Kegeyli.uz/Рәсмий канал
7.07K subscribers
30K photos
3.06K videos
61 files
4.74K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
Қарақалпақстан Республикасы электрэнергиясы хожалығы басқарыўында 21 405 км электр тармақлары, 6 144 трансформатор пунктлери, 107 нимстанциялар, 394 868 абонент тутыныўшылары, соннан 376 209 пуқаралардың үйлери ҳәм 18 659  юридикалық шахслар бар. 

Республика электр хожалығын гүз-қыс мәўсимине таярлаў шеңберинде 3 885,8 км электр тармақларын күнделикли, 2 345,5 км электр тармақларын толық оңлаў, 1 175 трансформатор пунктлерин күнделикли оңлаў ҳәм 603  трансформатор пунктлерин толық оңлаў, ҳүрметли Президентимиздиң 2023-жыл 16-февральдағы ПҚ-57-санлы қарарына тийкар 4 126 пуқаралардың үйлерине ҳәмде 1 754 исбилерменлик субъектлериниң имаратларында қуяш панеллерин орнатыў есабынан тутыныўшыларға электр энергиясын жеткерип бериўдеги үзилислер сапластырылады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Қарақалпақстан Республикасы газ тармақлары хожалығы балансында 9706 км газ қубырлары, 4606 газ бөлистириў пунктлери, 283,5 мың абонент тутыныўшылары, соннан 276,9 мың пуқаралар үйлери ҳәм 6,6 мың юридикалық шахслар бар.

Республика газ хожалығын гүз-қыс мәўсимине таярлаў шеңберинде 29,6 км газ қубырларын оңлаў, 20 газ бөлистириў пунктлерин оңлаў, 235  газ бөлистириў пунктлерин демонтаж қылыў, 11 100 пуқаралар тутыныўшыларды газ тәмийнаты ҳәм үскенелерин нормалластырыў, Президентимиздиң 57-санлы қарарына тийкар 28 исбилерменлик субъектлериниң объектлери газ жанылғысынан көмирге өткериў, 620 социаллық тараў объектлериниң газ жанылғысынан көмирге өткериў есабына пуқаралар тутыныўшыларына газ жеткерип бериўдеги үзилислер сапластырылады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Сессияда белгиленген ўазыйпаны орынлаў нәтийжесинде 2023-жылда республикада жәми 214,3 млн. кВт. саат электр энергиясы ҳәм 329,4 млн. кубметр тәбийғый газды үнемлеў имканияты жаратылатуғынлығы атап өтилди.

Буннан соң күн тәртибиндеги мәселе толық қарап шығылып, депутатлар тәрепинен арнаўлы қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Кеўил билдириў

Усы жылдың 16-май күни, Екинши жәҳән урысы қатнасыўшысы Генжемурат Алланиязов дүньядан өтти.

Г.Алланиязов 1925-жылы туўылған. 1943-жылдың 5-март күни Екинши жәҳән урысы өзиниң шыңына көтерилген ўақытта әскерий хызметке атланған. Алланиязов Генжемурат 76-оқшы дивизиясында фашистлерге қарсы гүрес алып барған. Қахарманымыз Украина, Руминия, Молдавия, Австрия, Чехословакия мәмлекетлерин фашистлер басқынынан азат етиў саўашларында мәртлик үлгисин көрсеткен. 1945-жылдың февраль айында Венгрияның пайтахты Будапешт қаласын азат етиўде душпанлар тәрепинен атылған снаряд ушқынынан аўыр жарақат алған. Аўыр жарақат алған болса да, емлениўден кейин және саўаш майданларына қайтқан.

Генжемурат ата урыстан кейин 1950-жылға шекем «минометчи» сыпатында хызмет етип, “сержант” әскерий дәрежесин алыўға ерискен.

