Kegeyli.uz/Рәсмий канал
7.06K subscribers
28K photos
2.82K videos
57 files
4.34K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
ҚУТЫРЫЎ КЕСЕЛЛИГИНЕН САҚЛАНАЙЫҚ!

Қутырыў кеселлиги - ҳайўанлар ҳәм адамларда ушырасатуғын, нерв системасының аўыр жарақатланыўы менен болатуғын, сондай-ақ, өлим менен жуўмақланатуғын жүдә қәўипли жуғымлы кеселлик болып есапланады.
🔹КЕСЕЛЛИК АДАМҒА ҚАЛАЙЫНША ЖУҒАДЫ?
Адамға қутырыў кеселлиги, сол кеселликке шалынған ҳайўанлардың тислеўи, тырнаўы соның менен бирге жарақатланған териге ҳәм шыллық қабатларға силекейиниң түсиўи арқалы жуғады. Кеселлик жүдә аўыр өтип, ҳәрдайым өлим менен тамамланады.
🔹ҚУТЫРЫЎ КЕСЕЛЛИГИНЕ ШАЛЫНҒАН ҲАЙЎАНЛАРДА БАҚЛАНАТУҒЫН БЕЛГИЛЕР:
Ҳайўанның топылыс жасаўы болып, дус келген ҳайўанлар ҳәм адамларға тасланады, тислеўге, тырнаўға ҳәрекет қылады;
Жарықлықтан қорқады, қаранғыға умтылады, ийеси шақырғанда келмейди;
Аўқатланыўдан бас тартады, туўры келген буйымды аўзына салады, жутады, кейиншелик жутыныўы қыйынласады, аўзынан жүдә көп муғдарда силекей ағып шығады, тынышсызлық гүзетиледи, даўысы буўылып жоқ бола баслайды, артқы аяқлары жүрмей қалады. Кеселлик ҳайўанларда да өлим менен тамамланады.
❗️ЕГЕРДЕ СИЗ ӨЗ ИЙТ ҲӘМ ҮЙ ҲАЙЎАНЫҢЫЗДА ЖОҚАРЫДА АЙТЫП ӨТИЛГЕН БЕЛГИЛЕРДИ ГҮЗЕТСЕҢИЗ ДӘРҲАЛ РАЙОНЛЫҚ ВЕТЕРЕНАРИЯ ҲӘМ ШАРЎАШЫЛЫҚТЫ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ БӨЛИМИНЕ ЯМАСА РАЙОНЛЫҚ АБАДАНЛАСТЫРЫЎ БАСҚАРМАСЫ(ҚАРАЎСЫЗ ҚАЛҒАН ҲАЙЎАНЛАРДЫ ТУТЫЎ БРИГАДАСЫ)НА МҮРӘЖАТ ЕТИҢ!
👉 ЯДЫҢЫЗДА САҚЛАҢ !

Ийтти ҳәрдайым байланған ҳалда сақлаў, көшеге шығылғанда тумсық ременин тағыў, ийтти түнги ўақытта көшеге шығармаў;
Перзентлериңизди қараўсыз қалған ҳәм бийтаныс ийтлер менен ойнаўына ҳәм оларды үйге алып кириўине жол қоймаў;
Ийтти өз ўақтында районлық ветеренария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлимине алып барыў, ҳәр жылы оны ветеренария тексериўинен өткерип, қутырыўға қарсы емлеў.
‼️ ЕГЕР, СИЗДИ ҲАЙЎАН ТИСЛЕСЕ ЯКИ СИЛЕКЕЙИ ЖАРАҚАТЛАНҒАН ТЕРИ ҲӘМ ШЫЛЛЫҚ ҚАБАТЫҢЫЗҒА ТҮССЕ, БУНДАЙ ЖАҒДАЙДА СИЗ МЕДИЦИНАЛЫҚ ТЕЗ ЖӘРДЕМИНЕ (тел: 103) МҮРӘЖАТ ЕТИЎИҢИЗ ҲӘМ ҚӘНИГЕ ШЫПАКЕРДИҢ УСЫНЫСЫ БОЙЫНША ҚУТЫРЫЎҒА ҚАРСЫ ӨЗ ЎАҚТЫНДА ҲӘМ ТОЛЫҚ ЕМЛЕНИЎИҢИЗ ЗӘРҮР.

Кегейли районы Айрықша жағдайлар бөлими
Forwarded from Karakalpakstan.uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
no comment | Аҳоли хонадонларида газ ва электр таъминоти яхшиланмоқда
#19jan #uzbekiston24

mtrk.uz | Youtube | Facebook | Telegram | uztv.tv | TV-dastur
Автомобиллерге жанар май ҳәмде суйылтырылған газ қуйыў шақапшаларында Айрықша жағдайлардын алдын алыў илажлары көрилмекте.

Район аймағында жайласқан автомобиллерге жанар май ҳамде суйылтырылған газ қуйыў шақабшаларында өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде район АЖБ хызметкерлери тәрепинен үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

Ҳүрметли пуқараларымыздан, автомобиль басқарыўшыларынан шақапша әтирапларында айрықша жағдайлардың ҳәмде өрт қәўпиниң алдын алыўда темеки өнимлерин шекпеўин сорап қалар едик.

Кегейли районы Айрықша жағдайлар болими
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Bank plastik kodın heshkimge bermeń!
Kanalǵa aǵza bolıw: https://t.iss.one/qriim
❗️ Жаслар парламенти сайлаўында белсенди қатнасың!

❗️ Мақсетимиз жасларымызды парламент пенен және де жақынластырыў, жәмийетте жаслардың сиясий белсендилигин арттырыў.

Сайлаў еки ярым жылда 1 мәрте 3 басқышта өткериледи.

1️⃣ - басқыш тийисли округтағы районларда таңлап алыў арқалы шөлкемлестириледи (23-январь – 6 февраль аралығында);

2️⃣ - басқыш партияның Қарақалпақстан Республикасы басқышы бойынша өткериледи (6-15 февраль аралығында);

3️⃣ - басқыш яғный жуўмақлаўшы (республика) басқышы (15-22 февраль аралығында) өткерилиўи режелестирилген.

☎️ Толық мағлыўматлар алыў ушын:

O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси (61) 224-17-05, (91) 370-75-00

Беруний районы (99) 068-90-39
Кегейли районы (93) 715-65-82
Қараөзек районы (93) 208-82-50
Тахтакөпир районы (93) 487-10-57
Тақыятас районы (90) 714-30-17
Төрткγл районы (94) 458-19-71
Хожели районы (91) 302-40-35
Шымбай районы (97) 788-61-94
Шоманай районы (91) 303-70-80

📌 Нызамды жγклеп алыў ушын 👇👇👇
https://uzlidep.uz/uz/news-of-party/13812.
#Қабыллаў
ПРОКУРОРДЫҢ ҚАБЫЛЛАЎЫ ҚУЯШЛЫДА ӨТКЕРИЛДИ

Бүгин 2-сектор аймағындағы Қуяшлы мәкан пуқаралар жыйынында район прокуроры, 2-сектор баслығы И.Абдуллаевтың басшылығында аймақта жасаўшы пуқаралардың мүрәжатларын қабыл етиў бойынша нәўбеттеги көшпели қабыллаўы шөлкемлестирилди.

Қабыллаў даўамында пуқаралар тәрепинен аймақты социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарында әмелге асырылыўы лазым болған бир қатар усыныслар атап өтилди.

Соның менен бирге айырым пуқаралар өзлериниң күнделикли өмиринде ушырасып атырған турмыслық машқалаларының унамлы шешими ушын әмелий жәрдем сорап мүрәжат жоллады.

