Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.93K subscribers
28.4K photos
2.87K videos
57 files
4.42K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Кегейлиде 106 жасқа субсидия ажыратылды.

@kegeylirkuzofficial
Кегейли  районы  «Жылўан жап» МПЖ  аймағында  2023-жыл 4-январь  күни саат 10:00 ден  18:00 ге шекем 403-санлы трансформатор  пунктинен шығыўшы 0.4 кВ ҳаўа тармағында киши оңлаў  жумыслары өткерилиўине байланыслы  электр   энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.
e-auksion.uz платформасы арқалы 1858 артық көшпели саўда жерлерин ижараға алыӊ!

🟢
Нөкис қаласы 494 (қараңыз)
🟢 Әмиўдәрья районы 76 (қараңыз)
🟢 Беруний районы 13 (қараңыз)
🟢 Бозатаў районы 109 (қараңыз)
🟢 Қараөзек районы 96 (қараңыз)
🟢 Кегейли районы 70 (қараңыз)
🟢 Қоңырат районы 89 (қараңыз)
🟢 Қаңлыкөл районы 100 (қараңыз)
🟢 Мойнақ районы 110 (қараңыз)
🟢 Нөкис районы 126 (қараңыз)
🟢 Тақыятас районы 98 (қараңыз)
🟢 Тахтакөпир районы 105 (қараңыз)
🟢 Төрткүл районы 75 (қараңыз)
🟢 Хожели районы 96 (қараңыз)
🟢 Шымбай районы 98 (қараңыз)
🟢 Шоманай районы 65 (қараңыз)
🟢 Елликқала районы 38 (қараңыз)

e-auksion.uz
👇Хабардар болыў ушын👇
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
"Док-1 Макс" дәри ɵнимлеринен пайдаланбаў бойынша районымызда үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта

Атап айтқанда, Кегейли районында сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары ҳәм басқа да жуўапкерлер орынларға шығып, түсиндириў ҳәм үйрениў жумыслары алып барылмақта.
Район ҳәкиминиң орынбасары Г.Хожамбергенова Бахытлы МПЖ аймағында жайласқан дәриханаларда болып, ол жерде "Док-1 Макс" дәри ɵниминиң сатылыўын шеклеў бойынша түсиндириў жумысларын алып барды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Хабарландырыў

2023-жыл 5-январь күни тәбийий газ тармақларында оңлаў жумысы алып барылыўына байланыслы Бахытлы МПЖ ҳәм Ийшан қала АПЖда 14:00 ден 17:00 ге шекемги аралықта тәбийий газ бенен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылатуғынлығын хабарлаймыз.

@kegeylirkuzofficial
Кегейли районы «Жаңабазар» АПЖ аймағында 2023-жыл 5-январь күни саат 09:40 ден 18:00 ге шекем 61-санлы трансформатор пунктинен шығыўшы 0.4 кВ ҳаўа тармағында киши оңлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.
Кегейли районы «Ишан-қала» АПЖ аймағында 2023-жыл 5-январь күни саат 09:40 ден 18:00 ге шекем 125,126-санлы трансформатор пунктинде киши оңлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.
Кегейлиде 8 ҳаял-қыз өзин-өзи бәнтлеў имканиятына ийе болды

Жумыссыз ҳаял-кызларға ɵнер сырларын үйретиўди мақсет еткен "ДАРИГУЛ АФИЗА ФИРМАСЫ" ЖШЖ Кегейлиде жасаўшы жумыссыз ҳаяллардың ɵзин-ɵзин бәнтлеўи ушын саўаплы иске қол урды.

Шымбай районында мийирбийкелик, ɵнерментшилик, тоқымашылық ҳәм тигиўшилик жɵнелислеринде ҳаял-кызларды оқытып, ɵнер үйрениўине кɵмеклесип киятырған оқыў орайы баслығы А.Джумамуратова Кегейлиде жасаўшы  8 ҳаял-қызға  үй шараятында түрли кондитер өнимлерин таярлаўы ушын электр печлерин қайырқомлық илажы есабынан тапсырды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
"Док-1 Макс" дәри ɵнимлеринен пайдаланбаў бойынша Кегейли районында үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта

4-сектор баслығы Ғ.Қадиров Ақтуба АПЖ аймағында жайласқан шипәкерлик пункитинде болып, ол жерде "Док-1 Макс" дәри ɵниминиң сатылыўын шеклеў бойынша түсиндириў жумысларын алып барды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Расмий хабар: қишки таътил узайтирилди

Ўзбекистонга аномал совуқ об-ҳаво кириб келиши муносабати билан барча бўғиндаги таълим муассасаларида қишки таътил муддати 17 январга қадар узайтирилди.

Ўқув машғулотлари 18 январь, чоршанба кунидан бошланади.

🔻Ўзбекистоннинг ягона расмий ахборот агентлиги

Тelegram | Facebook | Instagram | You Tubе
#Бир_мүрәжат_шешими
Район ҳәкимлиги жас шаңарақтың неке тойын өткериўге жәрдемлести

Пуқаралардың мүрәжаты тийкарында көрсетилип атырған әмелий жәрдемлер бүгин олардың мүшкилин жеңил етиўге хызмет етип атыр.

Гүжим терек мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы пуқара Т.Матсапаева район ҳәкимине хожалық жағдайларынан келип шығып, жалғыз ул перзентиниң неке тойын өткериўде әмелий жәрдем сорап мүрәжат еткен еди.

Оның мүрәжаты унамлы шешилип, бүгин пайызлы орынлардың биринде перзентлериниң неке тойы өткерилип берилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial