Жоқарғы Кеңес Баслығы Қоструба аўылы турғынлары менен ушырасып, жақыннан сәўбетлести
Бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиз басшылығында орынларда пуқаралардың машқалаларына шешим табыў, олардың тәшўишлерин анықлаў, турмысында ушырасып атырған қыйыншылықларды жеңиллетиў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Усы мақсетте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев 2022-жылдың ноябрь айында Қоструба аўылы пуқаралары менен ушырасқан еди. Бүгин Жоқарғы Кенес Баслығы болып өткен ушырасыўда билдирилген мүрәжатлардың шешими ҳәм жуўапкерлерге берилген тапсырмалардың нәтийжесин көриў ушын Тахтакөпир районының Қоструба аўылына барды ҳәм елатта пуқаралар менен көрисип, жақыннан сәўбетлести.
Айтып өтиў орынлы, Жоқарғы Кеңес Баслығының алдынғы жеке қабыллаўында билдирилген мүрәжатлардың көпшилиги өз шешимин тапты. Соннан, аймақтағы 27 хожалыққа газ плитасын алып бериў мәселеси де шешимин таўып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен газ плитасы менен тәмийинленди. Мәҳәлле имаратын қурып бериў бойынша билдирилген мүрәжатта унамлы шешимин тапты.
Бүгинги ушырасыўда да бир қатар пуқаралардың тилек-өтинишлери тыңланды ҳәм өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен орнында шешип берилди.
Әлбетте, Президентимиз басшылығында алып барылып атырған ийгиликли реформалардың, әмелге асырылып атырған өзгерислердиң ҳәр бир шаңараққа жетип барыўын тәмийинлеў жолындағы жумыслар тураклы түрде даўам еттириледи.
Толық мағлыўмат
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

#Үлкемизде_Наўрыз
Аўызбиршилик, меҳир-мириўбет тымсалы болған Наўрыз бүгин халқымызды бирлестирип, татыўлықты беккемлемекте. Бүгин, Бахытлы МПЖ аймағындағы Ақжол, Күн шығыс ҳәмде Қурылысшы көшелеринде аймақ турғынлары "Наўрыз сүмелеги" таярланбақта.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң
Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial

Dıqqat, tanlaw ! Húrmetli student jaslar
📌 Xalıqaralıq Araldı qutqarıw qorı atqarıw komitetiniń Nókis filialı hám Joqarı bilimlendiriw, ilim hám innovatsiyalar ministrliginiń Qaraqalpaqstan Respublikası aymaqlıq basqarması menen birgelikte
🏛 Qaraqalpaqstan Respublikası joqarı oqıw orınları studentleri arasında
🌊 «ARALBOYÍ AYMAǴIN RAWAJLANDIRIWDA INNOVATSION SHESHIMLER» atamasındaǵı eń jaqsı innovatsion ideya tanlawdı ashıq dep jariyalaymız 😎
💰Respublika basqıshı jenimpazlarına eń jaqsı joybar iyelerin pullı sıylıqlar kútpekte
🥇1-orın ushın
🥈2-orın ushın
🥉3-orın ushın
Tolıq: 👉 https://aralfondnf.uz/qq/news.php?id=38
Telegram | Instagram

10 000 000 sum
🥈2-orın ushın
5 000 000 sum
🥉3-orın ushın
3 000 000 sum
Tolıq: 👉 https://aralfondnf.uz/qq/news.php?id=38
Telegram | Instagram
#Спорт_жетискенлиги
2023-жыл Термиз қаласында жоқары оқыў орынлары студентлери арасында спорттың бадминтон түринен өткерилген "Универсиада" спорт жарысында Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы қатнасты. Бадминтон бойынша сайланды команда қурамыны ағзаларының дерлик басым көпшилиги Кегейли районы спортшыларынан ибарат болып, олардан Мирбек Сапарбаев ҳәм Бахтияр Султамуратовлар ҳәзирги ўақытта ҚМУ студентлери. Жерлеслеримиз универсиада жарысларында сыйлы 3-орынды ийелеп, районымыз абырайын мүнәсип қорғап, устазларының исенимин ақлай алды. Спортшыларды жарысқа тренерлери Саламат Бекполатов ҳәм Бабанияз Сейтмуратовлар таярлады.