Пуқаралардан келип түскен түрли мазмундағы жәми 8 мүрәжат сол орынның өзинде тийисли тараў басшыларының қатнасыўында ҳәр тәреплеме үйренилди ҳәм олардың өз мүддетлеринде унамлы шешилиўи тийисли тәртипте қадағалаўға алынды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
#Mobil_foto
Қәўендерлер шаңарақлардан хабар алмақта

Бүгин Кегейли районы ҳәкиминиң биринши орынбасары М.Ниязов "Меҳир ҳәрекети" шеңберинде өзине бириктирилген хожалықлар, Қуяшлы МПЖ Арал көшесинде жасаўшы Б.Тилепов ҳәм А. Байниязовлардың шаңарағынан хабар алды. Шаңарақ ағзалары менен сәўбетлесип, олардың комуналлық хызметлерден пайдаланыўдағы машқалаларын үйренди. Сәўбет даўамында шаңарақ ийелери жеткерип берилген азық-аўқат ҳәм көмир өнимлери жеткиликли екенлигин, комуналлық хызметлерден қарыздарлығы жоқ екенлигин атап өтип, қыстың суўық күнлеринен аман алып шығыў ушын ғамхорлық көрсетип атырған елимиз басшыларына миннетдаршылықларын билдирди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 22-сентябрь күнги «Өзбекстан Республикасында идентификация ID-карталарын енгизиў иләжлары ҳаққында» ғы  ПП-6065-санлы пәрманының 5-бәнтинде Өзбекстан Республикасы пуқараларының биометрик паспортларын идентификация             ID-карталарына алмастырыў ўақытлары белгилеп берилген.
Соған тийкар идентификация ID-карталарына алмастырыў ўақытларының екинши басқышында  «2023-жыл 1-январьдан 2030-жыл 31-декабрьге шекем мәжбүрий тәртипте әмелге асырылады» деп көрсетип өтилген.
Егер де усы ўақыт аралығында идентификация ID-карталарын алмастырмаған пуқаралар Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 223-статьясы 1-бөлиминде ҳақыйқый болмаған (мүддети тамамланған) паспорт ушын базалық есаплаў муғдарының екиден бир есесинен үш есесине шекем жарийма қолланылыўы белгиленген.
Сол себепли алды менен 2013-жылы биометрик паспорт рәсмийлестирген пуқараларды пуқаралық идентификация ID-картасын белгиленген ўақтында рәсмийлестриўи ушын район ИИБ МҳПРБ не мүрәжат етиў кереклигин ескертемиз.
Пуқараларымыз өзлери менен бирге пуқаралық идентификация ID-картасы ушын биометрик паспортларын алып келиўи ҳәм Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында» ғы  нызамында белгилеп берилген базалық есаплаў муғдарының 89 пайызы мәмлекетлик бажы төлемин төлеўи кереклигин сораймыз.

Кегейли районлық ИИБ Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимшеси
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
❗️Барлық жоқары оқыў орынлары, орта арнаўлы, улыўма билим бериў ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде 2023-жылдың 23-январь сәнесинен басланыўы белгиленген.

Нөкис қаласында көплеген оқыў орынлары жайласқанлығы себепли, жолаўшылар ағымыныӊ кɵбейиўине алып келеди.

Сонлықтан транспортлар санын кɵбейтиў ҳәм қатнаўдағы үзилислердиң алдын алыў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының тапсырмасы менен тек ғана белгиленген муғдардағы автобуслар ушын қысылған газ (метан) шақабшалары ашылатуғынлығын мәлимлеймиз.

Мәмлекетлик уйымларға тийисли болған қосымша 15 дана автобуслар халқымызға хызмет көрсетиў ҳәм транспорт қатнаўын үзликсиз тәмийинлеў мақсетинде ажыратылады.

🙏Автобуслар газ куйып атырған шақабшалар әтирапында жыйналмаўыңызды сораймыз.

⚡️Жақын арада бәрше автотранспортлар ушында қысылған газ (метан) шақабшалары ашылыўы күтилмекте.

Қ Р Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:@kegeylirkuzofficial
ҲУРМАТЛИ ЭЛЕКТР ЭНЕРГИЯСИ ИСТЕЪМОЛЧИЛАРИ!

“Ҳудудий электр тармоқлари” АЖ жорий йилнинг 25 январь кунидан бошлаб электр энергиясини ҳисобга олиш ва назорат қилишнинг автоматлаштирилган тизими (АСКУЭ) қайта ишга туширилишини маълум қилади.

Мазкур тизимнинг қайта ишга туширилиши натижасида қарздорлик туфайли хонадонгизда электр энергияси таъминотида узилишлар бўлишини олдини олиш мақсадида фойдаланилган электр энергияси учун мамлакатимизда мавжуд тўлов тизимлари ( Click, Payme, Paynet) ҳамда банкларнинг мобил иловалари орқали уйдан чиқмасдан туриб тўловларни амалга ошириш имконияти мавжудлигини яна бир бор эслатиб ўтамиз.

Эслатма: Республикамизда электр энергиясини ҳисобга олиш ва назорат қилишнинг автоматлаштирилган тизими (АСКУЭ)ни жорий этилиши муносабати билан қарздорлар автоматик тарзда тармоқдан узилади.
"Ҳудудий электр тармоқлари" АЖ
ХАБАРЛАНДЫРЫӮ

Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң тапсырмасына тийкар Қарақалпақстан Республикасында жолаўшы тасыў хызмети сыпатын жақсылаў мақсетинде Республикамызға 150 ден аслам автобус ажыратылыўы күтилмекте. Усы автобусларды айдаўшылар менен тәмийнлеў мақсетинде «D» категориясындағы айдаўшылық гуўалығына ийе болған айдаўшылардың резерви шѳлкемлестирилмекте. Сол себепли тѳмендеги үлги тийкарында мағлыўматларды Қарақалпақстан Республикаси Транспорт министрлиги @kr_mintrans_bot каналына тапсырыўыңыз мүмкин.

1. Ф.И.О
2. Айдаўшылық гуўалығы берилген сәне
3. Айдаўшылық гуўалығының әмел қылыў мүддети
4. Айдаўшылық гуўалығының рухсат етилген категориясы
5. D-категориясында айдаўшылық пенен ислеген жумыс хызметиниң мүддети
6. Телефон номери

Қ Р Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың
👇👇👇
Telegram |📱 Facebook | 🌐 Web sayt
ҲУРМАТЛИ ЭЛЕКТР ЭНЕРГИЯСИ ИСТЕЪМОЛЧИЛАРИ!

“Ҳудудий электр тармоқлари” АЖ жорий йилнинг 27 январь кунидан бошлаб электр энергиясини ҳисобга олиш ва назорат қилишнинг автоматлаштирилган тизими (АСКУЭ) қайта ишга туширилишини  маълум қилади.

Мазкур тизимнинг қайта ишга туширилиши натижасида қарздорлик туфайли хонадонингизда электр энергияси таъминотида узилишлар бўлишини олдини олиш мақсадида фойдаланилган электр энергияси учун мамлакатимизда мавжуд тўлов тизимлари (Click, Payme, Paynet) ҳамда банкларнинг мобил иловалари орқали уйдан чиқмасдан туриб тўловларни амалга ошириш имконияти мавжудлигини яна бир бор эслатиб ўтамиз.

Эслатма: Қарздорлариги мавжуд истеъмолчилар автоматик тарзда тармоқдан узилади.

"Ҳудудий электр тармоқлари" АЖ
#Mobil_foto
Медицинада жаңалық!

Кегейли  районы  медицина  бирлеспесиниң Туўыў  үйи бɵлимине Япония  мәмлекети тәрепинен ажыратылған   грант қаржылары есабынан жеңип алынған улыўма баҳасы  91,700 доллорды (1 млрд сўмды) қурайтуғын үскенелер алып келип орнатылды.

Сүўретте Япониялы грант жойбары кординаторы Маряума Нана, Камила Абдунабиева ҳәм медицина бирлеспесиниң мийнет жәмәәти.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
2023-2026 йилларда фтизиатрия ва пульмонология хизматини янада ривожлантиришга қаратилган чора-тадбирлар тўғрисида

2023-2026-жыллары фтизиатрия ҳәм пульмонология хызметин және де раўажландырыўға қаратылған илажлар ҳаққында

О мерах по дальнейшему развитию службы фтизиатрии и пульмонологии в 2023–2026 годах


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Спиртли  ишимликлер ишиўге әдетленген ҳаялға суд қарар етеди

Толық оқыў ушын

Сайт | Telegram | Facebook