Ол урыстан кейинги жыллары билимлендириў тараўында мийнет етип, келешегимиз болған жасларымызды тәрбиялаўда өзиниң бар билим ҳәм тәжирийбесин жумсады. Генжемурат Алланиязов кишипейил, ҳақ кеўил, пидайы ҳәм жанкүйер инсан еди. Жасы үлкен нураный сыпатында барқулла орны төрде болды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси жәмәәти марҳумның шаңарақ ағзаларына ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил айтады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси
Мектеплерде "Сонғы қоңыраў" илажларын өткериў бойынша зәрүр усыныслар ислеп шығылды

Быйылғы жылы улыўма орта билим бериў мектеплеринде өткерилетуғын "Сонғы қоңыраў" илажларын өткериў бойынша Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен тийисли усыныслар ислеп шығылды.

Оған бола:

улыўма орта билим бериў орынларында "Сонғы қоңыраў" илажлары 2023-жыл 25-май күни саат 8:00 ден 9:00 ге шекем "Илимди қәдирлең, илимге умтылың!" ураны астында шөлкемлестириледи;

илажға мектептеги оқыўшылар санынан келип шығып тек ғана 1-, 4-, 9-, 11-класс оқыўшылары тартылады;

мәҳәлле белсендилери, ата-аналар ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте өрт ҳәм техника қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиў ҳәм басқа зәрүр илажларды көриў тәмийинленеди;

Сондай-ақ, илаж даўамында:

мектеп турмысында белсене қатнасып атырған, сондай-ақ, әдеп-икрамлылығы, умтылыўшаңлығы менен теңлеслерине үлги болып атырған оқыўшылардың ата-аналарына "Ең жақсы ата", "Жанкүйер ана", "Жуўапкершиликли ата-ана", "Үлгили оқыўшы", "Билимли қыздың анасы" сыяқлы номинацияларда миннетдаршылық хатлары бериледи;

2022-2023-оқыў жылы даўамында үлгили минез-қулқы ҳәм жоқары баҳаларға оқып, ең жоқары рейтинг көрсеткишлерине ерискен қәбилетли питкериўшилер сыйлықланады;

мақтанышлы оқытыўшылар ата-аналар, кәсиплик аўқамы, мәхәлле ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер, сондай-ақ, үлги болатуғын мектептиң бурынғы питкериўшилери мирәт етиледи.

2022-2023-оқыў жылын жуўмақлаў ҳәм "Сонғы қоңыраў" илажларын өткериў даўамында төмендегилер қадаған етиледи:

"Сонғы қоңыраў" илажларын, басқышлы қадағалаў имтиханлары ҳәм жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестацияларын өткериў даўамында билимлендириў мәкемелерин жаңа оқыў жылына таярлаў бағдарында оқыўшы ҳәм питкериўшилер ҳәмде олардың ата-аналарынан түрли пул қаржыларын жыйнаў;

улыўма орта билим бериў орынлары басшылары ҳәмде оқытыўшыларға питкериўшилер тәрепинен түрли баҳалы саўғалар усыныў, қосымша түрли салтанатлы илажларды өткериў, жеңил автомашиналарда сейил шөлкемлестириў.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#Jaslar_isleri_agentligi
#Bes_baslama_olimpiadası
#Jeńil_atletika

🏃🏃‍♀Búgin Kegeyli rayonı sport mektebinde "Bes baslama olimpiadası" sheńberinde sporttıń "Jeńil atletika" túri boyınsha jarıstıń rayonlıq basqıshı bolıp ótti.

🔹"Jeńil atletika" jarısına máhellelerdegi 11-15, 16-21, 22-26, 27-30 jas aralıǵındaģı jaslar qatnastı.

🏆Jarıs juwmaǵında jeńimpaz bolǵan qatnasıwshılar jarıstıń Qaraqalpaqstan Respublikası basqıshına jollama aldı.

@kegeylirkuzofficial
⚡️ Jaslar menen individual islesiw sisteması boyınsha oqıw-seminarı ótkerilmekte

✍️Jaslar orayı imaratında Jaslar isleri agentligi qala hám rayonlıq bólim baslıqları, jaslar jetekshileri hám rayon (qala) hákimleriniń jaslar siyasatı, sociallıq rawajlandırıw hám ruwxıy-aǵartıwshılıq isleri boyınsha orınbasarları qatnasıwında “Jaslar menen individual islesiw sisteması” boyınsha oqıw-seminarı ótkerilmekte.

📲Telegram | Instagram | You Tube | Facebook