Кегейли районы «Қумшүнгил» АПЖ аймағында 2023-жыл 16-март күни саат 09:10 ден 18:00 ге шекем 140-санлы трансформатор пунктинен шығыўшы 0,4 кВ ҳаўа тармағында киши оңлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.
Кегейли районы «Жаңабазар» АПЖ аймағында 2023-жыл 16-март күни саат 09:15 ден 18:00 ге шекем 51-санлы трансформатор пунктинен шығыўшы 0.4 кВ ҳаўа тармагында киши оңлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.
Кегейли районы «Жалпақ жап» АПЖ аймағында 2023-жыл 16-март күни саат 09:20 ден 18:00 ге шекем 252-санлы трансформатор пунктинен шығыўшы 0.4 кВ ҳаўа тармағында киши оңлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Жасыл_мәкан
#Кегейли
Кегейлиде "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде нәл жетистириў, егиў ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта.
@kegeylirkuzofficial
#Кегейли
Кегейлиде "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде нәл жетистириў, егиў ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта.
@kegeylirkuzofficial
#Бир_мүрәжат_шешими
Бугин Кегейли районы Прокуроры 2-секторға қараслы «Жаңабазар» АПЖ аймағындағы «Уйғур» аўылы пуқаралары менен ушырасты. Ушырасыўда аўыл пукаралары сектор баслығына өзлерин көптен берли қыйнап киятырған электр энергиясының қуўатлылылығы аз екенлиги бойынша өз машқалаларын билдирди. Машқала район прокуроры басшылығында мүрәжат орнына шығып үйренилип, ескирген электр сымларының орнына жаңадан заманагөй сип кабеллери тартып берилип, усы аймақтағы 20 хожалықтын электр энергиясының қуўатлылығы жақсыланды ҳәм мүрәжат унамлы шешимин тапты.

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#befarqemasman
Мен фарзандларимнинг умуминсоний ва миллий қадриятларимиз асосида шаклланишини, етук инсонлар бўлишини истайман. Шунинг учун ҳам Ўзбекистоннинг дунёвий ва ҳуқуқий давлат эканлигини янгиланаётган Конституцияда мустаҳкамлаш зарур, деб ҳисоблайман. Мен бефарқ эмасман!
Барчангизни “Мен бефарқ эмасман” челленжида қатнашишга чорлайман!
#befarqemasman
Сиз ҳам бефарқ бўлманг!
Bobur BEKMURODOV

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ гезексиз қырқ екинши сессиясыныӊ ашылыўы ҳаққында
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз қырқ екинши сессиясы 2023-жыл 17-март күни саат 10:00 де Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында ашылады.
Сессия Жоқарғы Кеңестиң facebook каналы ҳәм «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирге бериледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз қырқ екинши сессиясы 2023-жыл 17-март күни саат 10:00 де Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында ашылады.
Сессия Жоқарғы Кеңестиң facebook каналы ҳәм «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирге бериледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Жоқарғы Кеңес Баслығы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде өткерилген Наўрыз байрамы салтанатына қатнасты
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Ҳәр күниң Наўрыз болсын, жанажан Өзбекстаным!» сүрени астында байрам салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, бүгинги күнде елимизде жасларға жаратылып атырған имканиятлар, студент-жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында ҳүрметли Президентимиз басшылығында әмелге асырылып атырған жумысларды атап өтти. Жоқарғы Кеңес Баслығы өз сөзинде миллий байрамымыз, жаңарыў ҳәм жасарыў паслының гүлтажы болған наўрыз байрамы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Байрам илажы даўамында Жоқарғы Кеңес Баслығы университет факультетлери тәрепинен таярланған миллий тағамлар менен безетилген дәстүрханлар әтирапында жаслар менен ушырасып, оларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.
Талантлы жаслар тәрепинен миллий үрп-әдет, дәстүрлер, аяқ-ойынлар атқарылып, миллетлер аралық татыўлықты жырлайтуғын қосықлар атқарылды ҳәм жыйналғанларға байрам кейпиятын инәм етти.
«Ҳәр күниң Наўрыз болсын, жанажан Өзбекстаным!» сүрени астында байрам илажлары жоқары оқыў орынлары, сондай-ақ, республикамыздың барлық орынларында көтериңки түрде даўам еттирилмекте.