КЕГЕЙЛИДЕ "ҮШ ӘЎЛАД УШЫРАСЫЎЫ" ӨТКЕРИЛДИ
Кеше, бүгин ҳәм келешек. «Үш әўлад ушырасыўы» деп аталатуғын бул сɵзде үлкен мәни бар. ϴтйкени, жасы үлкенге ҳүрмет, жас кишиге иззет көрсетиў халқымызға тән пазыйлетлерден. Соӊғы жыллары елимизде бул дәстүр аўладтан-әўладқа даўам етип, үш әўладты бирлестирмекте.
Бүгин районымыздың пайызлы орынларының биринде “Үш әўлад ушырасыўы” илажы өткерилди. Илажды Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов кирис сɵз бенен ашып, турмысымызда үлкен тәжирийбе мектебин жаратып үлгерген нураныйларымыздың ɵмир жолы менен мол турмыс тәжирийбеси бүгинги әўладқа ɵрнек болатуғынлығын айрықша атап ɵтти.
Илаж даўамында бир қатар нураныйларымыз ϴзбекстан Республикасы Конституциясының 30 жыллығы естелик белгиси ҳәм естелик саўғалары тапсырылды ҳәм илаж концерт бағдарламасы менен даўам еттирилди.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси кометит баслығы Д.Қурбаниязов қатнасты.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial