍🏫 Qánigelestirilgen bilimlendiriw mákemeleri agentligine qaraslı Kegeyli rayonı Qánigelestirilgen mektebine sizlerdi 2023-jılı 23-may kúni “Ashıq esikler” kúnine mirát etemiz!

🤝 Ashıq esikler kúninde ata-analar ushın:

🎲 Mektep haqqında tolıq maǵlıwmat alıw;
🎲 Psixologiyalıq treningler;
🎲 Perzentlerińizdiń Qánigelestirilgen bilimlendiriw mákemeleri agentligi sistemasındaǵı oqıw orınlarına tapsırıwı haqqında tolıq maǵlıwmat alıw imkaniyatına iye bolasız.

👍 Oqıwshılar ushın qızıqlı robototexnikalar:

🎲 "Hákim kubogi olimidası"na qatnasıw;
🎲 IT
🎲 Sport
🎲 Joybar jumısları
🎲 Liderler klubı
🎲 Pán olimpiadası
🎲 STEM


Sizler ushın, álbette, qızıqlı hám paydalı boladı.

📚 Biz sizdi kútemiz!

Telegram 🧤 Instagram 🧤
Facebook 🧤 You Tube 🧤
Үш әўлад ушарысыўы

Бүгин «Үш әўлад» тың басы қосылып,
Кегейлиде ушырасыў болмақта,
Үлкен ағалардың ɵткен жолынан,
Жаслар, жас  кишилер сабақ алмақта.

Үлкенге ҳүрмет, кишиге иззет,
Бизиң елде инсан қәдири бәлент.
Ел басшымыз халықтың ғамын ойлайды,
Ҳәр адамға айрықша ҳүрмет.

Инсанға итибар, сапалы билим,
Деп ел басшы жылға атама берди.
Елде қанша уллы ислер басланып,
Қулақ еситкенди бүгин кɵз кɵрди.

Халқымыз разы бүгин ɵмирден,
Жәрдем, жеңилликтен халыққа берилген.
Бизиң елде инсан мәпи, халық ғамы,
Тийкарғы бас мақсет етип қойылған.

Тынышлық, татыўлықта ҳәмме бирликте,
Ел басшы баслаған жолдан барамыз.
Үш әўлад алдында уллы ўазыйпа,
Жаңа ϴзбекстан елин қурамыз!

Шернияз ПАНАЕВ
#Бос_жумыс_орынлары_ярмаркасы
#Жаслар_сиясаты

Президентимиз басшылығында усы жылдың 11-апрель күни өткерилген «Жаслар сиясаты тараўындағы жумыслардын нәтийжелилигин арттырыў ҳәмде олар менен ислесиў системасын жәнеде раўажландырыў"ға қаратылған видиоселектор мәжилисинде берилген тапсырмалардан келип шығып, районда ҳәр бир мәҳәлле кесиминде “Жаслар балансы” тийкарында жаслардың социаллық жағдайы, қызығыўшылығы ҳәм машқалалары үйренилип, аўыр тайыпадағы 736 жастың дизими қәлиплестирилди. Сондай-ақ, усы жаслардың машқаласын сапластырыў бойынша тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлерден ибәрат болған жәми 21 жуўаплы басшыға  дизимдеги жаслар атпа-ат бириктирилди. Бүгин дизимге киргизилген жаслар менен индивидуал ислесиў бойынша жумысларды еледе жеделлестириў мақсетинде "Бос жумыс орынлары" ярмаркасы өткерилип, ярмарка жуўмағында 48 жастың қәнигелигинен келип шығып, көрсетилген бос жумыс орынларына жоллама берилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

kegeyli.uz|Facebook|Instagram|YouTube|
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Қарар_ҳәм_оның_орынланыўы
#408_санлы_қарар_әмелде

Кегейли районы Абат мәкан МПЖ аймағындағы 2,5 км аралықтағы ишки жолларға Өзбекстан Республикасы Президентиниң 408-санлы қарары тийкарында қумлы тас араласпасын төсеў жумыслары әмелге асырылды. Көше турғынлары буннан миннетдар.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

kegeyli.uz|Facebook|Instagram|YouTube|
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Жоқарғы Кеңес Баслығы өзи аталыққа алған жаслар менен ушырасты

Президентимиз басламасы менен 14-30 жас аралығындағы жаслар социаллық жағдайы, қәбилети ҳәм қызығыўшылықларынан келип шығып, үш категорияға ажыратылды. Мәмлекеттиң итибары ҳәм жәрдемине мүтәж болған жаслар Жоқарғы Кеңес Баслығы, сектор басшылары, министрликлер менен қала ҳәм район ҳәкимлери, сектор басшыларына бириктирилди. Усы тийкарда республикамызда жаслар менен индивидуал ислеў системасы жаратылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев өзи аталыққа алған жаслардың машқала ҳәм усынысларын тыңлаў мақсетинде бир қатар жаслар ҳәм олардың ата-аналары менен екинши мәрте ушырасты.

Өткерилген ушырасыўда жаслар менен жақыннан пикирлесилип, олардың тилек-өтинишлери, сондай-ақ, турмысында ушырасып атырған машқалалары тыңланды.

Атап айтқанда, денсаўлығын беккемлеў ушын әмелий жәрдем көрсетиў, бәнтлигин ҳәм өзин өзи бәнт етиўин тәмийинлеў, социаллық қоллап-қуўатлаў, оқыў ушын контракт пулларын төлеп бериў, оқыўға кириў ушын арнаўлы таярлаў курсларында оқыў ушын қаржылай жәрдем бериў сыяқлы бир қатар мәселелер жаслар ҳәм олардың ата-аналары тәрепинен көтерилди.

Сол орынның өзинде бир неше жаслардың өзин-өзи бәнт етиўи ушын тигиў машиналары, сантехника буйымлары, кепсерлеў үскенелери жыйнағы менен тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге тапсырма берилди. Сондай-ақ, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде кәсип-өнерге бағдарлаў бойынша арнаўлы курсларда оқытыў белгилеп алынды.

Жоқарғы Кеңес Баслығы бул машқалаларға шешим табыў бойынша тийисли тараў басшылары менен бирге арнаўлы “Жол картасы”н ислеп шығыў ҳәм тез пурсатта шешим табыў мәселесинде тапсырмалар берди.

Ашық-айдын жақыннан пикирлесиў усылында өткерилген ушырасыўда жаслар өзлеринин пикирлерин емин-еркин билдирди.

Ушырасыў жуўмағында ўазыйпалар белгилеп алынды.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM