Kegeyli.uz/Рәсмий канал
7.07K subscribers
30.1K photos
3.07K videos
61 files
4.76K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
Усы жылдың 5-апрель куни райондағы пайызлы орынлардың биринде Жүзимбағ ҳәм Ийшан қала АПЖ аймағындағы 200 ге жақын пуқаралар ҳәм мәҳәлле нуранийлары ушын аўызашар дәстүрханы шөлкемлестирилди.

Аўызашар кешесинде, район ҳәкимлиги жуўапкерлери, диний тараў ўәкиллери ҳәм Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлими басшылары қатнасты. Илажда диний тараў ўәкиллери тәрепинен Қураны Кәрийм тиләўат етилип, халқымыз ушын қайырлы дуўалар қылынды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉
@kegeylirkuzofficial
#Кегейли_районы_ХББ

⚡️Педагог хызметкерлер ортасында "Саламат денеде - сапалы билим" сүрени астында өткерилген "Кәсиплик аўқамы кубоги" спорт жарысларында командалық есапта Кегейли районы Республикалық басқышта сыйлы екинши орынды ийеледи.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉
@kegeylirkuzofficial
Ҳүрметли электр энергиясы тутыныўшылары!

«Худудий электр тармақлары» АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалының 2023 жыл 29-март күнги №126 санлы телефонограммасына тийкар Кегейли 35/10 кВ подстанциясында гезектеги режели оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы  Абат мәкан, Мәденият, Жылӯан жап МПЖ, Ақтуба АПЖ  аймақларында 2023 жыл 6-апрель күни саат 09-00ден 18-00 аралығында  электр   энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

@kegeylirkuzofficial
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
📹 Бир жылда 500-600 млн сум дарамат аламыз — наманганлы гүлши қарақалпақларға сырларын айтты

«Баста гүлшиликти 1 соток жерде баслағанбыз. Бүгинги күнде 70 соток жерде жетистирип атырмыз. Жыллық дараматымыз 500-600 млн сум әтирапында.

1 соток жерден кеми 8 млн, көби 10 млн сум дарамат алыўға болады. Бунда ең қыйын процесс гүлди топырақ пенен «пакет» ыдысына отырғызыў. Қол мийнети көп талап етиледи. Айырым ўақытлары үйлердеги ыссыханаларға да беремиз, бул процессте 60-70 жумысшы бәнт етиледи», дейди наманганлы гүлши.

Алдын Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм камбағаллықты қысқартыў министрлиги ҳәм Мәҳәллебай ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде Беруний районы ҳәким жәрдемшилери Наманган ўәлаятына барғаны, буннан тысқары және бир гүлшиниң гүл арқалы 2 айда 17 млн сум таўып атырғаны бойынша да видео усынған едик.

👉🏻
@QR_ECONOMY
Хабарландырыў!

Ҳүрметли Кегейли район пуқаралары!


Сизлерди 11-апрель күни саат 9-00 де Кегейли районы Медицина бирлеспесинде өткерилетуғын "Саламатлық сейилине" мирәт етемиз!

Онда Ташкент қаласынан келген тәжирийбели шыпакерлерге көринип, денсаўлығыӊыз бойынша мәсләхат алсаӊыз болады.

Соныӊ менен бирге көшпели маммография, УЗИ ҳәм офтальмоскоп аппаратларына түсиў имканиятына да ийе боласыз. Өз денсаўлығынызға бийпарық болмаӊ!

@kegeylirkuzofficial
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Бийпарық_емеспен

Хожаахмет Хожамбергенов,
13-санлы мектептиң муғәллими

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
📹 Гүл арқалы 2 айда 17 млн сом таўып атырған наманганлы гүлши сырларын қарақалпақстанлыларға айтты

«Шаңарақта 10 перзентпиз, ҳәммемиз гүлшилик пенен шуғылланамыз. Егер бир шаңарақта 5 адам гүлшиликке берилсе, олар басқа жумыс ислеўи шәрт емес. Сол гүлшиликтиң өзи барлық қәрежетлерин қаплап береди.

Мысалы, 1 соток жерге 20 мың гүл егиўге болады. Егер барлық шығынларына шама менен 8 млн пул кеткенде де сол гүлден 25 млн табыўға болады, ал, шығынды алып тасласақ 2 айда 17 млн сап пайда қалып атыр. Егер қосымша 3, 4 жумысшы ислетсеңизде 3 млн бересиз, 14 млн қалып атыр. Ҳешким 14 млн сомды ҳәзир сыртқа шықса да ислеп келе алмайды», дейди наманганлы гүлши.

Алдын Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм камбағаллықты қысқартыў министрлиги ҳәм Мәҳәллебай ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде Беруний районы ҳәким жәрдемшилери Наманган ўәлаятына барғаны ҳаққында жазған едик.

👉🏻 @QR_ECONOMY
Sálem!

Siz 16-24 jastasız ba?
Shımbay, Kegeyli hám Qaraózek rayonlarında jasaysız ba?
Isbilermenlik kónlikpelerine iye bolıwdı qáleysiz be?
Siz hám siziń tanıslarıńız hár kúni dus kelip atırǵan mashqalaǵa innovaciyalıq sheshim tabıwdı qáleysiz be?
Ideyańızdı ámelge asırıw ushın grant hám de ekspertler kómegin alıwdı qáleysiz be?

🤝Doslarıńız benen birlesiń, dizimnen ótiń (USÍ JERGE BASÍŃ) hám isbilermenlikti rawajlandırıw boyınsha «UPSHIFT 2023» joybarında qatnasıń.

📌Bul baǵdarlama sizge tómendegi imkániyatlardı beredi:
✔️Jańa kásiplik kónlikpelerdi iyelew;
✔️ Sociallıq mashqalalardı sheshiw;
✔️ Innovaciylıq ideyalardı islep shıǵıw hám ámelge asırıw;
✔️Óz ideyańızdı ámelde sınaw hám ámelge asırıw ushın 1000 AQSh dollarına shekem qarjı jeńıp alıw;

🔥Imkániyatıńızdı qoldan shıǵarmań!
📜Tolıq maǵlıwmat @upshift2023_1 telegram toparında.

@kegeylirkuzofficial
🪧 Реклама қурылмаларын орнатып исбилерменлик басламакшысызба?

Қарақалпақстан Республикасы бойынша 83 реклама конструкцияларын орнатыў ушын жер участкалары e-auksion.uz да

▫️Нөкис қаласы 7 (қараңыз)
▪️ Әмиўдәрья районы 17 (қараңыз)
▫️ Бозатаў районы 2 (қараңыз)
▪️ Қараөзек районы 4 (қараңыз)
▫️ Кегейли районы 6 (қараңыз)
▪️ Қанлыкөл районы 10 (көриў)
▫️ Мойнақ районы 1 (қараңыз)
▪️ Нөкис районы 14 (қараңыз)
▫️ Тақыятас районы 8 (қараңыз)
▪️ Тахтакөпир районы 3 (қараңыз)
▫️ Хожели районы 5 (қараңыз)
▪️ Шымбай районы 2 (қараңыз)
▫️ Шоманай районы 4 (қараңыз)


Аймақлардан сыртқы реклама объектлерин жайластырыў хуқықын сатып алың!

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
Янги уй-жой қурилиши ва 2023 йил учун ипотека дастурини амалга ошириш бўйича ўтган видеоселектор йиғилишида белгиланган асосий вазифалар.

Батафсил — юқоридаги #инфографикада.

Facebook|Instagram|Twitter
Туман прокурори уйма-уй юриш орқали муаммо урганди

Бугун Кегейли тумани прокурори И.Абдуллаев томонидан 2-секторга қарашли Жылўан жап МФЙ ҳудудидаги А.Мамбетназаров кўчасида уйма-уй юриш орқали фуқаролар, кўча фаоллари ва ёшлар билан учрашув ўтказилди. Учрашувда фуқаролар томонидан томорқаларни сув билан таъминлаш, ички йўлларни таъмирлаш ва болалар майдончаларини қуриб бериш масаласидаги мурожаатлари тингланди ва шу куннинг ўзида тегишли ташкилотлар билан биргаликда ички йўлларни таъмирлаш ишлари бошлаб юборилди. Ёшлар томонидан контракт тўловлари ва имтиёзли кредит олиш бўйича мурожаатлари тингланди ва жойида ҳал қилинди.

Кегейли туман ҳокимлигининг ахборот хизмати
@kegeylirkuzofficial