Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.95K subscribers
30.5K photos
3.11K videos
63 files
4.82K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Қаҳарманлардың мәртлиги ҳеш қашан умытылмайды

9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни улыўмахалықлық байрамы, сондай-ақ, быйыл Екинши жәҳән урысында фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 78 жыллығы.

Қыян-кески өткен саўашлардағы жеңисте қаншама машақат, күш, аўызбиршилик, қуўаныш бар болса, соншама қайғы-ҳәсирет, қурбанлар да болған.

Мәрт жаўынгерлердиң ерлиги менен ерисилген жеңисте қарақалпақстанлы азаматлардың да үлеси бар.

Бүгин сәне мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев усындай мәрт жаўынгерлердиң бири болған Қараөзек районында жасаўшы, Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Генжемурат ата Алланиязовтың шаңарағында болып, байрам саўғаларын тапсырды.

Жоқарғы Кеңес Баслығы ветеранды қутлықлады ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.

Сондай-ақ, Президентимиздиң усы жыл 2-майда қабыл етилген «Екинши жәҳән урысы қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында Екинши жәҳән урысы қатнасыўшысы Генжемурат Алланиязовқа 18 миллион сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық тапсырылды.

Соның менен бирге, урыс қатнасыўшысына мәмлекетимиз тәрепинен ажыратылған естелик саўғалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Министрлер Кеңеси, Арқа-батыс әскерий округи, Қараөзек районы ҳәкимлиги ҳәм бир қатар шөлкемлер атынан баҳалы саўғалар берилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
БИЗ БАХЫТЛЫ ЗАМАН УШЫН ОЛАРДАН МИННЕТДАРМЫЗ

Өткенлердиң исмин ядқа алыў, олардың мәртлигин ҳүрметлеў халқымызға тән болған жақсы пазыйлетлерден есапланады.

Ал, бүгин болса төримиздиң жарасығы болған кекселеримиздиң қәдир-қымбаты бахытлы турмысымызда бәршениң дыққат-итибарында.

✏️9-Май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов ҳәм сектор басшылары  тәрепинен урыс жылларында фронт артында мийнет еткен районымыздағы 9 кексе ата ҳәм апаларымыздың үйлерине барылып, байрам менен қутлықлады ҳәм оларға 1 млн сўмнан бир мәртелик сыйлық ҳәм басқада саўғалар тапсырды.

Ветеран нураныйларымыз  урыс жылларындағы халықтың басына түскен аўыр күнлерин еске алып, бүгинги еркин заманымызға шүкиршилик билдирип, ақ пәтияға қол жайды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Олардың саны санаўлы...

Ўақыт, жыллар дизбеги өзиниң қүдиретин көрсетип өтип бармақта. Суўретлерде жәмленген бул теберик инсанлар сиз бенен биз сыяқлы бахытлы балалық дәўранын сүрмеди. Олардың балалығы қыян-кести урыстың салдарынан елде ҳүким сүрген тынышсызлық ҳәм ашлықтың заманына туўра келген болса, өзлериниң жаслық күш-жигерин бүгинги бахытлы заманымыз ушын жумсады. Биз оларды қаншама ҳүрмет етип, қәдирлесек азлық етеди. Өткен жылы, Кегейли районында фронт артында мийнет еткен жерлеслеримиздиң саны 12 болған болса, быйыл олардан 9 ы ғана арамызда бар. Оларға бүгинги заман ушын шексиз рахмет айтып, арамызда аман-саў жүриўин тилеймиз. Олардың ақ пәтиясы менен районымыз еле де раўажлана береди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
ХАЛҚАБАДТАН ҚАНША АДАМ КЕЛМЕДИ

Олар даңқлы жеңис күнин көрмеди...
Уллы Москва ҳәм кирттай Халқабад,
Бир елден жигирма миллион азамат
Жан берди, Ўатанын жаўға бермеди.
Айтып берер едим ҳәзир атма ат,
Халқабадтан қанша адам келмеди.

Қайтқан-қайтпағаны ҳәммеси батыр,
Ҳәр бири Рустемдей дәстанға татыр.
Беларусь жеринде ме,
Днепр бойында ма,
Қай жерде мәңгилик уйқыда жатыр?
Олар жығылса да алға өрледи.
Жанын берди,
Елин жаўға бермеди,
Кегейлиден қанша азамат кетип,
Халқабаттан қанша жигит келмеди.

Кимге перзент, кимге сүйген яр ма екен,
Қурбан бермеген үй табылармекен?
Алыстағы урыстың азабын тартпай,
Баўыры пүтин қалған адам бармекен?
Қанлы урыстың аўыр зардабы өтип,
Үй барма сынбаған ығбал шөлмеги?
Шымбайдан қаншама жигитлер кетип,
Халқабадтан қанша адам келмеди!

Уйықлаңлар! Батырлық жулдызларыңыз
Ўатан жүрегинде, төсинде сақлар.
Сиз бахтын қорғаған әўладларыңыз
Дүнья турғаншелли есинде сақлар.
Хожелиден қанша жигитлер кетип,
Төрткүлге қаншама мәртлер келмейди.
Олардың руҳын ел таўап етип,
Олар мәңги уйқылар, бирақ өлмейди.

Ибрайым ЮСУПОВ

8-май, 1975-жыл.